Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:40:29, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАР ТАРАЎДЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎҒА ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

Баспа ҳәм полиграфия тараўын қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў, баспа өнимлериниң базарын раўажландырыў бойынша кең көлемли ҳәм системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Буның айқын мысалы сыпатында 2020-жылдың 16-март сәнесинде Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Баспа ҳәм полиграфия тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарын атап көрсетиў мүмкин.

Бул қарардың тийкарғы мақсети — баспа ҳәм полиграфия шөлкемлери арасында бәсеки орталығын күшейтиўден, авторлық ҳуқықы бузылыўының алдын алыўдан, сапасыз өнимлер ислеп шығарылыўын шеклеўден, сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды басып шығарыў тәртибин қайта көрип шығыўдан ибарат.

Демек, қарар талаплары бойынша:

  1. «ИЖОД» фондына баспалар салық төлемейтуғын болды. Яғный, буннан алдын баспалар усы фондқа түсимнен 1 проценти қаржысын өткеретуғын еди.
  2. Баспалардың жумысын лицензиялаў бийкар етиледи. Яғный, қәлеген исбилермен баспа ямаса полиграфия кәрханасын ашпақшы болса, лицензия аламан деп әўере болмайды, ҳүжжет топлап жүрмейди. Өзи қәлеген ўақтында ашады, бул туўралы Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигин хабардар етип, жумысын ислей береди.
  3. Баспалар сабақлықлардан көретуғын пайданы өзи белгилейди. Бурынлары сабақлық басып шығарғанда «пайда тек 15 процентке шекем» деген шеклеў бар еди. Енди пайданы базар белгилейди.
  4. Өзимизде қағаз ислеп шығарылыўы мүмкин. Баспалар ушын зәрүр шийки зат өнимлерин (қағаз, картон, бояў ҳәм желим) ислеп шығарыўды локализациялаў бағдарламасы ислеп шығарылады. Буның ушын ти­йисли шөлкемлерге ўазыйпалар жүклетилген.
  5. Баспа ҳәм полиграфия тараўында нызам бузылыў жағдайлары ушын жуўапкершилик күшейтиледи. Тийкарында, бул оғада әҳмийетли нәрсе. Себеби, ҳәзирги ўақытта да китап базарында контрафакт өнимлер ушырасып турады. Бул қарарда болса, баспа ҳәм полиграфия тараўында нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын жуўапкершиликти кү­шейтиў бойынша Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигине Әдиллик министрлиги менен биргеликте нызам жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы жүклетилген.

Жуўмақлап айтқанда, баспа ҳәм полиграфия тараўында мәмлекеттиң араласыўын кескин азайтыў, сондай-ақ, тараўда қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, билимлендириў мәкемелери ушын сапалы сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбалардың жеткерилиўин тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген бул қарар усы тараўдың буннан былай да раўажланыўына үлкен үлес қосатуғыны сөзсиз.

А.Бекмуратов,

Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба

коммуникациялар басқармасы баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF