Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:23:49, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПЕРЗЕНТЛЕРИМИЗ ТӘРБИЯСЫНА БИЙПӘРЎА БОЛМАЙЫҚ

Жасларымыздың Батыс мәдениятына ҳәўес етип қараўы ҳәм сол сыяқлы ғалабалық мәденияттың унамсыз иллетлерине қызығыўы бүгинги күнделикли турмысымыздың машқалалы мәселелеринен бири болып табылады.

Бул мәдениятты келешегимиз ийелериниң ақыл-санасына сырттан келип ҳеш ким сиңдирип атырған жоқ. Күни-түн телевидениеден ҳәр қыйлы сырт ел сериалларының көрсетилиўи жаслардың санасына унамсыз тәсир етип атырғаны бүгинги күнниң шынлығы, десек қәте­леспеймиз.

Биз, перзентлеримиздиң кеўли ҳәм санасын гирбиңсиз пәк етип ержеттирмекши болсақ, буның ушын биринши гезекте өзлеримизди жаман иллетлерден аўлақ тутыўымыз тийис. Әсиресе, баланың тәрбиясы, минез-қулқына зыян тийгизетуғын сырт ел сериаллары, көркем фильм ҳәм клиплерди дастурхан басында перзентлеримиз бенен бирге көрмеўимиз керек. Буннан тысқары, батыс мәдениятына тән болған мода ки­йим-кеншеклерди олардың көз алдында тартынбай кийип жүрсек перзентлеримизди дурыс тәрбиялап атырмыз деўге ҳақымыз бар ма, деген орынлы сораў туўылады.

Ҳәр ким перзентлерин тәрбиялаўдан алдын өзи тәрбияланғанлығын әмелде көрсетиўи лазым. Бул жақсы нийет жолында тасланған қутлы қәдем екенлигине гүман туўдырмайды.

Бала нәўше, оны қайсы тәрепке бурсаң әне сол тәрепке ийилип өседи. Солай екен, кеўлимизди керексиз иллетлерден тазалап, пәк нийетимизди перзентлеримизге көрсетейик, сонда бизге батыстың ғалабалық мәденияты ҳеш қашан тәсир ете алмайды.

 

Н.ХОДЖАНОВА,

Төрткүл районындағы 33-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF