Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:09:26, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИРЛЕСКЕН МИЛЛЕТЛЕР ШӨЛКЕМИ МЕНЕН БИРГЕ ИСЛЕСИЎ — ИНСАН МӘПЛЕРИ ГИРЕЎИ

Өзбекстан Республикасы ғәрезсиз ҳәм суверен мәмлекет сыпатында Бирлескен Миллетлер Шөлкемине ағза болғанына бы­йыл 28 жыл толды. 

БМШ жер жүзинде тынышлықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, мәмлекетлердиң ҳәм миллетлердиң өз-ара саламат қарым-қатнасын, бирге ислесиўин раўажландырыў мақсетинде 1945-жылы 24-октябрьде фашизм үстинен жеңиске ерискен ғәрезсиз мәмлекетлердиң ықтыярлы бирлесиўи тийкарында дүзилген ең ири халықаралық шөлкем.

БМШ Уставында көрсетилгениндей, бул шөлкем халықаралық тынышлық ҳәм қәўипсизликти сақлаў, халықлардың тең ҳуқықлы болыўы ҳәм өз тәғдирин өзи белгилеўи қағыйдасына әмел етип, миллетлер ортасында дослық мүнәсибетлерин раўажландырыў, экономикалық, социаллық, мәдений мәселелерди шешиўде бирлик болыўын тәмийинлеўди көзде тутады. Усы улыўма мақсетлерге ерисиў жолындағы ҳәрекетлерди үйлестирип турыўшы орай есапланады. БМШ Уставы барлық мәмлекетлер теңдей әмел етиўи шәрт болған бирден-бир халықаралық ҳүжжет.

Бүгинги күнде жер жүзинде 270 тен аслам мәмлекет болып, соннан 193и БМШне ағза болған. Өзбекстан Республикасы 1992-жыл 2-мартта бул шөлкемге ағза болды ҳәм сол күни Нью-Йорктағы БМШ штаб-квартирасы алдында ғәрезсиз Өзбекстан байрағы көтерилди. 1993-жылдың 24-августында БМШниң Ташкенттеги ўәкилханасы ашылды.

Бас Ассамблея тәрепинен 1948-жыл 10-декабрьде «Инсан ҳуқықлары пүткил дүнья жүзилик  Декларация­сы» қабылланған еди. Бул Декларация ғәрезсиз Өзбекстан  Республикасы қол қойған ең биринши халықаралық ҳүжжет болды.  Деклара­цияның қағыйдалары елимизде инсанның сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәми­йинлейтуғын миллий нызамшылық нормаларында өз сәўлелениўин тапқан.

Бүгинги күнде Өзбекстан жәҳәнниң көплеген мәмлекетлери ҳәм ири халықаралық шөлкемлери менен түрли тараўларда бирге ислесип келмекте ҳәм оның географиясы, көлеми және де кеңейип бармақта. Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң атап көрсеткениндей, «Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да дүзилмелер менен жедел мүнәсибетлер ҳәм бирге ислесиў Өзбекстанның миллий мәплерине хызмет етеди».

БМШниң қәнигелестирилген шөлкемлери қатарында ЮНЕСКО — илим-пән ҳәм мәденият мәселелери менен шуғылланыўшы шөлкем — халықаралық ҳүкиметлераралық шөлкемине мәмлекетимиз 1993-жыл 26-октябрьде ағза болды. Шөлкемниң тийкарғы бағдарлары — саўатсызлыққа қарсы гүрес, билимлендириў системасы ҳәм кадр­лар таярлаўды раўажландырыў, миллий мәдениятларды үйрениў ҳәм ен жайдырыў, дөгерек-әтирапты ҳәм мәдений естеликлерди қорғаў, океанография, геология, гидрология, социология, коммуникация ҳәм бас­қа да салаларда глобал илимий машқалаларды шешиўде бирге ислесиўден ибарат.

БМШниң Өзбекстандағы искерлиги раўажла­ныўға көмек бағдарламасы (ЮНДАФ)на тийкарланған болып, бул бағдарлама миллий бирге ислесиў ҳәм БМШ ортасындағы 2016-жылдан 2020-жылға шекемги болған дәўирди өз ишине қамтып алыўшы стратегиялық ҳүжжет есапланады. Бул бағдарлама БМШ агентликлериниң билим ҳәм техникалық жәрдем қаржыларын раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолында сарыплаўға болған умтылыўларға тийкарланады.

ЮНДАФ 2016-2020 бағдарламасының тийкарғы бағдарлары:

— Жумыс пенен тәми­йинлеў, социаллық қорғаў ҳәм инклюзив экономикалық раўажланыўды тәми­йинлеў.

— Денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў салаларын сапалы хызметлер менен және де кеңирек тәми­йинлеў арқалы инсан потенциалын арттырыў.

— Турақлы раўажланыўды тәмийинлеў жолында дөгерек-әтирапты қорғаў.

— Социаллық хызметлерди жақсылаў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўға қаратылған нәтийжели басқарыў.

Мәмлекетимиздиң БМШ менен өз-ара бирге ислесиўиниң тайкарғы бағдарлары — қәўипсизлик, ғалаба қырғын қуралларының тарқатылыўына тыйым салыў, қоңсы еллердеги ҳәр қандай кескин түс алған сиясий мәселелерди тыныш жол менен шешиў, Орайлық Азияны ядро қуралларынан жырақ аймаққа айландырыў, Арал аймағындағы эколо­гия­лық кризистиң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў, билимлендириў саласы ҳәм мәдениятты раўажландырыў, тарийхый дәстүрлер, тарийхый шахслар ҳәм архитектуралық естеликлерди сақлаў, қайта тиклеў, олардың улыўмаинсанийлық қәдириятлар сыпатында жәҳән цивилизациясына қосқан үлесин дүньяға танытыў сыяқлы ибратлы ҳәм оғада әҳмийетли ислерден ибарат. Бул бойынша Өзбекстан БМШ шеңберинде көплеген басламаларды алға қоймақта.

Кейинги жылларда БМШ ҳәм Өзбекстанның бирге ислесиўи жаңа бас­қышқа көтерилди. Атап айт­қанда, 2017-жыл 19-сентябрьде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң БМШниң 72-сес­сиясында шығып сөйлеген сөзи Өзбекстанның БМШ шеңбериндеги халықаралық басламаларында жаңа тенденцияларды көрсетти. Президентимиз өз сөзинде мәмлекеттиң социаллық-экономикалық, сиясий ҳәм мәдений турмысындағы өзгерислер ҳәм де анық ҳәм тийкарлы дереклерге ийе бир неше басламаларды алға қойды. Яғный, глобалласыў ҳәм информация-коммуникация технологиялары жедел раўажланып атырған бүгинги шараятта жасларға тийисли сиясатты  қәлип­лес­тириў ҳәм әмелге асырыў­ға қаратылған улыўмаластырылған халықаралық ҳуқықый ҳүжжет —  БМШниң Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенциясын ислеп шығыў, БМШ Бас Ассамблеясының «Мәрипат ҳәм диний кеңпейиллик» деп атал­ған арнаўлы резолюциясын қабыл етиў, БМШ қәўипсизлик Кеңесин бас­қышпа-бас­қыш реформаластырыў сыяқлы глобал характердеги усыныслары жәҳән жәми­йетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятты.

Мәмлекетимиз басшысының бул шығып сөйлеўинде машкалаларға регионаллық ҳәм глобал дәрежеде әҳмийет қаратыўы, олардың шешимине прагматикалық мүнәсибети айрықша әҳмийетке ийе. Бул басламалар халықаралық көлемде қоллап-қуўатланып, 2018-жыл 22-июнь күни «Орайлық Азия аймағында тынышлық, турақлылық ҳәм табанлы раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў», 2018-жыл 12-декабрь күни «Мәрипат ҳәм диний кеңпейиллик» деп аталған арнаўлы резолюциялары қабыл етилди.

Президентимиздиң басламасы менен турмысқа ендирилип атырған бундай ибратлы ислер тек бизиң елимиздиң ғана емес, ал, пүткил инсаният мәпине қаратылғанлығы менен глобал әҳмийетке ийе болмақта.

Мәмлекетимиздиң жәҳәндеги ири халықаралық шөлкем — БМШ менен бирге ислесиўи ҳәм бундағы жетискенликлер Өзбекстанның ең жаңа тарийхы бетлеринде айрықша әҳмийетке ийе болып, оны және де байытпақта.

Алмагүл  БАЙРЫЕВА,

Бердақ атындағы ҚМУ, Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF