Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:00:25, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЫНАЯТШЫЛЫҚТЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ — БАСЛЫ ЎАЗЫЙПА

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри, генерал-лейтенант Полат Бабажанов басшылығындағы жумысшы топар республикамызда болып, жынаятшылық ҳәм ҳуқық­бузарлықтың алдын алыў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў  бойынша алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

Жумысшы топар ағзалары дәслеп бир қатар районларда әмелге асырылып атыр­ған жумыслар, хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.  Районлық ишки ислер бөлимлеринде ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа жол қойғаны ушын жаза мүддетин өтеп атырған пуқаралар менен сәўбетлесип, келешекте оларды жумыс орынлары менен тәмийинлеў бойынша басшыларға тапсырмалар берилди. Ишки ислер министри барлық қала ҳәм районларда сектор басшыларының қатнасында жеке қурам менен сәўбетлесиўлер өткерип, пуқаралардың өзин-өзи бас­қарыў уйымлары, ҳуқық қорғаў уйымлары, жәмийетшилик пенен байланысларды еле де беккемлеў бойынша анық көрсетпелер берди.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер минис­трлигинде көзден өткериўдиң жуўмағына бағышлан­ған кеңейтилген мәжилис болып өтти. Оны Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри, генерал-лейтенант П.Бабажанов басқарып барды. Қала ҳәм районлық сектор басшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң жуўаплы хызметкерлери қатнасқан илажда Қарақалпақстан Республикасы аймағында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың ерте алдын алыўға қаратылған жумыслардың жуўмағы ҳәм бул бойынша алда турған әҳмийетли ўазыйпалар көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, өткен жыл даўамында республикамыз аймағында жүз берген жынаятлардың саны 4,98 процентке, жынаят излеў тараўында 18,12 процентке, соның ишинде, адам өлтириў, денеге аўыр жарақат жеткериў, тонаўшылық, урлық, намысқа тийиў, автотранспорт қуралларын алып қашыў жынаятлары азайған. Республикамыздағы 401 пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан 161 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынында жынаят жүз бермеген. Жас өспиримлер, жаслар, ҳаял-қызлар, жумыссызлар, бурын судланғанлар тәрепинен жүз берген жынаятлар азайған. Усындай жетискенликлер менен бир қатарда республикамыз аймағында жынаятшылықты болдырмаў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде  бир қатар кемшиликлердиң орын алып атырғанлығы сынға алынды. Атап айтқанда, өткен жылы 413 жынаяттан мәҳәллелерде жүз берген ҳәр жетинши жынаят «Халықлар дослығы», «Боз аўыл», «Қызыл қум», «Жаңа базар», «Саманбай», «Туран», «Таза базар» ҳәм «Марказий» пуқаралар жыйынының  үлесине туўра келип атырғанлығы атап өтилди.  Жынаятшылықтың ерте алдын алыўда «Жәмийетлик қадағалаў орайлары»ның жумысларын жақсы жолға қойыў, жүз берген жынаятларды сектор басшылары, ҳәкимликлер, басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллериниң қатнасында додалаў, анық режеге тийкарланған «Жол картасы»н ислеп шығыў зәрүр.

Илажда хызмет ўазыйпасын атқарыўда кемшиликлерге жол қойған бир қатар хызметкерлер ийелеп тур­ған лаўазымларынан босатылды. Бир қаншасына ҳәкимшилик жаза шаралары көрилди.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, республикамыз аймағында жынаятшылықтың алдын алыў, атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў бо­йынша кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF