Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:13:44, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

2020-ЖЫЛ ­ ЖАСЛАРҒА ТИЙИСЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК СИЯСАТТА ТҮПКИЛИКЛИ БУРЫЛЫС ЖЫЛЫ БОЛАДЫ

Абат Данияров ­ Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы:

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибарын ҳәр бир сөзинде ҳәм әмелдеги реформаларда кеңнен сезип турамыз. Көпшилигимиз билемиз, мәмлекетимиз басшысы қайсы аймақ яки тараўды раўажландырыў бойынша қандай жаңалық енгизиў басламасы менен шықса, оны ең әўеле Қарақалпақстаннан баслайды десек асыра айтқан болмаймыз.

Мәселен, Президентлик лаўазымына кирискеннен кейин аймақ­ларға туңғыш сапарын да әйне Қарақалпақстаннан баслады ҳәм республикамызда, атап айтқанда, Мойнақ районында үлкен дөретиўшилик ислерге тийкар салды. Бул бойынша көплеп мысаллар келтириўимиз мүмкин.

Президентимиз 2019-жылы 27-декабрьде Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы мектепте жаслар менен ушырасыўында бизлерди толқынландыратуғын гәплерди айтқан еди. Бул сөзлер бизлерди және де күш-ғайрат пенен ислеўге руўхландырды.  Яғный, биз жасларға Ўатанды сүйиўшиликтиң ҳақыйқый мазмун-мәнисин түсиндирип берди.   

Бүгинги күнде Ўатанымыздың раўажланыўы ушын жуўапкершилик сезими менен жасайтуғын басшы қандай болыўы керек екенлигин Ҳүрметли Президентимиздиң  өзи биз жасларға жеке үлги екенин көрсетип берди. Қайсы мәмлекеттиң басшысы  жаслар менен усындай ушырасқанын еслей алмайман. Бул ушырасыў даўамында берилген тапсырмалар жас­ларға имканият жаратыў ҳаққында ўазыйпа қойғанын мен жаслардың бир жетекшиси сыпатында бул жумысларды қалай әмелге асырыў ҳаққында ойланып қалғанымды жасыра алмайман.  Президентимиздиң жаслар арасында «Мен сизиң жаныңызда қол-қанат боламан» деп көзи жанып тур­ған билимли, мәрт жигит-қызлар барлығына исенемен. Жетекшиликтиң, өз изинен жасларды ертиўдиң ең туўры жолы жеке өрнек ҳәм үлги болыўда», деген сөзлеринен және де руўхландым.

Президентимиздиң усы ушырасыўда бүгин жаслардың дәртин ким еситеди, олардың машқалаларын ким шешиўи ҳаққында шығып сөйлепF   ­ Ҳәр бир ҳәким, район яки ўәлаят ҳәкими болыўына қарамастан, сектор басшылары менен биргеликте жаслар мәселесин өзи ушын тий­карғы ўазыйпа етип алмас екен, орынлардағы ислеримизден нәтийже шықпайды, деп атап өтти. Усы басламаны да Қарақалпақстаннан баслаў кереклигин айрықша атап өтти.

Арадан еки күн өтип Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Ерниязов республиканың ең шетки аймағы Мойнақ районы, Арал теңизиниң қурыған түбинде, яғный, жасыл тоғайлар пайда болып атырған аймақта жаслар менен ушырасыў өткерди. Онда усы аймақта сексеўил егиў жумысларында қатнасып атырған ҳәм республиканың бир қатар белсенди жаслары қатнасты. Ушырасыўда бүгинги күнде мәмлекетимизде Ҳүрметли Президентимиз басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға кең имканиятлар жаратыў бойынша үлкен жумыслардың әмелге асырылып атыр­ғанын айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, усы илаж даўамында Арал теңизиниң қурыған аймағын жасыл тоғайзарлыққа айландырыў ислеринде қызғын ислеп атырған бир топар алдынғы хызметкерлерге «Ўатан пидайысы» көкирек нышанын салтанатлы жағдайда тапсырды.

Мәмлекетимиз басшысы жаслар менен ушырасыўда «Бәрше жумысларымыз, реформаларымыз Өзбекстанның ертеңги күни ушын, келешегимиз тийкары сиз жаслар ушын, көзлериңизден көрип турман, сизлер билимли, Ўатанымызға мүнәсип перзент болып жетисесиз. Буның ушын ҳәмме шараятларды жаратып беремиз» деди ҳәм ушырасыў даўамында жаслар пикир ҳәм усынысларын билдирди. Сонда «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Шыраз Турсынбаев Қарақалпақстанда опера мектебин шөлкемлестириў усынысы менен шықты. Бул усыныс Президентимиз тәрепинен мақулланды ҳәм усы күнлерде Нөкис қаласында операға қәнигелестирилген мектеп-интернат шөлкемлестириў ислери басланбақта. Бул да атап өткенимиздей, жаңа басламаларды енгизиў Қарақалпақстаннан басланып атыр­ғанының бир мысалы.

Бүгин Президентимиздиң басламасы ҳәм айрықша итибардың арқасында Мойнақта өмир қайнап атыр. Мен усы жасқа келип Арал теңизине келип көрмегенмен.  Мәмлекетимиз басшысы сонша имканият жаратып берген бир пайытта мен өзимнен қапа болдым. Өйткени, мәмлекетимиз басшысының бир гәпи барF «Бизге ҳеш ким шеттен келип жумысымызды ислеп бермейди». Соның ушын да, биз қарақалпақстанлы жаслар бул бойынша жумысларда және де белсендилик көрсетип, Президентимиз басламасы менен басланған бул ислерде оған қол-қанат боламыз. 

Арал теңизиниң қурыған ултанында эфирге узатылып атырған халықаралық «Пресс клуб»қа елимиздиң барлық ўәлаятларынан жаслар аўқамларының жетекшилери келип отыр. Олардан бул ислерге аз да болса өзлериниң үлес қосыўларын өтиниш етер едим. Себеби, Арал теңизиниң экологиялық кризиси тек Қарақалпақстанның машқаласы, яки тек Өзбекстанның ғана емес, ал, пүткил дүньяның машқаласына айланған.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен бул кризисти жумсартыў илажлары көрилмекте ҳәм елимиздиң барлық аймақларынан бул жерге ықтыярлылар келип, жасыл тоғайлар жаратыўға үлесин қоспақта. Арал теңизиниң қурыған ултанындағы қум саҳрасын жасыл қапламаға айландырыў улыўмахалықлық иске айланбақта.

Солай екен, Президентимиз атап өткениндей, жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен бирге қурамыз. 2020-жылы ­ жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатта түпкиликли бурылыс жылы болады.

 

Жамшид Хожаев, Өзбекстан Жаслар аўқамы Наўайы ўәлаяты Кеңеси баслығы:

Мен Мойнаққа туңғыш рет келгенмен. Келип, бул жерде әмелге асырыл­ған жумысларды көрип ҳайран қалдым. Бул бәлентпәрўаз гәп емес. Себеби, бизиң ўәлаятымызда да әне усындай шөл аймақларда жайласқан ра­йонлар бар. Бирақ, қысқа дәўирде Мойнақты, бул жерде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ислерди көрип ҳәр бир инсан ҳайран қалса керек.

Мойнақ районында болып, Аралдың ултанында өткерилген халықаралық «Пресс клуб»қа қатнасып, бул жерде исленген ҳәм ислениўи режелестирилген жумыслардан хабардар болдым ҳәм өзимше жуўмақ жасадым. Мениң менен бирге усы жерге келип отырған мәмлекетимиздеги барлық ўәлаятлардың Жаслар аўқамы Кеңеси басшылары да аймақлардағы  жасларды бул ислерге тартыў, усындай үлкен ислерге азғана болса да үлесин қосыўды режелестирип атырған болса керек.

Пурсаттан пайдаланып, республикамыздың бәрше жасларына қарата мүрәжат етпекшимен. Ҳүрметли Президентимиз дүньяның ең абырайлы халықаралық шөлкеми минберинен турып, жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын Арал теңизиниң кризисин жумсартыўға қарат­қан бир пайытта, бул бо­йынша халықаралық фондлар шөлкемлестирилип, басқа мәм­лекетлер де, қоңсы республикалар да бул иске өзлериниң үлесин қосып атырған пайытта Өзбекстан халқы, жасларының шеттен қарап турыўы жақсы емес. Соның ушын, Өзбекстан жаслары бирлесип, Арал теңизи ултанында исленип атырған ислерге азғана болса да өзлериниң үлесин қосыўға шақырып қаламан.

Президентимиз жыйналыслардың биринде «Биз бирлесип, бәрше мақсетлерге ерисемиз» деп атап өткен еди. Бизлер Мойнақты абат етиўдиң ийгиликли жолында бирлессек, алға қойған мақсетимизге, әлбетте, ерисемиз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF