Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:26:48, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЙГИЛИКЛИ ИСЛЕРДЕ БЕЛСЕНДИЛИК КӨРСЕТЕМИЗ

Бәршемизге мәлим, өткен жылдың 30-декабрь ҳәм усы жылдың 9-10-январь сәнелеринде Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ағзаларынан ибарат бир топар жаслар Арал теңизиниң қурып қалған ултанында «Жасыл қапламалар» — қорғаў тоғайлықларын жаратыў жумысларында жергиликли ҳәм Өзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларынан келип мийнет етип атыр­ған жумысшылардың ҳалынан хабар алыў, олардың машақатлы мийнет процесслери менен танысыў мақсетинде сол аймақта болған еди.

Бул илажға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент-жаслары да белсене қатнасып, Арал теңизиниң қурыған ултанында университетимиздиң бир топар жаслары сексеўил ҳәм басқа да өсимликлердиң туқымларын жыйнаў ҳәм оларды егиў процесслери менен жақыннан танысты, және жумысшыларға қол көмеклерин берип, трактор ҳәм сексеўилдиң туқымларын сеўип атырған самолётлардың басқарыўшылары менен сәўбетлесип, өзлери де усындай ийгиликли жумысларға  қол көмегин тийгизди.

«2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта түпкиликли бурылыс жылы болады» деген еди ҳүрметли Президентимиз жаслар менен ушырасыўында.

Усы жылдың 9-январь сәнесинде университетимиздиң ректоры А.Реймовтың басшылығында биология факультетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жасларынан дүзилген «OTUS» орнитологиялық клубының ағзалары Мойнақ районы аймағындағы Ақбеткей елатына барып, дала қусларына уялар иследи ҳәм усы аймақта Қарақалпақстан Республикасы Жо­қар­ғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Президенти мәсләҳәтшиси Т.Худайбергеновтың жаслар менен ушырасыўына да белсене қатнасты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Президенти мәсләҳәтшиси Т.Худайбергенов шығып сөй­леп, Президентимиздиң басламасы менен келешегимиз болған жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, экологиялық  шараятта жасап атырған халықтың турмыс шараятларын буннан былай да жақсылаў, теңиздиң қурыўы менен жүзеге келген экологиялық жағдайды жумсартыў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Жоқары көтериңкилик руўхында болып өткен сәўбетлесиўде Арал теңизиниң қурып қалған ултанында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың мазмун-мәниси ҳәм жаслардың тилек усыныслары тыңланды.

Сондай-ақ, усы күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары Б.Шермуҳаммадовтың басшылығында Ҳүрметли Президентимиздиң жаслардың мәнаўиятын ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бо­йынша илгери сүрген әҳмийетли 5 басламасы тийкарында университетимизде белсендилик көрсетип кия­тырған студент-жасларымыздан ибарат «Ҳүрлиман» халық ансамбли, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер», «Ки­тапқумарлар», «Тафаккур синовлари», «Жас сүўретшилер» клублары ҳәм талантлы студент­леримиздиң атқарыўында Мойнақ халқына, оның жаслары ушын концерт бағдарламалары қойып берилди.

Илажда атап өтилгениндей, Президентимиз Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде жаслар менен ушырасыўда бүгинги күнде барлық тараўларда билимли, сиясий ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди, халықтың мәпин өзиниң жеке мәпинен үстин қоятуғын, ҳадал ҳәм пидайы жас басшыларға айрықша итибар қаратқан еди. Теңиздиң ески ултанында бул ушырасыўды шөлкемлестириўден мақсет — усы жумыслар менен жасларды жақыннан таныстырыў, солай етип, олардың туўылған жерге болған сүйиспеншилигин ҳәм бундай ийгиликли ислерге белсендилигин арттырыў болып табылады.

Болып өткен илажларда елимиздиң барлық жаслары қатарында университетимиздиң студент-жаслары да өзлерине билдирилип атырған үлкен исенимди пидайы мийнетлери менен ақлайтуғынлығын, Арал теңизиниң қурып барыўы ақыбетинде жүзеге келген эколо­гиялық жағдайды жумсартыў, қоршаған орталықты қорғаў, және теңиз ултанынан дузлы шаң-тозаңлар көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде шөлге шыдамлы өсимликлер егиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға белсене қатнасатуғынлығын билдирди.

Әлбетте, алдағы ўақытлары да университетимиз студент-жаслары Арал теңизиниң қурыған ултанындағы алып барылып атырған кең көлемли көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумысларында өзлериниң белсендилигин көрсетеди.

 

Д.АБАДАНОВ,

ҚМУ Жаслар аўқамы жетекшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF