Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:22:01, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУДЛАР ӘДИЛЛИК ҚОРҒАНЫНА АЙЛАНАДЫ

Елимизде соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформалар социал-экономикалық, сиясий ҳәм мәдений турмыстың барлық салаларын қамтып алмақта.

Мақсети ­  ҳуқықый-демократиялық мәмлекетти қурыў болған бул реформалар республиканың суд-ҳуқық системасына да сезилерли тәсир көрсетпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен өткен жыл даўамында пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары, нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўды әмелге асырыў бағдарында бир қанша жумыслар әмелге асырылған.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша судларының ис жүргизиўине 2018-жылдан қалдық болып өткен ислер менен бирге қосып есаплағанда жәми 9435 пуқаралық ис келип түскен. 2019-жыл даўамында улыўма көрип тамамланған 7353 ислерден 2739 (2018-жылда ­ 3010) пуқаралық ислер көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылған. Бул 37,3 процентти қурайды. Сондай-ақ, 20l9-жыл даўамында жәми 4932 (2018-жылда ­ 8656) суд буйрығы шығарылған. Бул көрсеткиш өткен жыл­ға салыстырғанда 3724 суд буйрығына кемейген. Әсиресе, салық қарыздарлығын өндириў ҳаққындағы суд буйрықлары саны 4088ге, коммуналлық қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы суд буйрықлары саны 440қа, алимент өндириў ҳаққындағы суд буйрықлары саны 435ке кемейген. Судтың апелляциялық судлаў коллегиясында 380, кассациялық судлаў коллегиясында 218 ис қаралған. Бул көрсеткиш алдынғы жылға салыстырғанда апелляция инстанциясында 44 иске (10,3 процент), кассация инстанциясында 115 иске кемейген.

Солай етип, 2019-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша суды судьяларының бир айлық ис көлеми жәми инстанцияларды қосып есаплағанда 122 исти қураған болса, районлараралық судлардың судьяларының бир айлық ис көлеми 112 пуқаралық ис ҳәм 76 суд буйрығын қурайды.

Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша судларында физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумыслары нызамда белгиленген талапларға муўапық әмелге асырылып келинбекте. Атап айт­қанда, 2019-жыл даўамында жәми 5581 мүрәжат келип түскен болса, соннан 4445 мүрәжат (3111 мүрәжат жазба, 1334 мүрәжат аўызеки) суд баслықлары ҳәм судьялардың жеке (көшпели) қабыллаўында келип түскен. Олардың ҳәммеси үйренип шығылып, 2225 мүрәжат бойынша түсиникер берилген, 1944 мүрәжат қанаатландырылған, 276 мүрәжат қанаатландырылмастан қалдырылған.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханасынан жәми 869 мүрәжат келип түскен, соннан 862 мүрәжат үйренип шығылып, 492 мүрәжат бо­йынша түсиниклер берилген, 327 мүрәжат қанаатландырылған, 39 мүрәжат тийислилиги бойынша бас­қа мәмлекетлик уйымларға өткерилген. Бул мүрәжатлардың да саны өткен жылдың усы дәўиринде кемейгенлигин көремиз. Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша судларына физикалық ҳәм юридикалық шахслардан тиккелей судқа яки почта арқалы келип түскен. Мүрәжатлардан 262си үйренип шығылған, 247 мүрәжат бойынша түсиниклер берилген. Мүрәжатларды үйренип шығыў ҳәм шешиўде нызамда белгиленген мүддетлер бузылмаған.

Өткен жыл даўамында судьялар тәрепинен судтың ис режеси бойынша ҳәм ис режеден тысқары, пуқараларға әдил судлаўды әмелге асырыўдың барысы, суд искерлигине байланыслы мәселелер, сондай-ақ халықтың ҳуқықый саўатлылығын асырыў мақсетинде ушырасыўлар, ғалаба хабар қураллары арқалы шығыўлар әмелге асырылмақта. Радио ҳәм телевидениеде еситтириў ҳәм көрсетиўлер шөлкемлестирилди.

Әдил судлаўды әмелге асырыў, судты түп мәнисинде әдиллик қор­ғанына айландырыў, халық пенен тиккелей жүзбе-жүз, ашық байланыс формаларын кеңейтип, пуқаралардың бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў бағдарындағы ислер еле де даўам етеди.

 

К.ТАРИХОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша суды баслығы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF