Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:12:16, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕКСЕЛЕРИ ҚӘДИРЛЕНГЕН ЕЛДИҢ КЕЛЕШЕГИ УЛЛЫ

Бизиң елимизде кекселерге ғамқорлық етиў, оларға меҳир-мүриўбет, ҳүрмет-иззет көрсетиў турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланған. Қайсы шаңарақта нураный ата яки ана болса, бул үйде әлбетте, қут-берекет, пәраўанлық, аўызбиршилик ҳүким сүреди.

Ата-аналарымыз бизди дүньяға келтиргени ушын ғана емес, ал, не машақатларды көрип, турмыстың бар аўырманлығына шыдам берип, тәрбиялап, бәркамал әўлад дәрежесине көтергени ушын да қәдирли.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-сент­ябрьдеги қарарының 1-қосымшасы менен тасты­йықланған «Кексе әўлад ўәкиллерин социаллық қоллап-қуўатлаў, жәми­йеттеги орнын және де арт­тырыў ҳәм де «Кекселер ҳәптелиги»н жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша» ис-илажлар бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Тақыятас районы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен жасы үлкен, кексе ата-аналарымыздың үйлерине барып, көшпели мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў илажлары шөлкемлестирилмекте.

Атап айтатуғын болсақ, орайдан алыста жайлас­қан райондағы «Найманкөл» ҳәм «Сарайкөл» аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм  «Нурлы келешек» мәҳәлле пуқаралар жыйынларында жасаўшы имканияты шекленген пуқаралар ҳәм кекселерге 43 көшпели мәмлекетлик хызмет көрсетилди. «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы ана Завра Абдуллаеваға көшпели тәризде үйине кадастр паспортын рәсмийлестириў ҳәм көшпес мүлк объектин пайдаланыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетилди.

— Азан менен барлық улларым ҳәм келинлерим жумысқа кетеди. Ақлықларымның күлки-қуўанышларын көрип, қариялық гәштин сүрип атырман. Олардың тәрбиясы менен бәнтпен. Жайымыздың кадастр ҳүжжетлерин таярлаў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына барып, мүрәжат етиўим керек еди, бирақ, мине бүгин орай хызметкерлери үйимизге келип, мүрәжатымды көрип шықпақта, - дейди нураный ана.

Көшпели мәмлекетлик хызмет көрсетиў барысында нураный ана Завра Абдуллаева ҳүкиметимиз тәрепинен қарыялар ҳәм кекселерге көрсетилип атырған бундай ғамқорлықлар ушын шексиз миннетдаршылық билдирип, «Бахытлы қарыялық ҳәр бир инсанға несип етсин!» деп пәтиясын берди. 

Орайымыз хызметкерлери бундай илажларды алдағы ўақытлары да шөлкемлестириўди өзлериниң алдына мақсет етип қойған.

А.ОРАЗЫМБЕТОВ,

Тақыятас районы Мәмлекетлик хызметлер орайының бөлим баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF