Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:39:17, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЎАТАН УШЫН СЕКСЕЎИЛДЕЙ КӨГЕРИЎГЕ ТАЯРМАН!

Республикамыздағы жоқары оқыў орынларының студент-жаслары жаслар жетекшилериниң жол баслаўында Мойнақ районы орайында, теңиздиң ултанында ҳәм Ақбеткейде болып атыр­ған өзгерислерди өз көзлери менен көрип танысыў мақсетинде усы жылдың 9-10-январь күнлери еки күн даўамында саяхатта болды.

10-январь күни олардың бир топары халықаралық пресс клубтың көшпели сессиясында қатнасты. Көрсетиў Нөкис ўақты менен 11ден 15 минут өт­кенде «Өзбекстан-24» телеканалы арқалы эфирден туўрыдан туўры алып берилди.

Аралға «Халық­аралық Пресс клуб» быйыл қыста және келди. Бул оның өткен жылдан берли Мойнақтан спутник арқалы алып берилип атырған үшинши туўрыдан-туўры эфири.

— Бизде бир усыныс бар.

— Мәрҳамат!

Шерзодҳан Тажетдинович Қудрат­ҳоджаевтан микрофонды қолыма ал­ғанымда пүткил денем тол­қып кетти.

«Тамара, ҳәзир пүткил Өзбекстан халқына тиккелей мүрәжат етиў имка­ния­тына ийесең!». Бул енди ишки ҳаўаз. Сөзимди басладым:

— Егер бүгин бул апаттан қарақалпақ ҳалқын дала дарағы қутқаратуғын болса, онда мен усы елдиң  перзенти сыпатында сексеўилдей көгериўге таярман!!!

Мойнақ районының жас ҳәкимине жеке усынысым төмендегише еди:

Шет еллик туристлер жаз бойы Өзбекстанда топар-топар болып жүреди. Олардың бәри тек Самар­қанд, Бухара, Хийўадағы естеликлерди, ямаса «Саҳра Лувры» — Савицкий атындағы көркем өнер музейимизди  тамашалаўға келеди деп ойлайсыз ба? Әлбетте, яқ. Олардың көпшилиги ығал зонада, қуяш аз көринетуғын жерлерге мәкан бас­қаны ушын жыл он еки ай даўамында қуяшқа ынтығып жасайды, ҳөл ҳаўадан дем ала алмай қысылады. Соның ушын қурғақ ҳаўалы еллерге тек ғана дем алыў жоллары кеселликлеринен даўаланыў мақсетинде бир ҳәпте-он күнге саяхат етеди. Сол сыяқлы бүгин экология пайтахты деп ат алып атырған Мойнақта ҳәм оған ең жақын, Өзбекстанда аймағы жағынан биринши орында туратуғын Қоңырат районында қурғақ ҳаўа менен өкпени даўалайтуғын жаз­ғы санаторийлер шөлкемлестирсе болады. Буған, мениңше,  көп қаржы талап етилмейтуғын шығар.

Сонда шет елликлер «ҳәм дайысын көреди, ҳәм тайын үйретеди» дегендей инсанның ең қопал қәтеси Арал тәғдири менен танысып, тәўбеге келеди, тас қорғанларда, тас қалаларда қыслыққан жүйке тамырлары кең жазық далада еркин жайылып, бир заман болса да жазылысып, дем алып кетеди. Жергиликли отырықшылар ушын аз да болса жумыс орны ашылар еди.

Екинши усыныс, негизинде студентлерден шыққан еди.

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 2-курсындағы студент қурылыс отрядларының ҳызмети туўралы сөз болды. Олардан Нурсултан Темирханов, Одилбек Латипов, Султанбек Зияевлар жаныма келип мынадай гәплерди айтты:

— Неге енди тек басқалардың ислерин еситип жасаўымыз керек? Мысалы ушын, Мойнақты алып қарайық. Неге ол жерде басқалар ислеўи керек? Ўатан ҳәммемиздики емес пе? Онысыз да биз студентлер жазғы каникул пайытларында «еки ай даўамында не ислесек екен!» деп жүремиз. «Арал студент қурылыс отряды» дүзилсе, оған ер жигитлер ғана емес, ҳәтте қыз балалар да қосылар еди.

Студентлердиң бул тилегин айтып, Байкал-Амур магистралы (БАМ) қурылысына ўақтында пүткил аўқам жаслары қатарында студентлер де қатнасты-ғой, дегенимде, профессор С.Мамбетуллаева «бизлерде де БАМ бар-ғо, «Бывшое Аралское море» деди.

Аўа, Арал дәртин жумсартып, Мойнақты гүлленген қалаға айландырыўға студентлер еле де кең қатнасыўы тийис. Бул бир жағынан студентлерди мийнетке үйретип, дәрамат табыўына, екинши тәрептен руўхый жақтан жаңаланыўына, экологиялық сана-сезиминиң күшейиўине үлкен тәсирин тийгизер еди.  

Қарақалпақстанлы студентлер өзлериниң ийгиликли басламасын Республикамыздың гүллән студентлери қоллап-қуўатлайтуғынына исенип атыр.

 

Тамара МАШАРИПОВА,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Жур­­налистика» кафедрасының доценти,

РhD, Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик аўқамы ағзасы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF