Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:18:49, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚТЫҢ  ДЕНСАЎЛЫҒЫН БЕККЕМЛЕЎДЕ  ӘҲМИЙЕТЛИ ҚӘДЕМ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 14-февраль күнги «Қарақалпақстан медицина институтын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары халқымыз тәрепинен айрықша қуўаныш пенен күтип алынды.

Биз тараў хызметкериниң айырымларының бул бойынша пикирлери менен ортақластық.

Зухра Палўанова — 1-санлы республикалық руўхый ҳәм нерв кеселликлери диспансериниң бас шыпакери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты:

— Президентимиздиң басламасы менен Ташкент педиатрия медицина инс­титуты Нөкис филиалы негизинде Қарақалпақстан медицина институтының шөлкемлестирилиўи тек жоқары оқыў орнының студент-жаслары менен профессор-оқытыўшылары ушын емес, тараў хызметкерлери, сондай-ақ, гүллән халқымыз ушын үлкен жаңалық болды. Себеби, медицина институтының Аралбойында шөлкемлестирилиўи аймақ турғынларының денсаўлығын қадағалап барыў, оларды өз ўақтында сапалы медициналық тексериўден өткериў, олардың заманагөй медициналық хызметке болған талабын қанаатландырыўға хызмет етеди.

— Денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў, медициналық хызметтиң сапасын арттырыў бойынша реформаларымызды да исеним менен даўам еттиремиз. Шыпакерлердиң жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын күшейтиў, халқымыз арасында оларға болған ҳүрметти арттырыў, усы кәсип ийелери ушын мүнәсип мийнет шарая­тын жаратыў ҳәм дәраматын көбейтиў бойынша әмелий илажлар көриўимиз дәркар,-деген еди Президентимиз Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында. Усы көзқарастан қарағанда, жаңадан шөлкемлестирилип атырған институт келешекте елимиздиң медициина тараўының раўажланыўына, халықтың денсаўлығын беккемлеўге, жәмийетимизде медициналық мәдениятты жетилистириўге мүнәсип үлес қосатуғын жетик қәнигелер таярлайтуғын оқыў орнына айланатуғынлығына исенимиз кәмил.

Дильбар Нурымбетова — Қанлыкөл районлық медицина бирлеспесиниң баслығы:

— Бул қарар медицина тараўының хызметкери сыпатында мени де айрықша қуўанышқа бөледи. Себеби, жәми­йетимиздиң тийкарғы өлшеми — бул халықтың саламатлығын тәмийинлеў болып табылады. Соңғы жыллары Аралбойындағы экологиялық жағдай халықтың саламатлығына кери тәсирин тийгизип, түрли кеселликлерди келтирип шығармақта. Әсиресе, ҳаял-қызлар арасында кем қанлық, йодтың жетиспеўшилиги, сондай-ақ, гинекологиялық кеселликлер көбирек ушыраспақта. Бул өз гезегинде кеселликке бейим нәрестелердиң туўылыўына, балалар ҳәм жас аналардың өлимшилигине алып келмекте.

Буннан тысқары, бүгинги күни шетки районларда медицина қәнигелериниң жетиспейтуғынлығы сыр емес. Бул халықты өз ўақтында медициналық тексериўден өткериўге кери тәсирин тийгизеди. Солай екен, жаңа институттың шөлкемлестирилиўи усы машқалаларды сапластырыўда, тараў­ға алдыңғы технологиялар менен инновацияларды енгизиўде, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Гүлбәҳәр Қазақбаева — Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының жаслар менен ислесиў, руўхый ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң методисти:

Президентимиздиң Қарақалпақстан медицина институтын шөлкемлестириў ҳаққындағы қарары халқымызға көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлықтың және бир айқын үлгиси болды. Бул жаңалық жәмәәтимизди айрықша қуўанышқа бөлеў менен бир қатарда ҳәр биримизге үлкен жуўапкершилик те жүклейди. Себеби, қарарда атап өтилгениндей, студент-жасларда саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ушын шараятлар жаратыў, жасларды инсаныйлық руўхында тәрбиялаў, оларда жат иллет ҳәм идея­ларға қарсы иммунитетти беккемлеў бизиң тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады. Халқымыз бул жоқары оқыў орнынан экологиялық қыйын шараятта жасап ҳәм мийнет етип киятыр­ған халқымыздың саламатлығын беккемлеўдей жуўапкерли кәсип ийелери жетилисип шығатуғынына үлкен үмит етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF