Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:40:13, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СЫЙЛЫҚ  САЛТАНАТЛЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Президентимиздиң 24-январь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжаты бойынша Нөкис қаласындағы Жаслар орайында ушырасыў кешеси болып өтти.

Онда Ҳүрметли Президентимиздиң жасларға болған итибары айрықша тилге алынып, бундай исеним ҳәм ғамқорлыққа жаслар да өз гезегинде мүнәсип хызметлери менен өз үлеслерин көрсетиўи, Ўатан ушын пидайы жаслар болыўы кереклиги ушырасыў қатнасыўшыларына уқтырылды. Сондай-ақ, Мойнақ ра­йонындағы қайырлы ислер ҳәм оған белсене қатнасып атырған жаслар да мақтаныш пенен айтып өтилди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Икрам Әбдихаликов «Руўхый-ағартыўшылық ислер ағласы» көкирек нышаны менен сыйлықланды. Оны Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы А.Дәўлетов салтанатлы жағдайда тапсырды ҳәм көкирек нышаны ийесине үлкен исеним билдирди.

А.ӘБДИРАХМАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ғалаба

хабар қураллары ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топарының баслығы, үлкен лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF