Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:08:14, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШАРЎА  ҚОНЫСЫН, ҚОЙ ҚОЗЫСЫН  ИЗЛЕЙДИ...

«Рәўшан» каналының еки бойы шат-тикенли боянлық, сөкли жантағын басларын көтермей, пытырлатып жеген қойларына ықласы аўа қараған бас шопан Тоқтарбай Әбдикәримовтың бизлерге айтажағы көп екен.

­ Қыстың соңғы айлары, бәҳәрдиң басында каналдан суў ақпай бираз қыйналамыз. Ултанындағы барын усы дөгеректе жайлаған сонша бас қарамал, қой-ешкилер сырқып ишкеннен таўсылады. Суўға теректиң жапырағы түссе де дәмин өзгертип жибереди...

Қойды қалың қопалыққа жайғандағы және бир қыйыншылық, еки қапталының жүнин түсирип, суўықта тоңлап қалмасының алдын алыўымыз керек, - деп «Тазагүл» фермер хожалығының баслығы күнделикли ис-тәжирийбесиндеги жүзеге келген машқалаларды сөз етти.

Тоқтарбайдың әкеси Әбдикәрим жасынан қой бағып, соңынан Нөкис аўыл хожалығы техникумының зооветеринария бөлимин питкериўден мал дуқтыры болады. Заманның талабына сай бүгинги күнде қара­көлшиликке қәнигелестирилген «Үстирт» аўыл хожалығы ширкети фермер хожалықларына тарқап, қойлары аукционда сатылғанда отарындағы 580 бас қойын «Ким зыят» саўдасынан сатып алыў ушын банктен 140 миллион сумлық аз өсимдеги кредит алады. Дәслепки жылы албырағаны менен соң шыйрақласып, зооветеринариялық хызмет түрлерин жақсылаўдан баслап, қыслатыў мапазына мол жуғымлы от-жемлерин қора қасларына жыйнаў арқалы қыйыншылықларды жеңеди.

­ Қойды Сансызбай исмли иним, Мурабектей балам менен жаз жайлаўымыз «Бостан»ға апарып бағамыз, қыслаўымыз «Рәўшан саға», - дейди Тоқтарбай кеўилли түрде.

­ 100 бас саўлықтан 100 бас қозы алмасақ гүлли зыянға қалып ислеўге туўра келеди. Еки жыл ишинде банктеги өсимли қарызымыздың тең жарысынан қутылдық. Шәрт­нама жасасқан орынларға 1 тоннадан зыят гөш, жабағы ҳәм гүзем жүнлеримизди тапсырып, шарўашылықты пайдалы тараўға айландырыўдың жолларын излемесек болмайды.

Ҳәр жылдағыдай туўымды Үстирттиң үстинде қырқымға қоса алыўды үрдиске айландырдық. Қуда қәлесе, Наўрызды жолда байрамлап, 500 шақырым узақлықтағы «Бостан» жайлаўына жеткенше асығып отырмыз...

Атайы шарўалардың «Жаман шопан жайлаўын бир күн, жақсы шопан қәлегенинше үнемлеп жейди» дегениндей, отарындағы 800 бас қойын қыстан түгин тарт­са майы шығатуғын дәрежеде семиз, тоқ қыслатып шығарған шарўаға мыңда бир рахмет айт­қың келеди...

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз

Қоңырат районы.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF