Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:13:15, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘСКЕРИЙ  ОКРУГТАҒЫ САЛТАНАТ

Мәмлекетимиздиң арқа-батыс шегараларын исенимли қорғап, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты хал­қының тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўге өзиниң мүнәсип үлесин қосып киятыр­ған Арқа-Батыс әскерий округи дүзилгенлигиниң 21 жыллығы белгиленди.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис әскерий гарнизоны Мәнаўият ҳәм мәрипат орайында өткерилген байрам салтанатында сөзге шыққанлар, әскерий округ жаўынгерлерин қутлықлап, пидайы, мийнеткеш әскерлердиң Ўатанды қорғаў жолындағы машақатлы хызметлеринде табыслар тиледи.

Арқа-Батыс әскерий округ жаўынгерлери командири, полковник Д.Чориев әскерий хызметкерлерге жоллаған байрам қутлықлаўында: «Әскерий округимиз ҳәм оның жеке қурамы өткен жыллар даўамында үлкен табысларға еристи ҳәм де Президентимиз, халқымыз алдында ҳүрмет-итибарға миясар болды. Мине усындай жоқары табыс­ларға ерисиўде сиз киби пидайы ҳәм садық инсанлардың орны гиреўли» деп атап өтти.  

Өзбекстан Қураллы Күшлерин реформалаў, мәмлекет қорғаныў потенциалын раўажландырыў бағдарында 1999-жылы 10-февраль күни шөлкемлестирилген Арқа-Батыс әскерий округи бүгинги күнде журтымыздың арқа-батыс шегараларын қор­ғаўда исенимли қалқан ўазыйпасын атқармақта. Бүгин әскерий округ халқымыз ҳәм армия ортасындағы байланысларды, армия ҳәм халықтың аўызбиршилигин беккемлеўди тәмийинлеўде де айрықша орын тутады. Бул бойынша халқымыздың кең қатламлары, әсиресе, жаслар менен ислесиў, олар ортасында ўатансүйиўшиликти нәсиятлаўда округ жаўынгерлери өзиниң мүнәсип үлесин қосып келмекте.

Салтанатлы мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов әскерий округ ҳәм әскерий хызметкерлерди қызғын қутлықлады.

Бир топар әскерий хызметкерлер, сондай-ақ, әскерий округте алдын хызмет етип кеткен Қураллы Күшлер ветеранлары мәмлекетлик сыйлықлар, Өзбекстан Қорғаныў министриниң «Жас әўладты әскерий-патриотлық руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын» ҳәм «Үлгили хызмети ушын» сыяқлы көкирек нышанлары, «Ўатанды қорғаў ­ мәртлердиң кәсиби» жазыўы, Қорғаныў министрлиги символлары түсирилген естелик саўғалар, әскерий округ жаўынгерлери сәркардалығының Ҳүрмет жарлықлары менен қутлықлап, оларды салтанатлы жағдайда тапсырды. Сондай-ақ, бир қатар әскерий хызметкерлерге нәўбеттеги әскерий атақлар берилди. 

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги басшылығының басламасы менен аралас қурамдағы әскерий бөлим мүддетли әскерий хызметкерлери ортасында 20l9-жылдан берли өткерилиўи дәстүрге айлан­ған «Ең алдынғы қәниге» таңлаўының быйылғы финал басқышында мүнәсип қатнасқан бир топар әскерлерге «Алғыснама» ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Байрам мүнәсибети менен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасында республикамыздың дөретиўшилик жәмәәтлери ҳәм әскерий округ оркестриниң шығыўлары қатнасыўшылардың ядында узақ сақланып қалады.

Арқа-Батыс әскерий округи баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF