Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:08:02, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚҚА  ЖАРАТЫЛҒАН  ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАР

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-майдағы «Электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди жеткерип бериў және тутыныў саласында төлем тәртибин буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, атқарыў жумысын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм сол жыл 16-ноябрьдеги «Суў тәмийнатын ҳәм суў шығарыў хызметин көрсетиў тараўында төлеў тәртибин түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманлары ҳәм тараўға тийисли басқа да ҳуқықый-норматив ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеўде Мәжбүрий орынлаў бюросы Елликқала районлық бөлими тәрепинен бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.

Сондай-ақ, пуқаралардың санасында төлем тәртиби ҳәм төлеў мәдениятын арттырыў бағдарындағы жумыслар жетилистирилмекте. Ҳуқықый үгит-нәсият жумысларын кең көлемде халыққа түсиндириўде тек көшпели қабыллаўлар емес, ғалаба хабар қуралларынан да кең түрде пайдаланылмақта.

Бүгинги раўажланып бара­тырған дәўирде социаллық тармақлар халық арасында кең ен жайғанлығын инабатқа алып, Мәжбүрий орынлаў бюросы Елликқала районлық бөлими тәрепинен Телеграмм социаллық тармағында «Халық пенен ­ Елликқала» топары ашылды (https://t.me/xalqbilanellikqala). Бул топардың тийкарғы мақсети ­ ра­йондағы жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген ҳәм майыплығы бар шаңарақларға бийминнет жәрдем бериў көзде тутылған. Усы топар арқалы районда жасаўшы пуқаралар, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары және де исбилерменлерден жәрдемге мүтәж шаңарақларға қалыс жәрдем бериўин сорап мүрәжат етилди. Мәжбүрий орынлаў бюросы мәмлекетлик инспекторлары ҳәм райондағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары менен биргеликте жақсы, сақый инсанлар тәрепинен қәўендерлик есабынан жумыслар алып барылмақта. Усы тийкарда сақаўатлы инсанлар ҳәм қәўендерлер менен биргеликте жәрдемге мүтәж шаңарақларға инсаныйлық жәрдем берилмекте. Атап айтқанда, электр энергиясынан 32 шаңарақтың 5 209 113 сум, тәбийғый газден 16 шаңарақтың 1 724 мың сум, ишимлик суўынан 9 шаңарақтың 780 мың сум қарыздарлығы бар жәми 64 кем тәмийинленген шаңарақлардың коммунал төлемлерге қарызлары қаплап берилди ҳәм тармақтан ажыратылыўдың алды алынды. Сондай-ақ, 4 пуқараға биометриялық паспорт алыўында 440 мың сум ҳәм l пуқараға дәри-дәрмақ алыў ушын l00 мың сум усы топардағы қәўендерлер тәрепинен ажыратылды.

3-декабрь ­ «Халықаралық майыплардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў күни» мүнәсибети менен районда майыплығы бар 24 шаңарақларға 2 064 000 сумлық саўғалар алып, олардың ҳал-жағдайларынан хабар алынды. Буннан тысқары, Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен топардағы сақаўатлы инсанлар менен биргеликте 64 дана байрам саў­ғалары алынып, 4l кем тәми­йинленген ҳәм майыплығы бар шаңарақлардағы жас балаларды байрам менен қутлықлаў мақсетинде Аяз ата ҳәм Қар қызы менен байрам саўғалары үлестирип шығылды.   Усы дүзилген топар тийкарында мүтәж шаңарақларға жәрдем қолын созыў ислери турақлы даўам еттириледи.

  Б.АТАДЖАНОВ,

Мәжбүрий орынлаў бюросы Елликқала районлық бөлими инспекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF