Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:38:58, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘР  КҮНИ  БАЙРАМДАЙ...

Перзент келешеги ҳәмме нәрседен үстин. Балажанлы халқымыз олардың бахты, камалы ушын бәрше мүмкиншиликлерди жаратып келмекте. Мәмлекетимизде бой тиклеп атыр­ған ең саўлатлы имаратлардың да көпшилиги билимлендириў мәкемелери екенлиги сөзимиздиң дәлили.

Пайтахтымызда жайласқан, бүгинги күнде 241 тәрбияланыўшысы бар 52-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси кишкенелерге кеўилдегидей тәлим-тәрбия берип келмекте.

— Ҳәзир ата-аналар перзентлери келешегине ҳәр қашанғыдан да итибарлы, мениң балам нелер үйренбекте, қалай тәрбияланбақта, деп қызықсынады. Бул итибар бизге және де жуўапкершилик жүклеп балаларға заманға сай тәлим-тәрбия бериўге ҳәрекет етпектемиз, - дейди бақша меңгериўшиси Раъно Исмаилова. — Мәкемемизде түрли дөгереклер шөлкемлестирилген болып, нәтийжелер айқын көзге тасланбақта. Кишкенелердиң физикалық, ақылый раўажланыўы ушын барлық шараятлар жара­тыл­ған. Сондай-ақ, рус, инглис тиллерин тез ҳәм жеңил үйрениў усыллары ислеп шығылды. Спорт дөгереклеринде ул ҳәм қыз балаларды физикалық жақтан шынықтырыў ҳәм спортқа қызықтырыў ушын тәрбияланыўшыларды өз-ара беллестирип, жарыслар өткерип турамыз. Аспазлық ҳәм аяқ-ойын дөгереги ағзаларының артып баратырғанлығы қуўанышлы. Себеби, көркем өнерге ықлас инсанды гөззаллыққа, жақсылыққа тәрбиялайды.

Жақында пайтахтымыздағы 31-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде «Бес баслама-бес имканият» бағдарламасы бойынша усы бақша тәрбияланыўшылары тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди. Бул мектеп директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты В.Қәленова балалардың талапшаңлығын, қәбилетин, тил алғышлығын жоқары баҳалап, олар мектеп партасына таяр екенлигин, балалар өмиринде бақша айрықша орын тутатуғынлығын өзгеше қуўаныш пенен айтып өтти.

Бул мәкемедеги мақтаўға арзырлы басламалардың және бири, бақша жәмәәти 8-март ­ Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында өз аймағындағы кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм имканияты шекленген балалар ҳалынан хабар алып, байрам саўғаларын тапсырды. Сондай-ақ, жақын күнлерде ата-аналар қатнасыўында кишкенелерди китапқумарлыққа қызықтырыў мақсетинде «Китаплар ярмаркасы»н шөлкемлестириўди режелестирмекте.

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

СҮЎРЕТТЕ: бақша турмысынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF