Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:24:59, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚУРЫЛЫС-МОНТАЖЛАЎ ЖУМЫСЛАРЫНЫҢ САПАСЫН ТҮП-ТИЙКАРЫНАН ЖАҚСЫЛАЎ ҲӘМ ҚУРЫЛЫСТЫ ҚАДАҒАЛАЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Қурылыс-монтажлаў жумысларының сапасын буннан былай да арттырыў, қурылыс тараўындағы қадағалаўшы инспекциялардың ролин күшейтиў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 14-ноябрьдеги «Қурылыс тараўын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды жетилистириў қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-5577-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Қурылыс министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы минис­трлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Өзбекстан инженерлер-консультантлар ассоциациясының 2020-жылдың 1-апрелинен баслап қурылыс, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў объектлери (кейинги орынларда — объектлер) ушын қәўип-қәтерлер категориялары ҳәм объектлердиң функционаллық мақсетлеринен келип шыққан ҳалда мәмлекетлик қурылыс қадағалаўының жетилискен жаңа тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Қурылыс министрлиги мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Объектлерде мәмлекетлик қурылыс қадағалаўын әмелге асырыў бойынша ҳәкимшилик регламентти тастыйықлаў ҳаққындағы ҳүкимет қарары жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:

объектлердиң жойбарлаў ҳүжжетлерин экспертиза етиўге, объектлерде мәмлекетлик қурылыс қадағалаўын әмелге асырыў тәртиби ҳәм дәўирлилигине қойылатуғын дифференция­ласқан талапларды олардың қәўип-қәтерлер категориясы ҳәм функционаллық мақсетлеринен келип шыққан ҳалда белгилеў;

қурылыс жуўмақланғаннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс минис­трлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы қурылыс бас басқармалары жанындағы қурылыс тараўында аймақлық қадағалаў инспекциялары (кейинги орынларда — аймақлық инспекциялар) тәрепинен объекттиң қурылыс тараўына байланыслы нызам ҳүжжетлери талапларына муўапықлығын инструменталлық техникалық тексериўден өткериўди енгизген ҳалда, қәўип-қәтерлер категориясы төмен ҳәм жеке тәртиптеги турақ жай қурылысы объектлери ушын жойбарлаў ҳүжжетлериниң экспертизасы, авторлық қадағалаўы ҳәм мәмлекетлик қурылыс қадағалаўын әмелге асырыў бойынша мәжбүрий талапларды бийкар етиў;

Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясы (кейинги орынларда — Инспекция) ҳәм аймақлық инспекциялардың инспекторларына, сондай-ақ, қәўип-қәтерлер категориясы жоқары болған объектлерде техникалық ҳәм авторлық қадағалаўды әмелге асыратуғын шахсларға қойылатуғын маманлық талапларды және олардың жуўапкершилигин күшейтиў;

«Қурылыстағы қадағалаў» төменги системасын 2020-жыл 1-июньнен баслап Ташкент қаласында сынақ тәризинде иске қосқан ҳалда, 2020-жыл даўамында «Ашық-айдын қурылыс» миллий мәлимлеме системасында мәмлекетлик қурылыс қадағалаўын әмелге асырыў шеңберинде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын, соның ишинде, электрон ҳүжжет алмасыўын басқышпа-басқыш енгизиў. 

  1. Инспекция ҳәм аймақлық инспек­цияларға мәмлекетлик қурылыс қадағалаўын әмелге асырыў шеңберинде:

имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығына тәсир ететуғын, сондай-ақ, инсан саламатлығы ҳәм өмирине қәўип туўдыратуғын конструктивлик ҳуқықбузарлықлар анықланған жағдайларда қурылыс-монтажлаў жумысларын тоқтатып турыў ҳәм демонтажлаў жумысларын әмелге асырыўды талап етиў;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге объекттеги ҳуқықбузарлықларды сапластырыў ушын сәйкес түрде, бирақ, 60 күннен артық болмаған мүддетти белгилеген ҳалда, анықланған ҳуқықбузарлықларды сапластырыў бойынша орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер бериў;

жойбарлаў ҳәм қурылыс тараўында жумысты әмелге асырыў ушын лицензиялар ҳәм рухсат беретуғын ҳүжжетлерди тоқтатып турыў, сапластырыў ҳәм бийкар етиў мәселелерин шешиў бойынша тийисли уйымлар ҳәм шөлкемлерге усыныс жибериў;

объектлерде имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығына тәсир ететуғын, сондай-ақ, инсан саламатлығы ҳәм өмирине қәўип туўдыратуғын сапасыз қурылыс материаллары ҳәм буйымлардың қолланылғаны  анықланған жағдайларда, қурылыс материалларын ҳәм буйымларды ислеп шығарыў, сатыў және қолланыўды тоқтатып турыў ҳаққында тийисли уйым ҳәм шөлкемлерге усыныслар жибериў ҳуқықы берилсин.

  1. Төмендегилер:

а) 2020-жыл 1-марттан баслап бюджет системасындағы бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын объектлерден тысқары капитал оңлаў объектлеринде мәмлекетлик қурылыс қадағалаўын әмелге асырыў бойынша талаплар;

б) Инспекция ҳәм аймақлық инспек­циялар тәрепинен қурылысы жуўмақлан­ған объектлерден пайдаланыўға рухсат бериў тәртибин енгизген ҳалда, оларды пайдаланыўға қабыл етиў бойынша бар тәртип-қағыйдалар төмендеги мүддетлерде басқышпа-басқыш бийкар етилсин:

қаржыландырыў дәреклерине қарамастан қәўип-қәтер категориясы төмен объектлер ушын — 2020-жыл 1-майдан;

мәмлекетлик сатып алыўлар субъектлериниң қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын объектлер ушын — 2022-жыл 1-январьдан;

басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғын объектлер ушын — 2021-жыл 1-январьдан.

  1. Объектлерди пайдаланыўға қабыл етиў ушын рухсатнамалар бериў тәртиби енгизилгенге шекем Инспекция ҳәм аймақлық инспекциялардың қурылысы жуўмақланған объектлерди (мәмлекетлик сатып алыўлар субъектлериниң қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын объектлерден тысқары) пайдаланыўға қабыл етиў процесине мәмлекетлик санитариялық қадағалаў ҳәм мәмлекетлик өрт қадағалаўы аймақлық уйымларын тартатуғыны және олар объектлерди қабыл етиў мүддетлери шеңберинде Инспекция ҳәм аймақлық инспекцияларға объекттиң санитариялық нормалары ҳәм өрт қәўипсизлиги талапларына муўапық екенлиги ҳаққында шешим усынатуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Қурылыс минис­трлиги, Айрықша жағдайлар минис­трлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги еки ай мүддетте қурылысы жуўмақланған объектлерди пайдаланыўға қабыл етиўде аймақлық инспекциялардың мәмлекетлик санитария ҳәм өрт қадағалаў аймақлық уйым­лары менен өз-ара бирге ислесиў тәртибин белгиленген тәртипте ислеп шықсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Экономика ҳәм санаат минис­трлиги, Әдиллик министрлигиниңF

Инспекцияға мәмлекетлик мәкеме түриндеги юридикалық тәреп статусын бериў ҳәм аймақлық инспекцияларды оған бойсындырыў;

Инспекция структурасында 2 басқарыў хызметкериниң штат бирлигинен ибарат бол­ған Комплаенс хызметин шөлкемлестириў ҳәм аймақлық инспекциялардың структурасына комплаенс-қадағалаў бойынша қәниге лаўазымын киргизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

2020-жыл 1-июльден баслап Инспекция ҳәм аймақлық инспекциялардың баслықларына, ҳуқықбузарлық фактине наразылық билдирилген жағдайларда жумысты көрип шығыў ушын судқа усыныў тәртибин сақлап қалған ҳалда, қала қурылысы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўына байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыў ўәкиллиги берилсин.

6.Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясының басқарма хызметкерлериниң шекленген саны 40 тан ибарат структурасы 1-қосымшаға муўапық;

қурылыс тараўында аймақлық қадағалаў инспекцияларының үлги структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Инспекцияның баслығына төмендеги ҳуқықлар берилсин:

басқарма хызметкерлериниң белгиленген шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде, зәрүрликке бола, Инспекцияның штат бирликлерине өзгерислер киргизиў;

объектлер санынан келип шыққан ҳалда аймақлық инспекциялар структурасын ҳәм штат бирликлериниң нормативлерин тастыйықлаў;

аймақлық инспекциялардың қәрежетлер сметасын тастыйықлаў.

  1. Инспекция республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланатуғыны ҳәм өз жумысында Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигине есап бериўши болатуғыны;

аймақлық инспекциялардың баслықлары Өзбекстан Республикасы қурылыс министри менен келисилген ҳалда Инспекцияның баслығы тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны;

Инспекцияның Комплаенс хызмети ҳәм аймақлық инспекциялардың комплаенс-қадағалаў бойынша қәнигелери тиккелей Инспекцияның баслығына бойсынатуғыны;

Инспекция жумысы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан, аймақлық инспекциялардың жумысы болса қурылыс-монтажлаў жумысларының баҳасынан ажыратпалардан қәлиплестирилиўши қаржылар ҳәм шәртнама тийкарында орынланатуғын жумыслар ҳәм хызметлерден түсетуғын дәраматлар есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2020-жыл 1-апрельден баслап мәмлекетлик қурылыс қадағалаўының әмелге асырылыўы шәрт болған барлық объектлер бойынша аймақлық инспекцияларға ажыратпалар қурылыс-монтажлаў жумыслары баҳасының 0,2 процентине тең бирден-бир муғдарда (қосымша қун салығысыз) белгиленеди ҳәм төмендеги тәртипте бөлистириледи:

0,02 проценти Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң жумысын қоллап-қуўатлаў қорына (кейинги орынларда — Қор), соның ишинде, 0,01 проценти — Инспекция ҳәм оның аймақлық инспек­цияларының талапларын қаржыландырыўға бағдарланады;

0,18 проценти аймақлық инспекциялардың ықтыярында қалдырылады.

  1. Қор қаржыларынан төмендеги мақсетлерде пайдаланыўға рухсат берилсин:

Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Инспекция ҳәм олардың аймақлық бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

Инспекция ҳәм аймақлық инспекциялардың ағымдағы ҳәм басқа да қәрежетлерин қаржыландырыў;

Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Инспекция ҳәм олардың аймақлық бөлимлериниң хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық жақтан тәмийинлеў;

Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Инспекция ҳәм олардың аймақлық бөлимлериниң басшылары ҳәм қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң Қурылыста стандартластырыў республикалық орайының жанында объектлердиң конструкциялары, қурылыс материалларын ҳәм буйымларды халықаралық стандартларға муўапық толық түрде сынақтан өткериўди әмелге асыратуғын Комплексли қурылыс сынақ лабораториясын (кейинги орынларда — Ком­плексли лаборатория) шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң усынысы мақуллансын.

Комплексли лабораторияны шөлкем­лестириў ҳәм үскенелеў бойынша жумысларды қаржыландырыў дәреклери етип Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан 2020-жылы ажыратылатуғын 20 миллиард сумнан көп болмаған муғдардағы қаржылар ҳәм жетпейтуғын бөлеги ушын — Қордың қаржылары белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

Қурылыс, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў объектлериниң конструкциялары, қурылыс материаллары ҳәм буйымлары бойынша Комплексли қурылыс сынақ лабораториясы тәрепинен өткерилетуғын сынақлардың тийкарғы бағдарлары 3-қосымшаға муўапық;

Комплексли қурылыс сынақ лабораториясын үскенелеў ушын сатып алынатуғын тийкарғы үскенелер, машина ҳәм механизмлердиң дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2020-жыл 1-марттан баслап Инс­пекция хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў муғдарлары 1,4 есеге арттырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги:

а) мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте

еки ай мүддетте Инспекция ҳәм аймақлық инспекциялар ҳаққындағы, сондай-ақ, жойбарлаў ҳәм қурылыс тараўындағы қәнигелерди сертификатлаў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққындағы ҳүкимет қарарларының жойбарларын Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине киргизсин;

2020-жыл 1-июньге шекем ишки қадағалаўды, авторлық ҳәм техникалық қадағалаўды, сондай-ақ, объектлердиң үстинен мәмлекетлик қурылыс қадағалаўын әмелге асыратуғын қәнигелердиң сертификациядан өткерилиўин тәмийинлесин;

б) бир ай мүддетте Қордың қаржылары ҳәм аймақлық инспекциялардың қаржылары есабынан 2020-2021-жылларда аймақлық инспекцияларды заманагөй мобиль көшпели қурылыс лабораториялары менен үскенелеў бағдарламасын тастыйықласын;

в) Инспекция ҳәм аймақлық инспек­циялар хызметкерлериниң турақлы түрде, соның ишинде, сырт елде қәнигелигин арттырыўын ҳәм кейин ала ҳәр бир аймақлық инспекциядағы хызметкерлер ушын мәжбүрий тренинглердиң өткерилиўин шөлкемлестирсин;

г) Қордың қаржылары есабынан Инспекция мебель, инвентарь, үскенелер ҳәм қойылған ўазыйпаларды нәтийжели орынлаўы ушын зәрүр болған басқа да қураллар менен тәмийинлесин, соның ишинде, 3 дана хызмет жеңил автомобилин ажыратсын;

д) 2020-жыл 1-августқа шекем халық­аралық финанс институтлары ҳәм шөлкемлерин ҳәм маман сырт елли қәнигелерди тартқан ҳалда, мәмлекетлик уйымлардың нәтийжесиз ҳәм артықша функцияларын бийкар етиў, сондай-ақ, алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында усы процесске жеке меншик исбилерменлик субъектлерди кеңнен тартыўды нәзерде тутқан ҳалда, қурылыс үстинен қадағалаў механизмлериниң нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша усынысларды киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил менен биргеликте еки ай мүддетте усынылатуғын мағлыўматлардың дизимин көрсеткен ҳалда мәмлекетлик уйымлар ҳәм Инспекция арасында уйым­лараралық электрон бирге ислесиўди шөлкемлестириў бойынша илажлар режесин тастыйықласын.
  2. Инспекция Ташкент қаласы, Шайхонтоҳур районы, Абай көшеси, 6-жай мәнзилинде бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте аймақлық инспекцияларды жайластырыў ушын бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында имаратлардың ажыратып берилиўин тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаўдың төмендеги тәртиби орнатылсын:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматов — усы қарарда белгиленген илажларды әмелге асырыў ушын жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырсын, ҳәр айда орынланған жумыслар ҳаққында олардың басшыларының есабатларын қабыл етсин ҳәм анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырсын;

қурылыс министри Б.И.Закиров — усы қарардың сапалы, толық ҳәм өз ўақтында орынланыўы бойынша барлық зәрүр илажлардың көрилиўин, усы қарарды өз ўақтында орынлаўда жуўапкер шөлкемлерге ҳәр тәреплеме методикалық ҳәм әмелий жәрдем берилиўин тәмийинлесин, сондай-ақ, ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа оның әмелге асырылыў процеси ҳаққында толық мағлыўмат усынсын;

қурылыс министриниң орынбасары — Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясының баслығы К.Н.Тўлаганов — мәмлекетлик қурылыс қадағалаўының жетилискен жаңа тәртибин енгизиў, Инспекция ҳәм аймақлық инспекциялардың жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын басқышпа-басқыш енгизиў бо­йынша жумыслардың сапалы шөлкемлестирилиўин, сондай-ақ, усы қарарды әмелге асырыў даўамында жүзеге келетуғын ағымдағы мәселелердиң жеделлик пенен шешилиўин тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2020-жыл 5-февраль.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF