Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:45:21, 16.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЛИМЛЕНДИРИЎДЕ ЖАҢАША ТАЛАП

Республикамыздың улыўма билим бериў мектеплериндеги оқыў-тәрбия жумысларының жағдайларын бес бармағымдай билгеним менен журналист ағамыз Өмирбай Өтеўлиевтиң «Репетитор» билим, мектеп «аттестат» береди деген критикалық мақаласына ўақтында пикир айта алмай жүргенимизде, кәдирдан устазымыз, академик Жуманазар аға Базарбаевтың мақаласы маған қозғаў салды.

Жасыүлкен устаздың билдирген анық пикирлерин қайта-қайта оқый отырып, кеш болсада өзимниң ой-пикиримди билдиргенди мақул көрдим.

Устазымыз Жуманазар аға Базарбаев, 2017-жылға шекемги ўақыт ишинде муғаллим халқына жаратылған шараятлар, олардың жәми­йеттеги тутқан орны туўралы аттың қасқасындай етип келтирип өткен.

Әсиресе, устазымыз бүгинги күни айырым мектеп директорларының басқарыў уқыбының пәс екенлиги, директорлардың өзлери сабақ оқытпайтуғынлығы, олар тәрепинен муғаллимлердиң сабақларына кирип, олардың сабақ өтиў процесин тал­қылаў арқалы билим ҳәм тәжирийбесине баҳа берип турыўы лазымлығын атап өткен. Бул жүдә дурыс пикир деп есаплайман.

Ҳақыйқатында да, ҳәзирги ўақытта басым көпшилик мектеп директорлары сабақ аўыспады деген сылтаў менен өз қәнигелиги бойынша сабақ алып, оқытыўды қәлемейди.

Мектеп директоры ҳәм оның орынбасарлары қарар бойынша жылына 184 сабаққа кирип, сабақларды тал­қылап, сол арқалы мектептиң оқыў-тәрбия жумысларына баҳа берип барыўы лазым деп көрсетилген. Өзлери қәнигелиги бойынша сабақ оқытпаса, өзи қәнигелиги бойынша категорияға ийе болмаса, олар қалай жоқары ямаса биринши категорияға ийе муғаллимлердиң сабақларына кирип, оның жетискенлиги менен кемшилигин көрсете алады, яғный, сабақларды талқылай алады? Демек мектеп басшылары муғаллимлердиң сабақларын турақлы түрде қадағалап барыў төмен болғанлықтан, муғаллимлерде де жуўапкершилик жоғала баслайды. Бул пикир ашшы ҳақыйқатлық.

Усы жерде мектеп директорларының жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған бир-еки мысалды келтирмекшимен.

1993-жылдан баслап мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириўи мәмлекетимиз тәрепинен тест сынағы арқалы әмелге асырылатуғын болды. Ол ўақытлары улыўма билим бериў мектеплери 11 жыллық системасында еди.

Бул гәпти қозғаўымыздың себеби, мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириўи мәмлекетлик тест сынағы арқалы әмелге асырылыўы енгизилгеннен кейин еки жылдан соң, яғный, 1995-жылдан баслап 2004-жылға шекемги аралықта ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы мәмлекетлик тест орайы (сол ўақтағы директоры Мухитдинов Муқсин Мўминович) тәрепинен жоқары оқыў орынларына кириў тес­ти жуўмақланғаннан ке­йин белгили бир ўақытта мәмлекетимиздеги барлық ўәлаятлар қатарында бизиң республикамызда да Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң басшылығында Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында республикамыздың барлық Халық билимлендириў бөлимлериниң баслықлары, жергиликли ҳәкимиятлардың социаллық мәселелери бойынша ҳәким орынбасарлары ҳәм де 11-класын питкерген барлық орта мектеплердиң директорларының қатнасыўында мәжилис өткерилип, жоқары оқыў орынларына кириў тестиниң нәтийжеси қатаң түрде тал­қыланып, ҳәр бир мектептиң жумысларына баҳа берилетуғын еди. Ҳәтте, бирде-бир оқыўшысы жоқары оқыў орынларына кире алмаған, нәтийжеси төмен болған айы­рым районлық Халық билимлендириў бөлимлериниң баслықлары менен мектеп директорларын сол жердиң өзинде лаўазымынан азат етиўге шекемги  интизамий жаза шаралары көрилгениниң өзим гүўасы болғанман.

Сол ўақытлары улыўма билим бериў мектеплериниң рейтингин анықлаўда питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши айрықша орынды тутатуғыны үлкен әҳмийетке ийе еди.

Бундай усыллар өз гезегинде районлық, қалалық Халық билимлендириў бөлимлериниң баслықлары менен улыўма билим бериў мектеплериниң директорларының өз лаўазым шеңбериндеги жумысларға жүдә үлкен жуўапкершилик пенен қараўына тәсирин тийгизди. Себеби, нәтийжеге ерисиўи ушын пән муғаллимлерине ўазыйпалар қатаң түрде қо­йылып, орынланыўы қатаң түрде талап етилетуғын еди.  

2008-жылдан баслап улыўма билим бериў мектеплери толық 9 жыллық системаға өткерилгеннен кейин улыўма билим бериў мектеплери питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши ҳеш жерде талқыланбады. Улыўма билим бериў мектеплерин питкерген (9-класын) оқыўшылардың Академиялық лицейлерге кириў көрсеткиши дәслепки ўақытлары талқыланып, кейин ала бул да итибарсыз қалып кетти. Тек ғана «Билимлер беллесиўи», пәнлер олимпиадасы ҳәм бас­қада бир қатар көрсеткишлердиң нәтийжеси менен ғана мектеплердиң оқыў-тәрбия жумысларына баҳа берилип, олардың рейтинги шығарылып келинди.

Булда мектеплерде оқыўшылардың жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишиниң қадағалаўсыз қалыўына себеп болып қалды.

Және бир мысал келтирмекшимен.

Айдаўшылық гүўалығын алыўды қәлеўшилер автомобиль мектебинде (автошкол) оқығанда төмендегилерге итибар қаратылады. Егер кимде-ким «В» категориясын алса, оған тек жеңил автомашина айдаўға рухсат етиледи. Ал айдаўшылықты кәсип ететуғынлар болса «С», «Д» , «Е» категорияларын алыўы лазым. Бундағы айтпақшы бол­ғаным, автомашина түрлерин басқарыўда категория үлкен роль ойнайды. Егер гүўалықтағы категория басқарып киятырған автомашинаңа сәйкес келмесе, жол инс­пекторлары тәрепинен жәриймаға тартыласаң. Бул қатаң қадағалаўға алынған.

Ал, Халық билимлендириў тараўындағы улыўма билим бериў мектеплериниң муғаллимлери де ҳәр 5 жылдан аттестациядан өткерилип, олар­ға жоқары, биринши, екинши категориялары бериледи.

Мәселен, ҳәзирги ўақытта республикамыздағы 725 улыўма билим бериў мектебинде жәми 36040 педагог хызметкер мийнет етип атыр­ған болса, олардың 894и (2,5 процент) жоқары 3700и (10,3 процент) биринши, 8883и (24,6 процент) екинши категорияға ийе болса, қалған 18273и (50,7 процент) қәниге категориясына ийе.

Бирақта республикамыздың басым көпшилик улыўма билим бериў мектеплеринде пән муғаллимлерине категорияларына ҳәм оқытыў усылларына қарап классларды бөлистириўге толық итибар қаратылмай киятыр. Қайсы муғаллим қандай категорияға ийе болыўына ҳәм де оқытыў тәжирийбесине қарамастан, оларға ҳәптелик жүклемеси кеўлине қарап, бала-шағасын бағыўы керек деген пикир менен қалай болса, солай бөлистириледи. Бундай жағдайлар да мектеплерде билим бериўдиң сапасының пәсейиўине өзиниң тәсирин тийгизбей қоймайды.

Бул жерде және де устазымыз атап өткениндей, мектепти басқарыўдың дурыс жолға қойылыўы көзге тасланады. Мәселен, мектеп директоры қадағалаў комиссия­сын дүзип, оқыў жылының жуўмағында ҳәр бир пән муғаллиминиң жумысына, яғный, сабақларға кирген анализи, шереклик алынған қадағалаў жумысларының нәтийжеси, олардың жоқары оқыўға кириў көрсеткишлерин ҳ.т. басқа да көрсеткишлерди есапқа алып, олардың ҳәр бирине ҳақыйқый баҳасы берилип, бул жуўмақларды жаңа оқыў жылының алдында өтилетуғын педагогикалық кеңестиң күн тәртибиндеги ең әҳмийетли мәселе етип қойып, талқылап барылса, әлбетте, нәтийже болары анық.

Буған және бир мысал, ҳәзирги ўақытта республикамыз бойынша министрликке қараслы 33 ҳәр қыйлы пәнлерге қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеплери болып, қәнигелестирилген класс­ларға жоқары ҳәм биринши категорияға ийе пән муғаллимлериниң сабақ бериўи Нызам тийкарында белгиленген. Бирақ, жоқарыдағы айтқанымыздай, олардың ҳәммесинде жоқары ҳәм биринши категориялы, билимли, тәжирийбеси бар муғаллимлер сабақ берип атыр ма деген сораўларға толық деп жуўап бериў қыйын. Сондай-ақ, қәнигелестирилген мектеплердиң питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлери де айтарлықтай көзге тасланып атырған жоқ. Бул мәселе де өз гезегинде қатаң қадаға­лаўға алыныўы зәрүр мәселениң бири.

Сондай-ақ, устазымыз, академик Жуманазар аға Базарбаевтың мақалада анық келтирип өткениндей, педагог хызметкерлердиң билимлендириўге байланысы жоқ жумыслар менен бәнт болыўы, яғный, шембиликлерге, пахта тәрбиясы ҳәм жыйын-теримине қатнасыў сыяқлы жумыслардың муғаллимлердиң тийкарғы жумысларының бирине айланыўы, улыўма билим бериў мектеплеринде билим бериўдиң сапасының төменлеп кетиўине алып келгенлиги белгили.

2016-жылдан баслап Ш.М. Мирзиёев мәмлеке­тимиз Президенти болып cайланғаннан кейин бир жыл өтип мәмлекетимизде халық билимлендириў тараўын түпкиликли реформалаўға қаратылған бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, усы тийкарда кең көлемли өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.

Атап айтқанда, педагог-хызметкерлердиң жәмийеттеги абырайын көтериў, оларды материаллық ҳәм мораллық жақтан хошаметлеў арқалы елимизде билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаўға кең имканиятлар жаратылмақта.

Ҳәзирги ўақытта улыўма билим беретуғын мектеплеринде оқыўшы-жасларға тәлим-тәрбия бериўде пида­йылық пенен мийнет етип киятырған оқытыўшыларымыздың жәмийеттеги абырайы арта баслады.

Себеби, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен муғаллим ҳәм устазлардың айлық ис ҳақылары избе-излик пенен белгили дәрежеде арттырылмақта, олардың шаңарақ ағзаларының исбилерменлик пенен шуғылланыўына имканиятлар жаратылды, мәж­бүрий мийнеттен азат етилди, қайсы муғаллим пидайылық пенен мийнет етип, келешек әўладларға сапалы билим ҳәм тәрбия берсе, яғный, билимлендириў тараўының раўажланыўына ҳәр тәреплеме үлес қосса, олар өз мийнетине қарай мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланып келинбекте.

Әлбетте, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында ҳүкиметимиз тәрепинен көрсетилип атырған бундай шараятлар муғаллимлер ҳәм устазларымыздың өз кәсибине деген меҳирин және де арт­тырмақта.

Нәтийжеде өткен қысқа ўақыт ишинде мектеплеримизде оқыўшы-жасларымыз­ға терең билим ҳәм тәрбия бериў барысында нәтийжелер көзге таслана баслады.

Мәселен, өткен жылы 8-10-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өткен улыўма билим бериў мектеплериниң 11-класс оқыўшылары, орта арнаўлы, кәсип-өнер колледжлери оқыўшы-жаслары арасында пәнлер олимпиадасында 5 оқыўшымыз сыйлы орынларды ийелеп, командалық есапта оқыўшыларымыз Ташкент қаласынан кейин сыйлы 2-орынды жеңип алды.

Пән олимпиадасында сыйлы орынларды ийелеген оқыўшы-жасларымыз пән бағдары бойынша жоқары оқыў орынларына тест сынағысыз кирип, студент болыў бахтына миясар болды.

Сондай-ақ, өткен жыл август айында қубла Африка мәмлекетиниң Дурбан қаласында мектеп оқыўшылары арасында болып өтетуғын Халықаралық математика жарысына (IМС-2019) Шымбай районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Дамир Дилмуратов ҳәм усы жылы июль айында Россия Федерациясының Санкт-Петербург қаласында мектеп оқыўшылары арасында экономикалық билим тийкарлары пәни бойынша инглис тилинде болып өтетуғын Халықаралық таңлаўға Нөкис қаласындағы 46-санлы қәниге­лестирилген мәмлекетлик улыўма билим мектебиниң 10-класс оқыўшысы  Алибек Аметбеков Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасып, жақсы нәтийжеге еристи.

Бул табыслардың қолға киргизилиўинде әлбетте, ҳүрметли Президентимиздиң билимлендириў тараўы хызметкерлерине қаратып атыр­ған дыққат-итибарының нәтийжесинен деп билемиз.

Енди журналист ағамыз Өмирбай Өтеўлиевтиң мақаласында сөз етилген мектеплердиң материаллық-техникалық аўҳаллары туўралы пикир айтатуғын болсақ, айы­рым мектеплердиң техникалық жағдайлары заманагөй усылда болмағаны менен ҳәр жылы «Инвестиция», «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында мектеплерди жаңадан қурыў, реконструкция етиў ҳәм капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Әсиресе, бурын жергиликли бюджеттен мектеплердиң материаллық-техникалық базаларын беккемлеўге қаржы ажыратыў жоқтың қасында еди, ал, кейинги 2-3 жылдың ишинде жергиликли бюджеттен қаржы ажыратыў жоқары дәрежеге көтерилди.

Республикамызда  ҳәзирги ўақытта Халық билимлендириў министрлигине қараслы 725 улыўма билим бериў мектеби болып, олардан 661 мектеп заманагөй компьютер класс комплекти менен тәмийинленген, 663 мектеп «Зиёнет» тармағына жал­ғанған. Буннан қала берсе, улыўма билим бериў мектеплеринде информатика ҳәм шет тиллери пәнлерин оқытыў сапасын арттырыў жойбары тийкарында компьютер техникалары, элек­трон тахталар, проекторлар, телевизорлар ҳ.т. бас­қа да зәрүр болған әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Улыўма билим бериў мектеплеринде пән муғаллимлериниң билим сапасын көтериў мақсетинде қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арт­тырыў курс­ларында оқытыў методикалары жетилистирилди. Муғаллимлердиң сабақ өтиў процесине жаңа педагогикалық технологиялар ҳәм инновациялық жаңалықлар енгизилмекте. Грант тийкарында муғаллимлеримиз шет еллерде тәжирийбелерин арттырып келип атыр. Сонлықтан да бүгинги күни мектеплердиң материаллық-техникалық базаларын беккемлеўде айтарлықтай жумыслар алып барылмақта.

Енди мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў мәселесине келсек, «барлық питкериўшилер тек репетитор арқалы кирип атыр,  солар ғана билим берип атыр» деген пикирге пүткиллей қосыла алмайман. Анық есап-санағын келтирмеген менен районларда балаларын репетиторларға бериўге улыўма имканияты жоқ шаңарақлардың балалары жоқары оқыў орынларына кирип, оқып атырғанын билемиз.

Енди алдағы ўазыйпаларға келсек, ҳүрметли Президентимиздиң көп санлы ата-аналардың өтиниш-тилеклери менен улыўма билим бериў мектеплеринде 10-11-класс­лардың  шөлкемлестирилиўи, мектеп басшыларына қайтадан қатаң жуўапкершиликтиң жүкленгенинен дерек береди.

Усы жылдың февраль айы­ның ақырында министрликтиң коллегия мәжилисинде өткен жылда мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў нәтийжелери бойынша мәселе қаралыўы көзде тутылмақта.

Сондай-ақ, өткен жылдан баслап барлық улыўма билим бериў мектеплеринде «Бақлаў кеңеси» шөлкемлестирилди. Бундағы мақсет ҳәр шерек жуўмағында мектеплердеги оқыў-тәрбия жумысларының жағдайлары, ондағы берилип атырған билимниң сапасы туўралы мектеп басшылары «Бақлаў кеңеси» есабат береди. Улыўма билим бериў мектеплеринде «Бақлаў кеңеси» тәрепинен талап дәрежесинде жумыслар алып барылса, булда мектеплерде билим сапасының жоқарылаўына өз тәсирин тийгизеди. «Бақлаў кеңеси»не оқыў жылының жуўмағына қарап мектеп басшыларының жумысына баҳа бериў, лазым деп тапса, олар менен мийнет шәртнамасын тоқтатыў туўралы министрликке усыныс бериў ҳуқықы берилген. Бул мектеплерде билим сапасының дәрежеси жоқарылаўына тәсирин тийгизеди.

Сондай-ақ, 2021-жылдан баслап мәмлекетимиздеги улыўма билим бериў мектеплеринде тәлим-тәрбия алып атырған, 15 жастағы окыўшылардың билим сапасы Ха­лық­аралық баҳалаў системасы (PISA) арқалы баҳаланыўы, және де мектеп басшыларына  жуўапкершиликти күшейтеди деп ойлаймыз.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў минис­трлиги тәрепинен улыўма билим бериў мектеплеринде 2019-2020-оқыў жылынын III шерегинен баслап вариативлик оқыў режесин тәжирийбе сынаўдан өткериў жолға қойылып,  ҳәзирги ўақытта республикамызда 38 мектепте (бунда республикамыздағы барлық қала ҳәм районда) вариативлик оқыў режеси енгизилип, тәжирийбе сынаўдан өткерилмекте. Бул жумыслар республикамыздың улыўма билим бериў мектеплери питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириўине бағдарланған. Бул өз нәтийжесин берсе, мектеп питкериўшилеримиз репетиторсыз жоқары оқыў орынларына кириў имка­ниятына ийе болады.

«Самал болмаса шөптиң басы қыймылдамайды» деген гәп бар халқымызда. Газетада жәрияланған критикалық мақалалардың екеўинде де көтерилген мәселеге халық билимлендириў тараўының ҳәр бир хызметкери жуўапкершилик пенен қарайды.  Өйткени муғаллим сылтаўды сүймейтуғын халық.

Жуўмақлап айтқанда халық билимлендириў тараўында келешекте үлкен жетискенликлер болатуғынына биз беккем исенемиз. 

 

Әдилбай Еримбетов,

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң бөлим баслығы,

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF