Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:08:33, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КИТАП – БИЙБАҲА САЎҒА

Елимизде жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, армия ҳәм халықтың бирлигин тәмийинлеў бағдарында унамлы жумыслар алып барылмақта.

Әсиресе, жас әўладлар қәлбинде Ўатанымыз тәғдири ушын жоқары жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў мақсетинде ўатансүйиўшилик тәрбиясы тараўында мазмун итибарына бола сийрек ушырасатуғын система жаратылып, оның шеңберине елимиз халқының кең қатламлары қамтып алынбақта.

 Жақында Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери Нөкис қаласындағы бөлиминиң әскерий хызметкерлери Хожели районындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Рахмет саған, қәдирдан мектебим!» сүрени астында илаж өткерди.

Илаж барысында әскерий хызметкерлер тәрепинен мектеп оқыўшыларына көркем-әдебий китаплар саў­ға етилди. Сондай-ақ, әскерий хызметкерлер ҳәм мектеп оқыўшылары биргеликте ана-Ўатанымызға бағышлап дөретилген қосықлар айтты. Мектеп оқыўшылары  таярлаған сахналық көринислер илаж қатнасыўшыларына заўық бағышлады.

Президентимиздиң алға қойған бес әҳмийетли басламаларының төртиншиси халық ҳәм жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын арттырыўға қаратылған. Сонлықтан, бөлимимиз тәрепинен «Рахмет саған, қәдирдан мектебим!» илажы алдағы ўақытларда да даўам еттириледи.

С.ТИЛЛАЕВ,

әскерий хызметкер.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF