Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:02:00, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРДЫ ИЛҲАМЛАНДЫРҒАН ИЛАЖ

Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар бөлиминиң 2-өрт қутқарыў бөлимшесинде Президентимиз тәрепинен илгери сүрилген бес тийкарғы басламаны әмелге асырыў мақсетинде «Бес баслама — бес имканият» ураны астында Нөкис компьютер ҳәм мәлимлеме технологиялары кәсип-өнер колледжи оқыўшы-жаслары менен көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Қәнигелер жасларды айрықша жағдайлар ҳәм де өртлер жүз бергенде оларды сапластырыў усыллары, өрт өшириў автомобиллеринде тәмийинленген өрт өшириў ҳәм қутқарыў қураллары ҳәм үскенелериниң техникалық қәсийетлери менен таныстырды.

Илаж барысында жасларға өрттен қутқарыў бөлимшеси аймағында сейил шөлкемлестирилип, жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлар, өрттен қутқарыўшылардың күн тәртиби, өрт яки айрықша жағдайлар келип түскен хабар бойынша қандай ҳәрекетлениў тәртиби түсиндирилип, әмелий мысаллар көрсетилди.

Сондай-ақ, усы кәсипке қызығыўшылық билдирип, қутқарыўшы кәсибинде хызмет етиўди нийет еткен белсенди оқыўшылардан бири Бабуржан Тәңирбергеновқа Нөкис қалалық айрықша жағдайлар бөлими баслығы лаўазымында өзин сынап көриў ушын имканият жаратып берилди.

— Адамларға қыйын демлерде жәрдем бериўди жүдә қәлеймен, - дейди Бабуржан биз бенен өз тәсирлерин бөлисип. — Ертеклерде баҳадырлар қыйын жағдайда қалған халықты түрли апатлардан қутқарады. Усындай қаҳраманлықларға толы әдебий шығармаларды турақлы оқыў арқалы өзимди ержүрекликке, зейни өткирликке тәрбиялап бармақтаман. Бүгинги илажда болса айрықша жағдайлар бөлими искерлиги менен жақыннан танысып, өзимизге керекли билим ҳәм көнликпелерди ийеледик.

 

Ж.Джубанышев.

Нөкис қалалық айрықша жағдайлар бөлими баслығы, подполковник.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF