Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:38:48, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ҚӘҲӘРЛИ 1942-ЖЫЛДА

«Ни шагу назад!» деп аталып кеткен СССР Қорғаныў наркомының 227-санлы буйрығында «елимиз аўыр жағдайға түсти, буннан былай шегиниўге жол жоқ!» деп тиккелей атап өтилген.

1942-жылы Қарақалпақстан колхозшылары өзлериниң жеке жыйған-тергенлеринен улыўма «Колхозник Узбекистана» деп аталыўшы танк колоннасын ҳәм самолётлар эскадрильясын дүзиў ушын 23 миллион рубль өткерди. Қызыл Армия командирлерине ҳәм әскерлерине саўға ретинде 22000 пуд бийдай, 21800 пуд гөш жыйналды.

Деген менен, соны да айтып өтиў керек, 1942-жылы Қарақалпақстан ел қырманына пахтаны 24607 тоннаға кем берди. Сол жылы 452 колхоз баслықларынан 127 баслық өзгерди, өзгериў жийилиги, әсиресе, Қоңырат, Төрткүл ҳәм Шымбай районларында орын алды.

Тынышсызландыратуғын жағдай соннан ибарат, көпшилик район басшылары колхозлардың дән хожалықларын әҳмийети аз, екинши дәрежели деп есаплап, оның менен тек ғана егис ҳәм жыйын-терим мапазларында шуғылланды, ал, агротехникалық илажларды өзи боладылыққа салып қойды. Яғный, республиканы өзимиздиң нан менен тәмийинлеў ең бир тийкарғы ўазыйпалардың бири екенлигин дыққаттан шығарды.

1942-жылы салы бойынша зүрәәтлилик жобадағы 18,5 центнер орнына 15,2 центнер, гүзлик бийдай бойынша 15,1 центнер орнына 12 центнер, жазлық бийдай бойынша 13,1 центнер орнына 5 центнер, жүўери бойынша 22 центнер орнына 17,7 центнер болды. Усының ақыбетинде жыл жуўмағында республика бойынша 282 мың центнер дән кем алынды.

Қарақалпақстан автотранспорт паркинде 1941-жылдың 1-октябрине есапта турған 533 автомашинаның 149 жүк автомашинасы 1942-жылы фронтқа жөнелтилди.

Чаржаў, Төрткүл ҳәм Нөкис арасында жолаўшы-почта авиажөнелиси орнатылды. Нөкис аэропортынан 1487 жолаўшы, 36466 кг қол жүги, 54795 кг ҳәр қыйлы жүклер ҳәм 21643 кг поч­та жиберилди. Нөкис-Ташкент ҳаўа жөнелиси менен бир қатарда, жергиликли линиялардың хызметин әмелге асырды. Олардан: улыўма узынлығы 318 км болған Нөкис-Қараөзек-Қоңырат пунктлери бар арқа ҳалқа, 174 километрлик Нөкис-Үргениш-Төрткүл қубла халқасы ҳәм 171 километрлик Нөкис-Мойнақ. Усылар менен бир қатарда, авиакәрхана санитарлық жәрдем де көрсетип барды, яғный, жылдың биринши ярымы даўамында 85 шыпакер, 18 наўқас ҳәм 369 кг медициналық жүклер тасылды.

1942-жылдың 1-июлине қарамаллар ушын фермалардың саны 407ге жетти (58900 бас), ал, қой-жанлықлар ушын фермалар саны 225ти қурады (358300 бас).

1942-жылы аўыл хожалығы егинлери ушын егислик майданды 176700 гектарға, соның ишинде, пахта ушын 67,7 мың гектар­ға, дәнли егинлер ушын 60l00 гектарға шекем көбейтиў бойынша қарар қабыл етилди. Пахтаның зүрәәтлилигин 18 ц/га, гүзлик бийдайдың зүрәәтлилигин 14,5 ц/га, жазлық бийдай ҳәм салының зүрәәтлилигин 18 ц/га, собықлы егинлердиң зүрәәтлилигин 11 ц/га шекем көтериў ўазыйпасы белгиленди.

Сондай-ақ, қарамаллардың бас санын 61 мыңға, қаракөл қойларын 230 мың, басқа нәсилли қойларды 29,7 мыңға, ешкилерди 99,9 мыңға, шошқалардың бас санын 4,2 мыңға жеткериў бойынша усыныслар берилди.

Ҳәммеге мәлим, урыс жылларында жаслардың басым көпшилиги урысқа атланды, орта жастағылар рабочий батальонларға, ержетпегенлер ФЗО мектеплерине тартылды. Сонлықтан, республикада қол күши мәселесиниң жағдайы жүдә аўыр еди.

Пиржан Сейтов арқа районлардың халқын «Шоманай» каналын қазыўға мобилизациялады. Усының нәтийжесинде урыс жылларында Шоманай массиви өзлестирилип, адамлар өнимдарлы жерлерге көшип келе баслады. 1942-жылы бул жерлерге өз аўылласлары менен бирге хожалықлардың белгили басшыларының бири Мырзамурат Абдул­лаев көшип келди. Усы жерде Бердимурат аға Әўезов басқар­ған Тамды районының К.Маркс атындағы колхозының халқы да қоныс басты. Бул колхоз оғада бай хожалық болды, онда 40 мың басқа шамалас қой-қозылар, түйелер, ири қарамаллар сақланды.

1942-1943-жыллары көшип келиўшилер дийқаншылық пенен шуғылланып, қурғын жасады. Олар жертөледе жасап, басқа да қыйыншылықларды басларынан кеширгени менен, нан мол болды. Шоманай районы дүзилген ўақытта жоқарыда атап өтилген ақсақаллар хожалықларды басқарып, пахтадан мол қырман жаратыўға ерисип турды. Халықты таза қонысқа көшириў, каналлар қазыў, әлбетте, аўыр, машақатлы жумыс, олар тек ғана халықтың муңы менен жасаўшы мәрт инсанлардың қолынан келген.

Сондай-ақ, «Қырық қыз» массиви де өзлестирилди. Қолда бар мүмкиншиликлерди иске қосып, бел ҳәм кетпен менен «Қырық қыз» каналы қазылды ҳәм бул жерге де адамлар көширилди. Әскерий дәўирдеги жағдайды есапқа алған ҳалда бул уллы ўақыя болды, себеби, халық ашаршылығының алды алынды, жаңадан өнимдарлы майданлар өзлестирилди. ҚҚАССР Совнаркомының бир қатар қарарлары тийкарында көшип келиўшилерге үлкен жәрдемлер көрсетилди.

1942-жылы Әмиўдәрьяның аңғарының өзгериўине байланыслы Төрткүл қаласын суў бас­ты ҳәм Муғаллимшилик институты менен педагогикалық техникум Шымбайға, ал, аўыл хожалығы техникумы Нөкис қаласына көширилди.

Б.ҚОЩАНОВ,

тарийх илимлериниң докторы, профессор,

Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириўи ағласы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF