Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:32:12, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БЫЙЫЛҒЫ НАЎРЫЗ «МАЙЖАП»ТАН БАСЛАНДЫ

Тоқсанды торқалаған Артығалый ата таң намазын оқыды да, кеше келинине таярлатып қойған жыйынлық кийимлерин кийип,  әдеттегиден ертерек дастурхан басына келип пәтияға қол жайды.

Ел, шаңарақ басы, перзентлериниң аманлығын тәңирден сораған тилеклердиң қасына «Илайым, улыстың уллы күни Наўрыздан Наўрызға жете бергеймиз» деген мәнили сөзлер қосылды. Себеби, бүгин оның аўылында, қара мийнеттен бахтын, тахтын таўған журтында НАЎ­РЫЗ байрамы.

Усы ҳәптениң сәтли күни сәршембиде Шымбай районы «Майжап» елатында болып өткен Наўрыз халықтың тилинде айта жүргендей байрам болды. Хожалықтың орайлық спорт майданына жыйналған халық, жадыраған бәҳәрдиң қуяшынан нәр, көркем-өнер тараўы хызметкерлериниң йошлы концертлери ҳәм миллий ойынлардан руўхый азық алды.

Байрамға байланыслы Наўрыз салтанатын Шымбай районының ҳәкими Полат Ещанов  ашып берди. Ол өз сөзинде быйылғы Наўрыздың ҳәр жылдағыдан өзгеше руўхта, ең алыс аўыллардың биринен басланып атырғанын айрықша атап өтти. Ҳақыйқатында да, Наўрыз — меҳир-мүриўбет, адамгершилик, қайыр-сақаўатқа толы әййям болып қалмастан, ол ашық аспан, жасыл тәбият, қызғын мийнет ҳәм дөретиўшилик сыяқлы илаҳий сезимлерди өзинде жәмлейди.

Буннан алпыс жылға шамалас ўақыт бурын, Қарақалпақстанда салыгершиликти раўажландырыўға байланыслы арнаўлы қарар тийкарында дүзилген «Майжап» хожалығында ҳәзирги пайытта 750 шаңарақта 5 мыңнан аслам халық жасайды. 34 фермер хожалығы төрт мың гектарға шамалас егислик майданларда пахта ҳәм бийдай зүрәәтин жетистириў менен шуғылланады. Быйыл бул мәканда бир балалар бақшасында 3 миллиард 569 миллион сумлық, ЭКОС үскенесине 3 миллиард 762 миллион сумлық реконс­трукция жумыслары алып барылмақта.

 «Наўрызың — жаңа күн, жаңа дәўраның мүбәрек, жанажан Өзбек­станым!» баслы идеясы тийкарында өткерилген байрам мүнәсибети менен тигилген ғайры нағысларда безелген қос-қос қараүйлерде, гүл мыйықлы арбаларда, ушсаң бәлентти гөзлейтуғын әткөн­шеклерде, жүўери гүртик, сүмелеклер қайнап, палаўлар демленген шүлен қазанлар әтирапында жыйналған халық, әййям қуўанышларын инам еткен шөлкемлестириўшилерге миннетдар болды.

— Жыл басы Наўрызда тилеген тилек қабыл болады, деген гәп бар, - дейди «Майжап» аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Шәрибай Абдикаримов. — Турмыстың талай асыўларынан өткен жасыүлкенлердиң пәтиясы менен шашыл­ған туқымның бири мың болатуғынына гүманым жоқ. Олардың тәжирийбеси, өмир жолы жасларымыз ушын бәрқулла өрнек болып қала береди.  Халқымыз бас қосқан бирликли тойдың жүдә аўызбиршиликли өтиўи де усы атайы дийқан ақсақаларымыздың бизлерге берген тәлим-тәрбиясы жемиси...

Наўрыз сәни-миллий ойынлар «Арқан тартысыў»да билеги күшли аўыл жигитлериниң қолы бәлент келиўи, палўанлар беллесиўиндеги жеңимпазлардың куўанышы, ат шабыстағы айлаўларда Рашид Ережеповтың  «Торықасқа»сы менен «Қараторы»сының басқаларды шаңында қалдырыўы, нағыз шабандоз жигитлердиң ойыны — «Көкпары»дағы тиреспелер, қошқарлар дүгисип, қоразлар урысқандағы аламанның қыйғырығы, бәри-бәри тойды тойға уластырды.

«..Мине, сонша тамашаны көрген Артығалий ағаға да ғайбана күш енип ғаррыларды баслап ат шабар майданына барды. Тулпарлар белинде «Қыз қуўыў»ды көрип, жаслық шағы ядына түсип көзине жас алса да, қатарларының дегишпесине қаларман, деп шапанының белбеўине көзин тасалап сыпырып қойды. Қуяш батыўға мейиллесип қалса да шаршамағанына өзи де ҳайран. Қасындағы ғаррылар да бүгин үйлерин умытқандай қайтыўға асығар емес.

Тәбиятты жасартқан, күшлерге күш қосқан Наўрыздың қүдирети бул!

Абдулла Ембергенов.

журналист.

Қабыл Бегимовтың түсирген сүўрети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF