Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:28:33, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ВОЛЕЙБОЛШЫ ҚЫЗЛАР НӨКИСТЕ БЕЛЛЕСЕДИ

Жоқары оқыў орынлары студент-жаслары арасында өткерилетуғын «Универсиада» спорт ойынларының волейбол түринен қызлар арасында финаллық басқышы усы жылдың 1-4-март күнлери аралығында пайтахтымызда болып өтеди.

Аймақлық беллесиўлерде жеңимпазлықты қолға киргизген Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Наманган, Жиззах, Самарқанд ўәлаятлары сайланды командалары өз-ара беллеседи.

Усы жылдың 1-март күни ўәлаятлардан келген команда ағзалары Нөкис қаласына жетип келди ҳәм мийманлар Бердақ атындағы ҚМУда мүнәсип күтип алынды.

Өткен күни спорт жарысының рәсмий ашылыў мәресими болып өтип, онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министри “.Байниязов, ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов, НМПИ ректоры Б.Утемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жылларда мәмлекетимизде денетәрбия ҳәм спортты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, спорттың ҳәр қыйлы түрлерин ғалаба ен жайдырыў, спорт пенен шуғылланыў ушын қолайлы шараятлар ҳәм инфраструктураны жаратыўға қаратылған комплексли илажлардың әмелге асырылып атырғанлығын келтирип өтти.

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

СҮЎРЕТTE: илаждан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF