Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:13:30, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОРАЙ  ПИТКЕРИЎШИЛЕРИНЕ ГҮЎАЛЫҚЛАР  ТАПСЫРЫЛДЫ

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатында: «Дүньяда тезлик пенен өзгерип атырған тынышсыз ҳәм қурамалы жағдай, түрли келиспеўшиликлер жанажан Ўатанымыздың қәўипсизлигин, ел-журтымыздың тыныш турмысын тәмийинлеў ҳәм бар болған қәўип-қәтерлерге мүнәсип жуўап бериўге бәрҳама таяр турыўымызды талап етпекте.

Қураллы Күшлеримиз бул ўазыйпаларды нәтийжели атқарады, деп исенемен» деп атап көрсеткен еди.

Ҳақыйқатында да, Ўатан азатлығы, журт тынышлығын ҳеш нәрсе менен өлшеп болмайды. Президентимиздиң 2018-жыл 12-декабрьдеги «Жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында ҳәм физикалық тәрбиялаў және шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы жанында шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бо­йынша таярлаў орайы шөлкемлестирилип, дәслепки оқыў мәўсими 2019-жылдың апрель айынан басланып, август айында жуўмақланды ҳәм 49 оқыўшы-курсантларымыз «ВС» категориясындағы «әскерий айдаўшы» ҳәм «әскерий аспаз» қәнигеликлерине ийе болды. Ал, екинши оқыў мәўсиминде Қураллы Күшлер ушын ең әҳмийетли «дизель-электрик» қәнигелиги қосылып, енди орайда үш жөнелис бойынша әскерий-техникалық кәнигеликлер таярланыўы белгиленди ҳәм жүзлеген шақырылыўшылар арасынан ең мүнәсип деп табылып, бүгинги күнде оқыўларын табыслы жуўмақлаған 61 и тийисли әскерий-техникалық қәнигеликлерге ийе болып, оларға гүўалық тапсырыў мәресими салтанатлы түрде өткерилди. Оған орай хызметкерлери ҳәм курсантлардың ата-аналары, жақынлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Дәслеп жаңлаған әскерий саз-сәўбет жыйналғанларда жоқары кейпият пайда етип, йош бағышлады. Орай курсантларына гүўалық тапсырыў салтанаты әскерлердиң ант қабыл етиўи сыяқлы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген болып, онда жаслар сапта турып, бирме-бир қәдем атып, өз гүўалықларын қабыл етип алды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы баслығының орынбасары, подполковник Н.Эргашев, усы бас­қарма жанындағы шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлерге таярлаў орайы баслығының орынбасары Е.Бегманов, сондай-ақ, оқытыўшы-устазлар, ата-аналар сөзге шығып, оқыўшы-курсантларды алған гүўалықлары менен қутлықлады ҳәм алдағы ўақытлары Қураллы Күшлеримиз ­ Миллий Армиямызда Ўатанымыз тынышлығын сақлаўда нәтийжели ҳәм садық хызмет етиўине тилеклеслик билдирди.

Илажда үлгили оқыған ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсеткен питкериўшилерге Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды. Питкериўшилердиң көргизбели шығыўлары, спорт, қол урысы бо­йынша әскерий шынығыўларды шеберлик пенен атқарыўы жыйналғанларда, әсиресе, жаслар қәлбинде Ўатан­ға болған сүйиспеншиликти және де арттырды.

­ Бизлер ушын орайда барлық шараятлар жара­тыл­ған. Төрт ай даўамында оқытыўшы-устазлардан билим алып, әскерий-техникалық көнликпелеримиз жоқарылады. Енди мүддетли әскерий хызметте олардың бизге берген исенимин ақлаўға ўәде беремен, - дейди Хожели районынан Нурмуҳаммад Қучқаров.

Жети жылдан берли спорттың бокс түри менен шуғылланып, жақсы нәтийжелерге ерисип киятырған питкериўшилердиң бири Қудрат Қулдашевтиң қуўанышында да шек жоқ.

­ Нийетим ­ Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлеринде хызмет етип, әлбетте, инсанлардың жүзлеринде қуўаныш, бүгинги күнге разы болыўы ушын күш-ғайратымды усы әзиз ҳәм муқаддес Ўатан ушын жанымызды пидә етиўге таярман, - дейди ол қәлбиндеги мақтаныш сезимлерин билдирип.

Әлбетте, Ўатан қорғаўшысы болыў әйне күнде ҳәр бир жас жигиттиң арзыў-нийетине айланып, Ўатанымызға садық хызмет етиўди жоқары парыз деп билген бундай жасларымыздың қатары көбейип бармақта.

Илаж жыйналғанларда умытылмастай тәсирлер қалдырып, көркем өнер шеберлериниң  концерт бағдарламасына уласып кетти. 

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF