Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:48:46, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ҲӘР БИР ЖАСҚА 20 НӘЛ» АКЦИЯСЫ — ӘМЕЛДЕ

Республикамыз көлеминде қолға алынған нәл егиў, бағ жаратыў жумыслары елимизде халықтың турмысын еле де жетилистириўге, қоршаған тәбийғый орталықтың тазалығы, ықлым шараятымыздың жақсыланыўына үлес қосады.

Хожели районының хал­қы да аймақты абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, мәкеме, кәрхана ҳәм билимлендириў орынларында мийўели ҳәм декоратив нәллерин жетистириўге, үй алды қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланыўға айрықша итибар қаратпақта.

Быйыл бәҳәрде 1 миллион 123 мың 699 түп мий­ўели ҳәм декоратив нәллерин егиўди режелестирмекте. Бүгинги күни ра­йонда 122 мыңнан аслам халық жасайтуғын болса, соннан 27 мыңнан асламын жаслар қурайды. Ең қуўанышлы тәрепи, бул ислерге жаслар да өз үлеслерин қосып, 22-февраль ­ 5-март күнлери «Ҳәр бир жас­қа 20 нәл» акциясы шеңберинде кең көлемли жумысларды әмелге асырыўда белсендилик көрсетти. Бул акция даўамында «Саманбай» АПЖ ҳәм 42 улыўма билим бериў мектеплери ҳәм 5 кәсип-өнер колледжлеринде жайласқан жаслар бағында жәми 1500 ден аслам жаслар белсене қатнасты.

Райондағы пидайы жаслар тәрепинен 60 кило­метрге жақын жап ҳәм суў ҳәўизлери тазаланды. Сондай-ақ, 5 гектарға жақын жер майданларына пидайы жаслар тәрепинен 700 декоратив, 300 мийўели ҳәм l50 түп гүл нәллери, соннан 4-март ҳалатына бир күнде 6 мың 220 түп, мәўсим басынан 290 мың 228 түп нәл егилиўге ерисилди. Бул нәллерден япон сафорасы, катальпа, шумтол, тут, заранг, акация, қайроғоч ҳәм басқа да нәллерди атап өтсек болады.

­ Бул жумыслар районымызда еле даўам етип, көклемзарластырыўға ҳәмме белсене қатнасыўға ҳәрекет етпекте, - дейди Хожели ра­йоны ҳәкимлигиниң бас қәнигеси Ислам Әбдижаббаров. ­ Әлбетте, жерге шаншылған нәллердиң күтимине өз ўақтында итибар берилсе, ўақты келип булар дараққа айланып, район көркине көрк қосып, гөззаллық бағышлаўы сөзсиз...

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Хожели районы.

СҮЎРЕТТЕ: өткерилген акциядан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF