Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:15:41, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖӘМИЙЕТТЕ СОЦИАЛЛЫҚ-МӘНАЎИЙ ОРТАЛЫҚТЫ САЛАМАТЛАНДЫРЫЎ, МӘҲӘЛЛЕ ИНСТИТУТЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ ЖӘНЕ ШАҢАРАҚ ҲӘМ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР МЕНЕН ИСЛЕСИЎ СИСТЕМАСЫН ЖАҢА ДӘРЕЖЕГЕ АЛЫП ШЫҒЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өткен қысқа дәўирде халықтың маш­қалаларын анықлаў ҳәм шешиў бо­йынша «Мәҳәлле — сектор — Халық қабыллаўханасы — мәҳә­л­ле» принципи тийкарында нәтийжели бирге ислесиў системасын енгизиў, мәҳәллени халық пенен мәмлекет арасында исенимли «көпир» болыўын әмелде тәмийинлеў, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында комплексли илажлар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, пуқаралар жыйынларына сәйкес келмейтуғын функциялар жүкленип, олардың басқа төменги уйымлар менен бирге ислесиўи системалы жолға қойылмағанлығы, шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм кекселерге жәрдем көрсетиўдиң толық системасы жоқ екенлиги, хуқықбузарлықлардың ўақтында алдын алыў бо­йынша көрилип атырған илажлар нәтийжели пайда бермей атырғанлығы жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты саламатландырыў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге унамсыз тәсир көрсетпекте.

Халықтың татыўлығын тәмийинлеў, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў, нураныйлардың жәми­йетлик белсендилигин арттырыў, мәҳәллени жынаятшылықтан тыс аймаққа айландырыўда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ролин ҳәм абырайын және де беккемлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январьдағы Олий Мажлиске Мүрәжатында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Нызамына муўапық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысына мәмлекетлик уйымлардың ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының араласыўына жол қойылмайтуғынлығы, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын әмелге асырыўы ушын зәрүр шараят жарататуғыны, нызам ҳүжжетлери менен берилген ўәкилликлерди әмелге асырыўда оларға жәрдем беретуғынлығы ай­рықша аталып өтилсин.
  2. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңес, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Өзбекстан ветеранларының жәмийетлик жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры ҳәм мәҳәллелер белсендилериниң ҳәр бир мәҳәлледе «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципине тийкарланған төмендеги бағдарларды нәзерде тутатуғын жаңа системаны енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

жәмийеттиң бийтәкирар социаллық структурасы есапланатуғын мәҳәлле институтын халықтың шын мәнисиндеги кеңесгөйи ҳәм жәрдемшисине айландырыў, оның ролин ҳәм әҳмийетин арттырыў;

ҳаял-қызлардың жәмийетлик белсендилигин қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги орнын беккемлеў, ҳуқықый ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў;

жәмийет ҳәм шаңарақта саламат ҳәм турақлы социаллық-мәнаўий орталық және тынышлықты, татыўлық ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеўдиң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин түп-тийкарынан реформалаў;

мәҳәлле институтының ишки ислер уйымлары, басқа да мәмлекетлик уйым­лар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен үзликсиз, системалы бирге ислесиўин жолға қойыў;

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының хызметкерлери ҳәм ишки ислер уйымларының таяныш пункти профилактика (үлкен) инспекторларының (кейинги орынларда — профилактика инспекторы) ролин ҳәм абырайын және де арттырыў, еркинлигин және ўәкилликлериниң әмелий нәтийжелилигин тәмийинлеў;

тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм хызметкерлердиң мийнетин мүнәсип хошаметлеў ҳәм материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаў.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (кейинги орынларда — Министрлик) және оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм ра­йон (қала)лық бөлимлери шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер Министрликтиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

 жәмийетте «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципиниң толық ҳәм нәтийжели енгизилиўинде ҳәр тәреплеме жәрдем бериў, шаңарақлар ҳәм мәҳәллелердеги социаллық-мәнаўий орталықты саламатландырыўда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен тығыз бирге ислесиўин орнатыў;

 шаңарақ институтын беккемлеў бойынша, бәринен бурын, «Саламат шаңарақ — саламат жәмийет» идеясын турмысқа енгизиўге бағдарланған бирден-бир мәмлекетлик сиясатты алып барыў, тыныш емес ҳәм машқалалы шаңарақларға мәнзилли жәрдем бериўди шөлкемлестириў;

ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжели әмелге асырылыўын тәми­йинлеў, олардың ҳуқықый ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы ролин ҳәм белсендилигин арттырыў, ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын теңдей ҳуқық және имканиятлар кепилликлерин тәмийинлеў;

ҳаял-қызлардың машқалаларын өз ўақтында анықлаў, жәрдемге мүтәж бол­ған ҳәм аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, соның ишинде, майыплығы болған ҳаялларға социаллық-ҳуқықый, психологиялық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў;

ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәми­йинлеў, мийнет шараятларын жақсылаў, ҳаял-қызларды, әсиресе, аўыллық жерлердеги жас қызларды шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликке, өнермент­шиликке кеңнен тартыў мәселелерин ҳәр тәреплеме мәнзилли қоллап-қуўатлаў;

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын қоллап-қуўатлаў, олардың хуқықый ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, мәҳәлле системасын раўажландырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жәмийеттеги орнын ҳәм ролин күшейтиў, халықтың күнделикли машқалалары менен ислесиў ҳәм тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдағы абырайын арттырыў;

мәҳәллелерде нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм хуқықбузарлықлардың алдын алыў мәселелеринде ишки ислер уйымлары, басқа да мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң өз-ара бирге ислесиўин беккемлеў;

жалғыз кекселер, социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем бериў, социаллық қоллап-қуўатлаўды тәмийинлеўде ҳуқықый, методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў, нураныйлардың билимли ҳәм бай турмыслық тәжирийбесинен жаслар мәна­ўиятын арттырыў, оларда ўатансүйиўшилик  руўхын беккемлеў мәселелеринде нәтийжели пайдаланыў;

пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаў және тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўге қаратылған комплексли илажларды әмелге асырыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы және «Мәҳәлле» оқыў-методикалық ҳәм илимий-изертлеў орайы негизинде «Мәҳәлле ҳәм шаңарақ» илимий-изертлеў институты шөлкемлестирилсин ҳәм Министрликтиң структурасына өткерилсин.

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети еки ай мүддетте «Мәҳәлле ҳәм шаңарақ» илимий-изерт­леў институтының жумысын шөл­кемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. Төмендегилердиң:

Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети ҳәм Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапық­ластырыў бойынша республикалық кеңеси басшы уйымларының усы шөлкемлерди сапластырыў ҳаққындағы;

Өзбекстан ветеранларының жәми­йетлик жумысын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик бирлеспеси түриндеги «Нураный» қорының (кейинги орынларда — «Нураный» қоры) Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район(қала)лық бөлимлерин сапластырыў ҳаққындағы қарарлары мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Өсип киятырған жас әўладты әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды олардың сана-сезимине сиңдириў және жоқары мәнаўиятлы ҳәм садық етип тәрбиялаўға кексе әўлад ўәкиллериниң жәмийетлик белсендилигин арттырыў мақсетинде Министрлик «Нураный» қоры және мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте әмелге асыратуғын илажлар бағдарламасын тастыйықласын.

Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў минис­триниң (кейинги орынларда — министр), Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң және ўәлаятлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў басқармалары баслықларының ти­йисли орынбасарлары — Өзбекстан Республикасы Қорғаныў минис­трлиги жанындағы Жәмийетлик кеңес, оның  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси  ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери жанындағы регионаллық бөлимлериниң басшылары есапланатуғынлығы белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси структурасына — министр менен келисилген ҳалда нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары — мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри лаўазымы;

ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери структураларына — министр менен келисилген ҳалда нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын ҳәкимниң орынбасарлары — мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў басқармалары баслықлары лаўазымы;

район (қала) ҳәкимликлери структураларына — министр менен келисилген ҳалда нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте лаўазымға та­йынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын ҳәкимниң орынбасары — мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы лаўазымы киргизилсин.

  1. Төмендегилер:

Министрлер Кабинети атқарыўшы структурасындағы — Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары — Ҳаял-қызлар комитети  баслығы лаўазымы;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси структурасындағы — Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары — Ҳаял-қызлар комитети баслығы лаўазымы;

ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери структурасындағы — ҳәкимниң орынбасары — Ҳаял-қызлар комитети баслығы лаўазымы;

район (қала) ҳәкимликлери структураларындағы — ҳәкимниң орынбасары — Ҳаял-қызлар комитети баслығының лаўазымы;

район (қала) ҳәкимликлери структураларындағы — ҳәкимниң орынбасары — Ҳаял-қызлар комитети баслығы лаўазымы сапластырылсын.

  1. Министрлик шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм кекселерди қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен бирге ислесиўин орнатыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланатуғынлығы;

Министрлик тәрепинен өз ўәкиллиги шеңберинде қабыл етилген қарарлардың орынланыўы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, басқа да шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары, сондай-ақ, пуқаралар ушын мәжбүрий есапланатуғынлығы;

 Министрликтиң аймақлық бөлимлери баслықлары ҳәр шеректе ти­йисли халық депутатлары Кеңеслериниң мәжилислеринде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысында ушырасып атырған әҳмийетли машқалалар ҳәм кемшиликлер және олардың шешими бойынша мәлимлеме беретуғынлығы;

министр ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жалпы мәжилисинде Минис­трликтиң жумысы бойынша және тараўдағы системалы машқалалар ҳәм олардың шешими ҳаққында мәлимлеме беретуғынлығы;

Министрлик ҳаял-қызлар мәселелери бойынша басланғыш шөлкемлерге ҳәр тәреплеме жәрдем бериў және олардың жумысының нәтийжелилигин арттырыўда жуўапкер есапланатуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан «Мәҳәлле» қайыр­қомлық жәмийетлик фонды (кейинги орынларда — «Мәҳәлле» фонды), Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды және «Нураный» қорының:

«Мәҳәлле» фондының қаржылары есабынан «Нураный» қорының жумысына байланыслы болған қәрежетлерди, сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысы менен байланыслы болған қәрежетлер (айлық мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерди төлеўден тысқары) ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының хызметкерлерине бир жылда бир мәрте төленетуғын лаўазым айлығы муғдарындағы материаллық жәрдем қәрежетлерин қаржыландырыў;

Министрликтиң аймақлық бөлимлери баслықларының биринши орынбасарларын — Ҳаял-қызлар жәми­йетлик кеңеслери баслықлары етип белгилеў;

Министрликтиң аймақлық бөлимлери баслықларының тийисли орынбасарларын — Нураныйлар жәми­йетлик кеңеслери баслықлары етип белгилеў ҳаққындағы басламасы қоллап-қуўатлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңеси, «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм кең жәмийетшиликтиң:

пуқаралар жыйыны баслығы бес жыл мүддетке сайланыўы ҳаққындағы;

мәҳәлле институтының жәмийетимиздиң социаллық-мәнаўий турмысында тутқан орнын есапқа алып, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 22-март сәнесин «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» деп жәриялаў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары және профилактика инс­пекторларына жүкленген, басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ўәкилликлерин қайталайтуғын, артықша ҳәм сәйкес келмеген ўазыйпалар менен функциялар 1а ҳәм 1б-қосымшаларға муўапық дизимлер бойынша қысқартылсын.

Министрлик ҳәм Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте усы бәнттиң орынланыўы бойынша тийисли нормативлик-хуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин.

Пуқаралардың  өзин-өзи басқарыў уйымларына тийкарғы жумыс бағдарларынан тысқары функцияларды тек ғана мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер  менен ҳақы төлеўди нәзерде тутатуғын шәртнама тийкарында әмелге асырыў хуқықы берилсин.

  1. Министрлик пуқаралар жыйынлары хызметкерлерин олардың ўазыйпа ҳәм жумыс бағдарларына байланыслы болмаған мәжилис ҳәм басқа да илажларға тартыў, олардың жумысына тийкарсыз араласыў, тийисли болмаған ўазыйпаларды жүклеў қадаған етилгенлиги ҳаққындағы талаптың әмелде сөзсиз орынланыўын тәмийинлесин.

Усы талапты бузғанлығы ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жуўапкер ҳәм лаўазымлы шахсларын ийелеп турған лаўазымынан азат етиўге шекемги болған жаза илажларын қолланыў бойынша ҳәр шереклик тийкарда Өзбекстан Республикасы Бас министрине усыныслар киргизип барыў әмелияты жолға қо­йылсын.

  1. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары структурасында:

а) төмендеги лаўазымлар сап­ластырылсын:

пуқаралар жыйыны баслығының орынбасары — жәмийетлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелер бойынша кеңесгөйи;

пуқаралар жыйыны баслығының орынбасары — исбилерменлик, қыйтақ жер ийелериниң жумысына жәрдем бериў ҳәм абаданластырыў жумыслары бойынша кеңесгөйи;

пуқаралар жыйыны баслығының орынбасары — жаслар мәcелелери бо­йынша кеңесгөйи;

пуқаралар жыйыны баслығының орынбасары — кекселер ҳәм ветеранлардың жумыслары бойынша кеңесгөйи;

б) төмендеги лаўазымлар кир­гизилсин:

пуқаралар жыйыны баслығының ҳуқық-қорғаў мәселелери бойынша орынбасары;

пуқаралар жыйыны баслығының шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-мәнаўий мәселелер бойынша орынбасары;

пуқаралар жыйыны баслығының абаданластырыў, қыйтақ жер ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша орынбасары;

шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қәниге;

пуқаралар жыйыны баслығының жаслар мәселелери бойынша кеңес­гөйи;

в) төмендеги жәмийетлик структуралар сапластырылсын:

жарастырыў комиссиясы;

мәрипат ҳәм мәнаўият мәселелери бойынша комиссия;

социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша комиссия;

жас өспиримлер, жаслар ҳәм спорт мәселелери бойынша комиссия;

исбилерменлик жумысын ҳәм шаңарақлық бизнести раўажландырыў мәселелери бойынша комиссия;

жәмийетлик қадағалаў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бойынша комиссия;

«Мәҳәлле сақшысы» жәмийетлик структурасы;

г) төмендеги комиссиялар шөлкемлестирилсин:

шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў комиссиясы;

социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетлик қадағалаў бойынша комиссия.

  1. Пуқаралар жыйыны баслығының хуқық-қорғаў мәселелери бо­йынша орынбасарының ўазыйпасын атқарыў профилактика үлкен инс­пекторы, бул лаўазым болмаған жағдайда профилактика инспекторына жүкленетуғыны;

ҳәр бир мәҳәлледе оның криминоген жағдайы ҳәм халқы  санынан келип шыққан ҳалда кеминде биреўден профилактика инспекторы хызметти алып баратуғыны;

пуқаралар жыйыны баслығының шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-мәнаўий мәселелер бойынша орынбасары лаўазымы ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда мәнаўий қәдириятларды беккемлеў бойынша қәниге лаўазымы орнына, ҳәр бир пуқаралар жыйынында биреўден, сондай-ақ, жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаржыландырыў тәртибин сақлаған ҳалда енгизилетуғыны;

шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қәниге лаўазымы ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бо­йынша қәниге лаўазымы орнына, шаңарақлардың саны 2 000 ҳәм оннан аслам болған пуқаралар жыйынында биреўден, сондай-ақ, жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаржыландырыў тәртибин сақлаған ҳалда енгизилетуғыны;

пуқаралар жыйыны баслығының абаданластырыў, қыйтақ жер ҳәм исбилерменлик мәселелери бо­йынша орынбасары лаўазымы пуқаралар жыйынының жуўаплы хаткери лаўазымы орнына, ҳәр бир пуқаралар жыйынында биреўден, сондай-ақ, жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаржыландырыў тәртибин сақлаған ҳалда енгизилетуғыны;

пуқаралар жыйыны баслығының жаслар мәселелери бойынша ҳәм кекселер ҳәм ветеранлар жумыслары бо­йынша кеңесгөйлери жәмийетлик тийкарда жумыс алып баратуғыны;

пуқаралар жыйыны баслығының шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-мәнаўий мәселелер бойынша ҳәм абаданластырыў, қыйтақ жер ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша орынбасарлары, сондай-ақ, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қәниге пуқаралар жыйыны баслығының усынысына тийкарланып пуқаралар жыйыны кеңеси тәрепинен лаўазымға тастыйықланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгиленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

пуқаралар жыйыны баслығы — кекселер ҳәм ветеранлар ислери бойынша кеңесгөй, шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў комиссиясы, «Кекселер мәсләҳәти» топарының;

пуқаралар жыйыны баслығының ҳуқық-қорғаў мәселелери бойынша орынбасары — жаслар мәселелери бо­йынша кеңесгөй, «Пидайы жаслар» жәмийетлик патруль топарының;

пуқаралар жыйыны баслығының шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-мәнаўий мәселелер бойынша орынбасары — ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша комиссия, «Ата-аналар университети» жәмийетлик структурасының;

пуқаралар жыйыны баслығының абаданластырыў, қыйтақ жер ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша орынбасары — социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетлик қадағалаў бойынша ҳәм экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша комиссиялардың жумысын шөлкемлестиреди ҳәм муўапықластырады.

  1. Пуқаралар жыйыны баслығына төмендеги қосымша ҳуқықлар бе­рилсин:

тийисли аймақтағы профилактика инспекторының жумысына баҳа бериў ҳәм оны хошаметлеў ямаса оған ийелеп турған лаўазымынан азат етиўге шекемги жаза илажларын қолланыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты ишки ислер бас басқармалары ҳәм ўәлаятлардың ишки ислер басқармаларына көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныс хатын киргизиў;

турақ жай мүлк ийелериниң улыўма мәжилисине басқарыўшы шөлкем, басқарыўшы ямаса ширкет басқармасының баслығы менен дүзилген шәртнаманы бийкар етиў ҳаққында усыныс киргизиў;

көп квартиралы турақ жайларды бас­қарыўға байланыслы мәселелерде турақ жай мүлк ийелериниң келисими тийкарында олардың атынан басқарыўшы шөлкем, басқарыўшы ямаса ширкет басқармасының баслығы менен өз-ара қатнасықларға кирисиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң төмендеги лаўазымларды өзгертиў бойынша усынысы мақуллансын:

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Ташкент ўәлаяты Ишки ислер бас басқармасы ҳәм ўәлаятлардың ишки ислер басқармалары ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармаларының баслықлары, Ташкент қаласы Ишки ислер бас басқармасы баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасары лаўазымлары тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты Ишки ислер бас басқармалары ҳәм ўәлаятлардың ишки ислер басқармалары баслықларының орынбасарлары — ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармаларының баслықлары лаўазымына;

район(қала)лық ишки ислер уйымлары баслықларының жаслар мәселелери бойынша орынбасарлары — ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлими (бөлимшеси)ниң баслықлары, жаслар мәселелери бойынша орынбасарлары лаўазымлары тийислисинше район(қала)лық ишки ислер уйым­лары баслықларының ҳу­қық­бузарлықлар профилактикасы мәселелери бойынша орынбасарлары лаўазымларына.

  1. Профилактика инспекторлары 5 жыл мүддетке лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм оларды усы мүддет даўамында басқа лаўазымға өткериў қадаған етилетуғыны (жоқары туратуғын баслық лаўазымға өткериў ямаса нызам яки ишки тәртип қағыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкершиликке тартыў жағдайлары буған кирмейтуғыны);

район (қала)лық ишки ислер уйымларының баслықлары, олардың қурамындағы бөлимлери ҳәм ишки ислер бөлимлери (бөлимшелери)ниң баслықлары үстинлик тийкарында профилактика инспекторы лаўазымында кеминде 5 жыл жумыс ислеген хызметкерлер арасынан тайынланатуғыны;

профилактика инспекторлары лаўазымларына, қағыйда түринде, жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған шахслар тайынланатуғыны;

профилактика инспекторын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты ишки ислер бас басқармалары және ўәлаятлардың ишки ислер басқармалары баслықларының усынысларына тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң жәми­йетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

район(қала)лық ишки ислер уйым­лары баслықларының ҳуқықбузарлықлар профилактикасы мәселелери бойынша орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри тәрепинен оның жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасарының усынысына бола лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

профилактика инспекторларын хошаметлеў ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң жәмийетлик тәртипти сақлаў бо­йынша орынбасары тәрепинен, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты Ишки ислер бас басқармалары ҳәм ўәлаятлардың Ишки ислер басқармалары баслықларының орынбасарлары — ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармаларының баслықлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

аймақлық ишки ислер уйымлары жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўди хошаметлеў қорларының қаржылары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты Ишки ислер бас басқармалары ҳәм ўәлаятлардың Ишки ислер басқармалары баслықларының орынбасарлары — ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармалары тәрепинен қабыл етилетуғын қарарына тийкарланып белгиленген тәртипте жумсалатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасарына — профилактика инспекторларының жумысына араласыў, оларды хызмет ўазыйпаларына байланыслы болмаған жумысларға тартқанлығы ушын аймақлық ишки ислер уйымларының басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлерине тиккелей ҳәкимшилик жаза илажларын қолланыў ўәкиллиги берилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги:

еки ай мүддетте ишки ислер уйым­ларының әмелдеги штатлар саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде тийисли ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимлеринде кадрлар менен ислесиў бөлимин (бөлимшесин, топарын) шөлкемлестирсин;

үш ай мүддетте  Жоқарғы суд, Бас прокуратура ҳәм Әдиллик минис­трлиги менен биргеликте ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, олардың ерте алдын алыўға қаратылған тәсиршең системаны қәлиплестириў мақсетинде профилактика инспекторларының ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды көрип шығыў ҳәм тиккелей ҳәкимшилик жаза илажларын қолланыў ўәкиллигин кеңейтиў бойынша нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 2020-жыл 1-апрельден баслап, пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў (кейинги орынларда — ПҲАЖ) уйымларының жумысын системалы қадағалаў, маман кадрларды таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў, ҳуқықты қолланыў әмелиятын муўапықластырыў, «ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасын жүргизиў ҳәм ПҲАЖ уйымларының аймақлық архивлерине басшылық бойынша функцияларды жүклеген ҳалда ПҲАЖ уйымлары Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң қарамағына өткерилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:

Қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Мәмлекетлик хызметлер агентлиги сис­темасында ПҲАЖ уйымларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын;

он күн мүддетте «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни»н белгилеў бойынша нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Министрлик:

а) Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қаржы минис­трлиги ҳәм Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте еки ай мүддетте пуқаралар жыйынлары ҳәм профилактика инспекторларының жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың рейтинг системасын жетилистириў бойынша Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) үш ай мүддетте:

пуқаралар жыйынлары баслықларының орынбасарлары ҳәм шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қәнигелер лаўазымларына жетерли билим ҳәм турмыслық тәжирийбесине, жоқары руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерге ийе болған, өзине жүкленген ўазыйпаларды керекли дәрежеде орынлай алатуғын шахслар усыныс етилиўи ҳәм тастыйықланыўы бойынша пуқаралар жыйынларына ҳәр тәреплеме жәрдем берсин;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик бас­қарыў академиясы менен биргеликте пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйым­лары хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында турақлы жумыс алып баратуғын өз алдына оқыў курсларын шөлкемлестириў бойынша усынысларды киргизсин;

пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў мүддетин созыў, усы процессти жетилистириў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша нызам жойбарын Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине киргизсин.

  1. Министрликтиң буйыртпасы тийкарында ҳәм өзиниң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан:

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы системасындағы ҳәм басқа да мәмлекетлик емес теле ҳәм радиоканалларда «Аталар сөзи — ақылдың көзи», «Аталар шайханасы», «Аналар меҳри» ҳәм «Шаңарақ — жәми­йеттиң айнасы» сыяқлы темаларда көрсетиў ҳәм еситтириўлерди миллий ҳәм тарийхый қәдириятларды есапқа алған ҳалда турақлы таярлаў ҳәм халыққа қолайлы болған ўақытта көрсетиў;

«Өзбеккино» Миллий агентлиги менен биргеликте пуқаралар жыйынларының жумысын толық сәўлелендириўге қаратылған, халықта мәҳәлле институтына ҳүрмет ҳәм мақтаныш руўхын қәлиплестириўге хызмет ететуғын көркем фильмлер жаратыў илажларын көрсин.

  1. Төмендегилер:

Мәмлекетте «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципине тийкарланған системаны нәтийжели енгизиў бойынша «Жол картасы»    2-қосымшаға муўапық;

пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм олардың шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-мәнаўий мәселелер бойынша ҳәм абаданластырыў, қыйтақ жер ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша орынбасарлары, сондай-ақ, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қәнигелердиң мийнетке ҳақы төлеў фонды қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Пуқараларда мәҳәллелердиң раўажланыўы, абатлығы ҳәм қәўипсизлигине мәпдарлық сезимин және де күшейтиў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Министрлик ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте еки ай мүддетте пуқаралардың өзин-өзи бас­қарыў уйымларының жумысын қаржыландырыў системасын жетилистириў бойынша усынысларды Минис­трлер Кабинетине киргизсин.

Онда жаңа система 2020-жыл 1-июльден енгизилетуғыны ҳәм район (қала) жергиликли бюджетлерине физикалық тәреплерден алынатуғын мүлк салығы бойынша түсетуғын қаржылар есабынан төмендегилер қаржыландырылатуғыны белгиленсин:

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң мийнет ҳақысы ҳәм лаўазым айлығына 30 процент қосымша арнаўлы үстеме төлеў қәрежетлери;

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының хызметкерлерин материаллық хошаметлеў қәрежетлери;

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, аймақларды абаданластырыў ҳәм басқа да ағымдағы қәрежетлери.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети:

бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў минис­трлиги жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарар жойбарын;

бир ай мүддетте кекселерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилис­тириў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын;

үш ай мүддетте пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын қоллап-қуўатлаў, мәҳәлле системасын раўажландырыў ҳәм жәмийетте «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципин енгизиўдиң 2020-2024-жылларға мөлшерленген концепциясын тастыйықлаў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин.

  1. Министрлик Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириўдиң төмендеги тәртиби орнатылсын:

Өзбекстан Республикасы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри — усы Пәрманда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлерге методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетсин, илажлардың орынланыўы бойынша жүзеге келетуғын ағымдағы мәселелер жеделлик пенен шешилиўин тәмийинлесин ҳәм ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине усы Пәрманның әмелге асырылыў процеси ҳаққында толық мағлыўмат усынсын:

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри П.Р.Бобожонов ҳәм оның жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары А.И.Икрамов — ҳәр бир мәҳәлледе «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципине тийкарланған жаңа системаның толық енгизилиўи ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм профилактика инспекторларының бийғәрезлигин тәмийинлеў, соның ишинде, жумысына тийкарсыз араласпаў ҳәм тийисли болмаған ўазыйпаларды жүклемеў үстинен қатаң қадағалаў орнатсын;

жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары — усы Пәрманда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынлаў бойынша барлық зәрүр илажларды әмелге асырсын;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги бас директоры А.К.Кўчимов,  Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы А.Д.Хаджаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң директоры — усы Пәрманның мазмун-мәниси, әҳмийети ҳәм мәмлекетимизде шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм кекселерди қоллап-қуўатлаў ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумысларды турақлы  сәўлелендирип барсын.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2020-жыл 18-февраль.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF