Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:12:20, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭНЕРГИЯНЫҢ ҚӘЎИПСИЗ ЭКСПЛУАТАЦИЯ ЕТИЛИЎИ ШӘРТЛЕРИ

Электр энергиясының қәўипсиз эксплуатация етилиўи шәртлерин тәмийинлейтуғын,  электр узатыў линиялары ҳәм де электр тармақлары хожалығының басқа объектлериниң зыянланыўы мүмкинлигин бөлек талап етпейтуғын шәртлер белгиленген.

Сонлықтанда, бундай имканияттан пайдалана алыў, оны басқара билиў  ҳәр бир электр энергиясынан пайдаланыўшыдан жақсы билим ҳәм түсиниклерге ийе болыўды талап етеди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Электр тармағы хожалығы объектлерин қорғаў бойынша қағыйдаларды тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына тийкар, электр хожалығы объектлерин қорғаў зоналарына турақ жай, имаратларды қурыў қадаған етилген.

Электр тармағы хожалығы объектлери болған физикалық ҳәм юридикалық шахслар, трассалардың атқарыў топогеодезия сүўретлери материалларын, оларды жерден пайдаланыўдың тийисли карталарына киргизиў ушын аймақлық архитектура ҳәм қурылыс уйымларына усыныўы шәртлилиги, кадастр бойынша бөлинген жер участкалары, кадастр бойынша  сүўретке алынған жағдайда, ал, аўыллық жерлерде жер ресурслары районлық хызметлери тәрепинен, қала ҳәм посёлкаларда көшпес мүлк кадастры хызметлери тәрепинен натурада белгиленеди ҳәм де кадастр жумысында дизимге алыныўы ҳәм жер участкасының кадастр режесинде сәўлелениўи кереклиги қарарда көрсетип өтилген.

Қорғаў зоналарында ҳәрекетлерди әмелге асырыўға жазба түрде рухсат алған шахслар, электр тармағы хожалығы объект­лериниң қорғалыўын тәмийинлейтуғын талапларға бойсынған жағдайда әмелге асырыўы шәрт.

Егер де, үзилген, жерде жатыр­ған яки асылып турған электр узатыў ҳаўа линиясы сымын көрген, сондай-ақ, бағананың жығылыўы яки сымның үзилиў қәўпин сезген пуқаралар бул ҳаққында дәрҳал ең жақын жерде жайласқан электр тәмийнаты кәрханасына хабар бериўи тийис. Сонда аўыр ақыбетли авариялық жағдайдың алды алынады.

Усы мақсетте «Ўзэнергоинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен тутыныўшылардың билимин арттырыў, ушырасыўлар өткериў мақсетинде «Ашық есиклер күни» илажлары шөлкемлестирилмекте.

Ш.ТУРСЫНБАЕВ,

«Ўзэнергоинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң жетекши қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF