Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:28:20, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРОНАВИРУС:  ПАЙТАХТЫМЫЗДА ҚАНДАЙ ИЛАЖЛАР АЛЫП БАРЫЛМАҚТА

Хабарыңыз болғанындай, ҳәзир дүнья бойлап коронавирус инфекциясының (COVID-19) тарқалыўы халқымызды да қәўетерге салмақта. Усыған байланыслы Нөкис қалалық санитария-эпидемиология тынышлық орайының эпидемиология бөлими баслығы Дильфуза Тәңирбергеновадан пайтахтымызда усы инфекцияның тарқалып кетпеўиниң алдын алыў мақсетинде қандай жумыслар алып барылып атыр­ғаны ҳаққында сорадық.

­ Ең биринши гезекте бизлер халық көп жыйнал­атуғын орынларда, яғный, Жийдели-Байсын елатындағы ҳәм арқа автовокзалларда жайласқан маршрут, автобуслар, Нөкис халық­аралық аэропорты, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жатақханасы, Мәмлекетлик хызмет орайы, бирнеше банклер ҳәм тағы да басқа билим журтларының ишки тәреплерин инфекцияға қарсы дәриледик. Дәриниң қурамы АВК хлоры болып, ол күшли инфекция, вирус, микробларды жоқ етиў қәбилетине ийе. Негизинде инфекция қуяш нуры түспейтуғын орынларда белгили ўақыт сақланыў күшине ийе болады, айтайық, инфекцияланған адам түшкиргенде, жөтелгенде бул инфекция еки метр­ге шекем жетип барады. Сонлықтан, бөлмелердиң ишин тез-тезден самаллатыў, қолды сабын менен жақсылап жуўыў, сийледен сегиз қабатта маскаларды тағып, оларды үш саатта алмастырып турыў ҳәм кир сабын менен жуўылыў талап етиледи. Усы орында бир нәрсени еслетип өтпекшимен, дәриханаларда сатылып атырған бир мәртелик маскалар дени саў адамды инфекциядан қор­ғамайды, ол негизинде инфекция менен кеселленген адам ушын арналған.

Инфекцияны анықлаўдың ең биринши усылы, әсиресе, аэропортта сырттан келген пуқараларды аралықта турып олардың темперетурасын өлшеп атырмыз, гүман етилген пуқара 14 күн бақлаў астында болады. Ҳәзирги күнде сырттан келген 42 пуқара бақлаўда, соннан  22 си мүддети питип, кеселлик жоқ екени анықланды. Ҳәзирше республикамызда бул вирус пенен кеселленгенлер жоқ.

Негизинде халқымыз коронавирус инфекциясынан ҳаўлықпаўы керек, себеби, қәтержамлықтың да өзи бир ем деген гәп бар. Ең баслысы, адамлар көп жыйналған орынлардан аўлақ болыў, жеке гигиенаға қатаң әмел етиў, қуяш нуры астында көбирек жүриў керек, өйткени, күнниң нуры ҳәр қандай инфекцияны жоқ етеди;

Сондай-ақ, «Нөкис Халықаралық аэропорты» ЖШЖниң саламатлық пунк­тиниң бөлим баслығы Гүлзамира Жумабаева бул кеселликке қарсы дезинфекция жумыслары ҳаққында айтып берди.

­ Коронавирус инфекциясы Өзбекстан пуқарасында анықланғалы берли, пайтахтымыздағы барлық халықаралық ушыўлар тоқтатылды. Тек Нөкис-Ташкент, Ташкент-Нөкис рейс­лери күнине еки мәрте әмелге асырылмақта. Пуқаралар келгенде, кеткенде биринши орында аралықта турып, олардың температурысын өлшеймиз, ал, самолёттан түскен ўақтында дезбарьерлер (гилемше болып, оған хлор себилген) төселеди, онда пуқараның аяғы гилемшеге басылады ҳәм барлық инфекциялар жоқ болады. Январь айынан баслап аэропорттың ишин дезинфек­циялаў жумысы қатаң тәртипте әмелге асырылмақта. Бул жумыслар республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасынан арнаўлы түрде шақырылған шыпакерлер менен биргеликте алып барылмақта. Хызметкерлеримиз арнаўлы түрде сийледен тигилген 8 қабатлы маскалар менен тәми­йинленген. Самолёт қон­ғанда пуқараларды медициналық тексериўден өткергенде ишки хызметкерлерди инфекциядан қатаң қорғаныў илажларын да әмелге асырамыз. Самолёт ушқанда, қонғанда барлық орынлар хлор менен жуўылып, хызметкерлер антисептикалық қорғаныў усылларынан пайдаланбақта. Жақында Нөкис қалалық санитария-эпидемиология тынышлық ора­йының эпидемиолог шыпакерлери келип, аэропорттың барлық орынларын АВК хлоры менен дәриледи. Лекин, бир нәрсени анық айтып өтпекшимен, ҳәр қандай жағдай бийпәр­ўалықтан басланады, соның ушын, үлкен итибар, жоқары жуўапкершилик барлық аўырманлықты жеңип өтеди, - дейди ол.

 

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF