Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:35:50, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН  АЎЫР СЫНАҚЛЫ  1941-ЖЫЛДА

2018-жыл 9-майда Екинши дүнья жүзилик урыстың ветеранлары алдында шығып сөйлеўинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тарийхшыларды ҳәм жазыўшыларды әжелеримиз ҳәм апаларымыздың көрсеткен жаўынгерлик мәртлигин тәриплеўге шақырды, себеби, жас әўлад ҳақыйқый тарийхты билиўи зәрүр.

Газетамыз тарийх илимлериниң докторы, профессор Б.Қощановтың Қарақалпақстанның уллы Жеңиске қосқан үлесине бағышланған мақалалар дүркинин жәриялаўды басламақта.

— Душпан оғада күшли ҳәм биз шегинбектемиз.., — 1941-жылы 3-июль күни радиодан жаңлаған бул сөзлер ҳәр бир пуқараның жүрегиниң төрине ҳәм санасына жетти. Усы пайыттан баслап урыстың аўыр болатуғынлығын, ол туўралы дәслепки пикирлер надурыс екенлигин көпшилик жақсы түсинди. Урыс Қарақалпақстанның ҳәр бир шаңарағына Совинформбюроның қатал сескениўшилик туўдырыўшы сводкалары арқалы кирип келди, военкоматлардан келген шақырыў қағазлар, қалаларда азық-аўқатты нормалық рәўиште тарқатыў, аўылларда аўыл хожалық салығының, дәрамат салығының көтерилиўи, жумысшы қолларды пайдаланыўдағы ҳәм мийнет қатнасықларын ретлестириўдеги өзгерислер қатал зәрүрликлер сыпатында қабыл етиле баслады.

1941-жылдың апрелинде об­ластьлық партия шөлкеминиң Пленумында ферғаналы Сабыр Камалов Өзбекстан Компар­тиясы Қарақалпақстан обкомының биринши хаткери болып сайланды. ҚҚАССР Жоқарғы Совети Президиумының Баслығы болып Матеке Жуманазаров сайланды. ВКП (б) Орайлық комитети жанындағы партиялық курслардың тыңлаўшысы Пиржан Сейтов оқыўынан мүддетинен бурын шақырып алынды ҳәм 1941-жылы 27-июль күни Қарақалпақстан Жоқарғы Советиниң төртинши сессиясы оны республика Халық Комиссарлары Советиниң Баслығы етип тайынлады. Усылай етип республикамызда басқарыўшы триумвират қәлиплести. Усы жерде атап өтиўимиз зәрүр, С.Камалов, М.Жуманазаров, П.Сейтов қурамындағы триумвират урыстың қәҳәрли жылларында өзин ең үлгили тәрептен көрсетти.

«Басым көпшилик Ўатанды қорғаўға атланды, - деп еслейди сол аўыр күнлерди П.Сейтов,  18 жастан 40 жас аралығындағы пуқаралар фронт саўашларына қатнасқан болса, ал, 40 пенен 50 жас арасындағылар рабочий батальонлар қатарында болды. Аўыр қыйыншылықларды писент етпестен халқымыз шигит егисин ҳәм чеканкасын жигерлик пенен даўам етти. Ҳәтте пахта зүрәәтлилигиниң урыстан алдынғы жылдағы дәрежесин сақлаўға еристи. Ҳәр бир дийқан хожалығы ағзалары өзлериниң тамарқа жерлеринен фронт ушын ҳәр бири 35 кг гөш, 3 кг май тапсырыўға миннетлеме алды».

Урыстың басланыўы менен республикалық актив мәжилиси шақырылып, онда төмендеги биринши дәрежели ўазыйпалар қойылдыF мобилизация, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўдағы миннетлемелерди сөзсиз орынлаў, тапсырмаларды орынламаўды душпанға жәрдем сыпатында қараў, қорғаныў мәплери ушын халық хожалығының барлық ишки резервлерин жәмлеў, 1942-жылы егис майданларын 20 мың гектарға көтериў мақсетинде жер ҳәм суў ресурсларынан рационал пайдаланыў, жыйын-терим мапазын «урыс ўақты» көзқарасынан қарап шығылған ҳалда пахта теримин 15-декабрьге жуўмақлаў. Сондай-ақ, маллардың бас санын сақлап қалыў ҳәм көбейтиў, пилле өндириў көлемин кеңейтиў бойынша айқын тапсырмалар берилди.

Урыстың биринши күнлеринен баслап-ақ Қарақалпақстанның жергиликли санааты фронт ушын өним шығарыўға киристи. Бирақ, урыстың басланғыш дәўиринде өним шығарыўда әскерий буйыртпаның салыстырмалы салмағы аз еди. Ҳәрекеттеги армия әскерлери ушын әскерий кийимлерди азы-кем тәризде промкооперацияның 25 артели, промкомбинат ҳәм 4 пахта тазалаў заводы шығарды.

П.Сейтов басшылығындағы Совнарком өнимлерди ҳәм азық-аўқатларды жергиликли шийки зат дереклерин пайдаланыў ар­қалы ислеп шығарыўды белгиледи (кендир, жийде, қамыс), сондай-ақ, аўыл хожалығы шийки затын (тери, жүн), утильди (сүйек, шақы), пайдалы қазылмаларды (дуз, пор, гипс, батпақ) ҳәм ишки көллердиң байлықларын пайдаланыў да ўазыйпа етип белгиленди. Азық-аўқат өндириўшилер ески халық рецептлери тийкарында 1941-жылы 4,4 тонна балық консервасын, 42,4 тонна дузланған овощлар, 1,2 тонна қаўын қақ ислеп шығарып, фронтқа жөнелтти.

Урыс пенен байланыслы қыйыншылықларды жеңип, ҚҚАССРдың мәмлекетлик ҳәм кооперативлик санааты 1941-жылы жалпы өним ислеп шығарыў көлемин арттырды, санаат­қа тийисли 100 кәрхана сол жылы 53900 рубльлик өним ислеп шығарды.

ҚҚАССР Совнаркомының 1941-жыл 4-февралдағы «Жергиликли шийки зат негизинде кең тутыныў товарларын ҳәм азық-аўқат ислеп шығарыўды көбейтиў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, өндиристи кеңейтиў тийкарынан шийки заттың жергиликли дереклеринен пайдаланыў арқалы әмелге асырыў белгиленди. 1941-жылдың тек 4 айы ишинде 570,8 мың рубльлик өним ислеп шығарылды.

Уллы Ўатандарлық урыстан алдынғы жылларда Қарақалпақстан мәмлекетке көп муғдарда аўыл хожалығы шийки затын ҳәм азық-аўқатлар тапсырыў бойынша үлкен ресурсқа ийе болды.

1941-жылға келип республиканың егислик майданларының көлеми 238 мың гектарға жетти, соның ишинде 54,3 мың гек­тарға пахта егилди. Маллардың бас саны турақлы түрде өсти, пилле өндириў көлеми 165 тоннаға жетти. Армияның ҳәм халықтың шийки затқа ҳәм азық-аўқатқа болған мүтәжлигин қанаатландырыў, пахта менен бир қатарда бийдай өндириўди күшейтиў ҳәм шарўашылықты раўажландырыўды талап етти.

Урыстың дәслепки жылларында пахта тазалаў, май ҳәм сабын ислеп шығарыўшы заводлардың контингентиниң ярымын ҳаял-қызлар қурады.

Урыстың биринши жыллары Қарақалпақстан фронтқа 4872 жылқы, 419 автомашина ҳәм т.б. берди. 1941-жылдың ақырына шекем республикалық ҳәм ра­йонлық буўындағы 813 жуўаплы хызметкерлер фронтқа атланды, ал, улыўма алғанда 24,5 мың адам республикадан фронтқа жөнеп кетти. Қысқа мүддетлерде фронт­қа жәрдем сыпатында 4 мыңнан аслам фуфайка, 3370 қалың шалбарлар, 1344 дана свитерлер ҳәм тағы басқа жыллы кийимлер жиберилди.

Республика пахтакешлери 1941-жылдың 26-октябрине, яғный, ҳүкимет тәрепинен белгиленген мүддеттен l0 күн бурын мәмлекетке 95,3 мың тонна пахта тапсырып, жобаны артығы менен орынлады. С.Камалов ҳәм П.Сейтов Өзбекстан басшылары У.Юсупов ҳәм А.Абдурахмановтың атына жиберген телеграммасында «Пахтаның 72,2 проценти жоқары ҳәм биринши сорт­ларға тапсырылды» деп үлкен көтериңкилик пенен хабарлады.   

Сол жылдың l-ноябрь жағдайына республикамызда 20 батальон, 114 рота, 955 бөлимше дүзилди. 3-декабрьге 97-Қарақалпақ миллий өз алдына бригада шөлкемлестирилди, оған ықтыярлы түрде 5500 адам кирди.  Соннан Нөкис қаласынан 428 адам, Төрткүл районынан 1094, Хожелиден 334, Шымбайдан 459, Тахтакөпирден 223, Қоңыраттан 315, Қараөзектен 352 адам.

1941-жылдың декабрь айында фашистлик Германия Москва түбинде Екинши дүнья жүзилик урыстағы дәслепки ири жеңилиске ушырады, ол туўралы «жеңилмес күш» ҳаққындағы аңыз пуш болды. Уллы жеңиске алып барған жол енди басланып барды.

Тыл болса, қатаң сынақларды басынан кешириўди даўам етти.

Б.ҚОЩАНОВ,

тарийх илимлериниң докторы, профессор,

Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириўи ағласы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF