Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:21:45, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМ  ЖОЙБАРЛАРЫ  ДОДАЛАНДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши жалпы мәжилисинде көрип шығылыўы белгиленген нызамларды додалаўға бағыш­ланған мәжилис өткерилди.

Мәжилиске Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң ағзалары, Олий Мажлис Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасы депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслериниң депутатлары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев алып барды.

Олий Мажлис Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Б.Тажиев, сенаторлар Г.Аннақлычева, Ш.Уснатдинов, О.Атаниязова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Олий Мажлис Сенатының екинши жалпы мәжилисинде көрип шығылыўы белгиленген Халықты дизимге алыў, Аўыл хожалығы өсимликлерин зыянкеслер, кеселликлер ҳәм жабайы шөплерден қорғаў, Метеорология, Баспа жумысы, Пуқаралардың жәмийетлик тәртипти сақлаўда қатнасыўы, Халықаралық саўда арбитражы ҳаққындағы нызамлар туўралы пикир-усынысларын билдирди.

— Бүгинги ҳәр бир жаңа күнимиз жаңалықларға, дөретиўшиликлерге бай болып атыр. Булардың барлығы Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатында көрсетилген әҳмийетли бағдарлардың турмысымызға тез пәт пенен енгизилип атырғанлығы өз сәўлелениўин таппақта. Әсиресе, ҳәр бир депутат халық исенимине ерисип, машқалалары менен жасап атырған бир дәўирде, биз енди кешеги депутат, кешеги сенатор емеспиз,  деген түсиниклер олардың халық арасына еле де көбирек кирип барыўына имканият жаратпақта ҳәм олардың бүгинги маш­қалалары менен жасаўға шақырмақта,-дейди сенатор Г.Аннақлычева. — Бүгингидей мәжилис депутатлар жумысында биринши мәрте өткерилип атыр.

Атап айтқанда, жәмийетлик тәртипти сақлаўда мәҳәллелердеги пуқаралар ықтыярлы түрде қатнасады. Демек, жәмийетлик тәртипти сақлаўда мәҳәллениң орны үлкен. Бирақ нызам жойбарында, ишки ислер уйымлары, жуўапкер шөлкемлер менен бирликте, деген сөзлер көплеп қолланылып, мәҳәлле сөзи онша көринбеген. Бул нызам менен тастыйықланып көрсетилсе мақсетке муўапық болар еди.

Сондай-ақ, баспа жумысы ҳаққындағы нызам да ҳәзирги ўақытта оғада зәрүр. Себеби, ол китап баспасының раўажланыўына, баспадан шығарылып атырған ҳәр бир китаптың оқыўшыларға жеткерилиўине, авторлардың ҳуқықларының белгилениўине хызмет етеди. Бирақ автор китабын баспадан шығарыў ушын қәрежети жетпеўи мүмкин. Сонда қәўендер табылып оның китабының шығарылыўына қаржылай жәрдем көрсетеди. Ал, китап шыққаннан кейин болса, усы китаплар шәртнама бойынша пулды төлеген шахсқа тийисли болады. Китаптың кейинги тәғдири белгисиз болып қалады. Нызамда усы мәселелер де анық белгилениўи ушын пикир-усыныслар билдирилди.

Бүгинги мәжилисте нызам жойбарларына билдирилген пикирлер Олий Мәжлисте есапқа алынатуғынлығына исенемиз.

Мәжилисте депутатлар тәрепинен усы нызам жойбарларын орынларда, әсиресе, тийисли тараў қәнигелери арасында кең түрде додалаў белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF