Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:52:11, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БУҒАН ҚАЛАЙ ЕРИСИЛЕДИ? БУЛ БОЙЫНША ҚӘНИГЕЛЕРДЕН ТҮСИНИК

Президентимиз Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында пуқараларымыздың пенсияны рәсмийлестириўдеги қағазпазлық, сергизданлық ҳәм өзи боладылыққа дус келип атыр­ғанлығы ҳаққында айрықша тоқтап өтти.

­ Халықтың социаллық напақа бойынша бир мәкемеге мүрәжат еткеннен кейин сол мәкемениң өзи бир күнде ҳәмме ҳүжжетлерди таярлап, мәселениң шешимин табыўы керек. Пуқараларымыз пенсияға шығыў ушын тек паспорты менен барып, мүрәжат етиўи жеткиликли болатуғын система жаратылады. Бул ушын, биринши нәўбетте, мәмлекетлик архив системасы электрон формаға өткерилиўи керек.

Бюджеттен тысқары Пенсия қоры бул бойынша қандай системаны әмелге асырыўға таяр!..

Ҳақыйқатында да, пенсия тайынлаўда пуқаралар тәрепинен пенсия тайынлаў ушын ҳүжжетлерди таярлаў барысында усы ҳүжжетлердиң орнатылған тәртипте сақланбағанлығы, рәсмийлестирилмегенлиги себепли көплеп машқалаларға дус келмекте. Бул өз нәўбетинде, олардың ҳақылы наразылықларына себеп болмақта.

«Архив иси ҳаққында»ғы Нызамда жеке қурамға ийе ҳүжжетлер 75 жыл даўамында сақланыўы, усы ҳүжжетлер жумыс бериўшилер тәрепинен сақланыўы мәжбүрий етип белгиленген. Кәрхана, шөлкем сап­ластырылғанда ҳүжжетлер орнатылған тәртипте архив мәкемесине тапсырылыўы белгиленген.

Ҳүжжетлердиң түрли архив­лерге тапсырылғанлығы, олардың түрли аймақларда хызмет көрсетип атырғанлығы да ҳәр қыйлы қыйыншылықларға, әўерешиликлерге алып келмекте.

Пуқараларымыз пенсия қоры район (қала) бөлимлерине пенсия та­йынлаўды сорап арза ҳәм зәрүр ҳүжжетлер менен мүрәжат етеди.

Пенсия тайынлаў ушын усынылатуғын ҳүжжетлерди көрип шығатуғын болсақ, усы ҳүжжетлер мәлим ҳуқықларды дәлиллеў ушын талап етиледи.

Әйне пайытта пенсия тайынлаў ушын тийкарғы дәрек ис ҳақы ҳәм жумыс стажы болып табылады. Усыннан келип шыға отырып, ис ҳақыны тастыйықлаўшы ҳүжжет ­ ис ҳақы ҳаққындағы мағлыўматнама, ис стажын тастыйықлаўшы ҳүжжет болса ­ бул мийнет дәптершеси. Буннан тысқары, майыплық пенсиялары ушын майыплығы ҳаққындағы мағлыўматнама (ШМЭК тәрепинен бериледи), бағыўшысын жойтқанлығы ҳаққында пенсиялар ушын қайтыс болғанлығы ҳаққында гүўалық (яки бийдәрек жоғалғанлығы ҳаққында) ҳәм ағайиншиликти тасты­йықлаўшы ҳүжжетлер (туўылғанлығы ҳаққында, некеден өткенлиги ҳаққындағы гүўалық) талап етиледи.

Пенсия тайынлаў ушын ис стажы қурамына киргизилетуғын дәўирлер «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 37-статьясында келтирилген. Пуқараларда усы стажлар бар болғанда, бул дәўирлерди тастыйықлаўшы ҳүжжетлер де талап етиледи.

Мысал ушын (айырымларын көрип шығамыз):

- жоқары билимлендириў мәкемелеринде, аспирантурада, стажер-излениўшилер институтында, үлкен илимий хызметкер-излениўшилер институтында, таяныш докторантурада, докторантурада ҳәм клиникалық ординатурада күндизги оқыў дәўири ушын диплом яки басқа ҳүжжет;

- әскерий хызмет дәўири ушын әскерий гүўалық яки бас­қа тийисли ҳүжжет;

- исм, фамилиясы өзгертилген жағдайларда неке гүўалығы яки тийисли ҳүжжетлер талап етиледи;

- жеңилликли ҳәм басқа түрдеги пенсияларды тайынлаў ушын да зәрүр ҳүжжетлер талап етиледи.

Атап айтқанда:

- жеңилликли пенсия тәмийнатына болған ҳуқықты анық­ластыратуғын мағлыўматнама;

- мүддетинен алдын жасына тийисли пенсия тайынлаў ушын Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, район (қала) Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының шахсты жумыссыз деп атап өтиўи ҳаққындағы усыныснамасы сыяқлы ҳүжжетлер талап етиледи.

Пуқаралардың айырым тайпалары пенсияларына үстемелер белгиленетуғынлығын билемиз. Үстемелер ушын да тийисли ҳүжжетлер талап етиледи.  

Мысалы: ҳүрметли атақ берилгенлиги туўралы гүўалық, урыс қатнасыўшысы яки оған теңлестирилген шахс екенлигин тастыйықлайтуғын ҳүжжет.

Президентимиздиң басшылығында 2019-жыл 21-ноябрь күни халықты социаллық қорғаў саласындағы баслы ўазыйпалар додалаўына бағышланған жыйналыста да Пенсия қоры алдына бирнеше ўазыйпалар қойылған еди.

Әйне пайытта берилген тапсырмаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў мақсетинде Пенсия қоры ҳәм Узархив агентлиги тәрепинен жумыслар әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатынан келип шыққан ҳалда бирнеше минис­трлик ҳәм мәкемелер менен электрон мәлимлеме алмасыўы бойынша ислер шөлкемлестирилмекте.

Алып барылып атырған ислер нәтийжесинде келешекте Президентимиз айтқанындай, пуқараларымыз Пенсия қорына тек ғана паспортлары менен келеди. 2020-жылда пуқараларымыздан талап етилетуғын ҳүжжетлердиң санын кемейтиў бойынша ислер жедел әмелге асырылып атыр.

 

Расул УБАЕВ,

Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасы сектор баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF