Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:53:50, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚӘЛБИМИЗДЕ МУДАМЫ ЖАҢЛАР, ТЫНЫШЛЫҚ ТИЛЕГИ

Быйыл Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 28 жыллығы ҳәм 14-январь ­— Ўатан қорғаўшылары күни мүнә­сибети менен Арқа-батыс әскерий округиниң жумыс процесслери, шараятлары менен жақыннан танысып, мүддетли әскерий хызметин өтеп атырған әскерлер менен байрам бәнесинде ушырастық.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мир­зиёев тәрепинен мәмлекетимиздиң Қорғаныў потенциа­лын еле де арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Нәтийжеде Қураллы Күшлеримизди модернизациялаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, әскерий хызметкерлердиң профессионал билим ҳәм тәжирийбесин, сондай-ақ, әскерий таярлығын арттырыў, әскерий билимлендириў тараўына сырт еллердиң жаңа тәжирийбелерин, мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша кең көлемли ислер әмелге асырылмақта. Әсиресе, барлық мәмлекетлик ҳәм ҳәкимият уйымлары, кәрхана ҳәм шөлкемлер, тәлим-тәрбия мәкемелери, кең жәмийетшилик ўәкиллерин бир мақсет жолында бирлестирген бирден-бир системаның жаратылғанлығы, «Темурбеклер мектеби»ниң шөлкемлестирилгенлиги, халқымыздың шын мәнисте бахытлы ҳәм пәраўан жасаўына, Ўатанымызға садық әскерий хызметкерлерди таярлаўға хызмет етпекте.

Өткен жыллар даўамында Арқа-батыс әскерий округи елимиздиң ең үлкен аймағындағы шегараны қорғаў, халқымыздың исенимли қорғаўшысына ай­лан­ған әскерлеримиздиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў, олардың терең билим ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерин қәлиплестириўде айрықша орын ийелемекте.

— Президентимиздиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары даўамында Арқа-батыс әскерий округинде әскерлер менен ушырасып, бул жердеги шараятларды және де жақсылаў бойынша берген көрсетпелери ҳәр биримизге айрықша жуўапкершилик жүкледи,-дейди әскерий округ әскерлери сәркардасы, полковник Дилшод Чориев. — Усы ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде кең көлемли ислер әмелге асырылмақта. Президентимиздиң пәрманы менен ҳәр бир аймақта әскерий-административлик секторлардың дүзилгени, армия ҳәм халықтың бирлигин тәмийинлеў ислериниң сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгени турмысымызда айрықша орын тутпақта. Усы бағдарда ислеп шығылған «Жол картасы» тийкарында өткен жылдың өзинде Арқа-батыс әскерий округинде 36 миллиард сумнан артық қаржы есабынан қурылыс ҳәм реконструкция ислери алып барылып, керекли инвентарьлар менен тәмийинленди. Ең баслысы, әскерий хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың шаңарақ ағзалары ушын қолайлы шараятларды жаратыў ең баслы ўазыйпалардың бирине айланған.

Әскерий-административлик сектордың хызметин раўажландырыў мақсетинде жергиликли бюджет есабынан 31 миллиард сумға жақын қаржы ажыратылды. Өткен қысқа дәўир ишинде әскерий хызметкерлер ушын 66 квартиралы 3 турақ жайда қурылыс жумыслары алып барылды. Бул ийгиликли ислер быйылғы жылы да даўам еттирилип, 120 квартиралы 4 турақ жайдың қурылыўы режелестирилмекте...

Ҳақыйқатында да, өткен 2019-жыл Өзбекстан армия­сы ушын үлкен шоққыларды ийелеў ушын имканиятлар жылы болды. Қалаберди, жүдә көп жетискенликлерге, жаңалықларға ерисилди. Мәселен, Өзбекстан Қорғаныў ми­нис­трлиги сис­темасында 2019-жыл даўамында бир қатар реформаларды айтып өтиў мүмкин. Атап айтқанда, Россияның Санкт-Петербург қаласында ЈМДАна ағза мәмлекетлердиң жоқары билимлендириўге шекемги мәкемелери арасында 1-мәрте өткерилген халықаралық олимпиадада Өзбекстан «Темурбеклер мектеби» оқыўшылары 2-орынды ийеледи.

Сондай-ақ, әскерий тараўда арнаўлы медициналық тексериў басқышлары 2 есеге қысқарды. Бул өз гезегинде мүддетли әскерий хызметке шақырылыўшы жасларымызға оғада қолайлы имканиятларды жаратып берди.

Арқа-батыс әскерий округинде әскерий хызметтеги жасларға барлық шараятлар жаратылған. Олар ушын «Ашық есиклер» күни өткерилип турылады. Әсиресе, мүддетли әскерий хызметкерлердиң теориялық ҳәм әмелий билимлерин пуқта өзлестириўи ушын жара­тыл­ған шараятлар, арнаўлы қәнигелескен оқыўханалары, жатақханалар, колориялы азық-аўқатлар менен тәмийинленгенлиги әскерий хызметин өтеп атырған ҳәр бир жас қәлбинде тек ғана мақтаныш туйғыларын оятады. Айтып өтиў керек, округтағы әскерлердиң аўқатланыў асханасында аутсорсинг системасы енгизилген. Яғный, жеке фирма арқалы ҳәр күнги аўқатлық затлар жаңаланып жеткериледи. Ал, әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ушын «Мийнет ярмаркалары»ның өткерилиўи, исбилерменлик пенен шуғылланыўшылар ушын болса имканиятлардың жаратылып берилиўи, қоллап-қуўатланыўы ити­барға алынған. Округтеги мәдений-ағартыўшылық илажлардан да айтып өтетуғын болсақ, турақлы түрде республикамыздың тарийхый орынларына, музейлерге саяхат шөлкемлестирилип барылады.

Қулласы, үлкен округтеги үлкен жумыслар ҳаққында изин үзбей айта бериўимиз мүмкин. Барлық ийгиликли ислер негизинде бир мақсет, үлкен жуўап­кершиликF «Елимиздиң тынышлығы, халқымыздың аўызбиршилиги, Јәрезсизлигимиздиң мәңги болыўы, миллий армиямыздың қол қатылмаслығы» сыяқлы тилеклер жәмленген.

 

ӘСКЕРИЙ ҚАЛАШАДА «ЕҢ ҮЛГИЛИ МӘҲӘЛЛЕ»

Басқа мәмлекетлерде ушыраспайтуғын мәҳәлле басқарыў системасы ҳақыйқатында да пуқаралардың тыныш-татыў, аўызбиршиликте жасаўын тәмийинлейди. Бул, әсиресе, әскерий қалашада айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, шаңарақ қорғаны есапланған ер адам күтилмеген жағдайларда узақ ҳәм қысқа мүддетлерде дала-оқыў әмелиятына, хызмет ўазыйпасын атқарыў ушын шаңарағынан алысқа кетиўге мәжбүр болады. Мине усындай ўақытларда оның шаңарақ ағзаларының тынышлығын тәмийинлеў, перзентлерине ҳақыйқый ғамқор болыўда мәҳәллениң орны өз алдына.

Нөкис гарнизонында жайласқан 1-санлы әскерий қалашадағы «Ватанпарвар» мәкан пуқаралар жыйыны бүгин мине усындай ўазыйпаны атқарыўда басқа мәҳәллелерге салыстырғанда ҳәр тәреплеме үлги болып келмекте. Әскерий қалаша аймағында жайласқан бул мәҳәлле хызмети 2018-жыл 4-ноябрь күни жолға қойыл­ған болып, ондағы жәми 19 көп қабатлы үйлерде 500 ге жақын әскерий хызметкерлер ҳәм әскерий пенсионерлер жасап келмекте. Итибарлысы, өткен жылдың 14-августында республика көлеминдеги барлық әскерий мәҳәллелер арасында Нөкис гарнизонындағы «Ватанпарвар» мәҳәллеси «Ең үлгили мәҳәлле» деп табылып, министрлик системасындағы барлық әскерий мәкан пуқаралар жыйынлары басшылары менен тәжирийбе алмасыў мақсетинде оқыў-семинары өткерилген.

Әскерий қалашада жайласқан бул мәҳәлледе Ўатан қорғаўшыларының шаңарақ ағзалары, олардың перзентлери ҳәм әскерий пенсионерлер бәрқулла дыққат-итибарда. Олардың қатнасыўында ҳәр қыйлы мәдений-ағартыўшылық илажлар ҳәм дыққатқа ылайық орынларға саяхатлар шөлкемлестириледи. Той-мерекелер, шембиликлер, байрам илажлары бул жерде оғада жоқары шөлкемлескенлик пенен өткериледи.

Мәҳәлле аймағында 1 мектеп ҳәм 1 бақша бар.

— Мәҳәллемиздиң маған ең унайтуғын тәрепи, әскерлер қалашасы болғанлығы. Қаладағы барлық мәҳәллелерге қарағанда бизде жумыс алып барыў аңсат деп ойлайман,-дейди мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Райхан Бекниязова. — Бул жерде жасап атырған пуқаралардың барлығы ана-Ўатаным деп ўатансүйиўшилик руўхында тәрбия­ланған инсанлар. Әскерий хызметкерлеримиз хызметтен қайтқанында олардың қандай қыяллар менен кия­тырғанлығын, жүрегинен нелер кешкенин бир қарағаннан-ақ аңлап аламан. Себеби, өзим де Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында 17 жыл әскерий хызметти атқардым. Ҳәзир напақадаман. Сонлықтан да әскерлердиң шаңарақларын жақсы түсинемен, деп ойлайман. Оларға жәрдем бериўге ҳәрекет етемен...

 

МОЙНАҚ ХАЛҚЫ ҲӘМ МИЙМАНЛАРЫНА ХОШ КЕЙПИЯТ ИНАМ ЕТИЛДИ

Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардасының басламасы менен республикамыздың ең алыс аўылларында да Ўатансүйиўшилик айлығы шеңбериндеги илажлар алып барылды. Әскерий округ Ўатансүйиўшилик кәрўаны Мойнақ районына қараслы ең алыс аймақлардан бири «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйынына қараслы «Қыпшақдәрья» аўылында жайласқан 10-санлы улыўма билим бериў мектебинде болды. Жергиликли халықтың гәплерине қулақ түрсек, бул аўылда биринши мәрте әскерий кәрўан мийманда болмақта. Көзлеринде қуўаныш пенен әскерлерди күтип алған жасы үлкен аталар менен аналар, әскерлерге қызықсынып атырғанлығын жасыра алмай атырған балалар мийманларды хош кейпият пенен қарсы алды.

Әскерлер кәрўаны Мойнақ қаласындағы дийқан базарында да болып, бул жердегилерди де әскерий оркестр сазлары менен лал қалдырды.

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Айрықша жағдайлар министрлигиниң бөлимлери тәрепинен Арал теңизи түбиндеги суўы қурыған аймақларда «Жасыл қапламалар»-қорғаныў тоғайзарлықларын жаратыў ҳәм Мойнақ районындағы абаданластырыў жумысларында белсендилик көрсетип атырған әскерий хызметкерлер жайласқан орынларда да Ўатансүйиўшилик кәрўаны тәрепинен «Мәртлик ҳәм ерлик» сабақлары, концерт бағдарламалары менен көргизбели шығыўлар қойып берилди.

Нөкис гарнизоны әскерий оркестри, әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик элементлери менен көргизбели шығыўлары Ўатан қорғаўшылары күни байрамының әҳмийетин ўатанласларымызға үгит-нәсиятлаўға, хал­қымызға кеўилли кейпият инам етиўге хызмет етери анық.

 

БАЙРАМ ЖАҢА ЖАТАҚХАНАДА

Быйылғы байрам қарсаңында Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде заманагөй дизайн ҳәм барлық қолайлылықларға ийе болған әскерлер жатақханасы пайдаланыўға тапсырылды.

Бул, әлбетте, мәмлекетимиз тәрепинен әскерий хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын күшейтиў, жаўынгерлик хызмет алып барыўы ушын қолайлы шараятларды жаратыў бойынша әмелге асырылып атыр­ған ислердиң айқын мысалы.

«Қурылыс проминвест» ЖШЖ тәрепинен капитал оңланған жаңа жатақхана бир неше бөлимлерден ибарат болып, 100 ге жақын әскерий хызметкерлердиң жасаўына хызмет етеди. Ханаларға әскерлер ушын керекли болған барлық қолайлылықлар жаратылған.

Жатақхана комплекси әскерлердиң жатақханасы, мәдений дем алыў орны, Жаслар аўқамының басланғыш шөлкеми ханасы, турмыслық хызмет көрсетиў ҳәм жуўыныў орынлары, стол тенниси менен шуғылланыўы, руўхый-ағартыўшылық жақтан таярланыўы, сондай-ақ, басқа да ханалардан ибарат.

— Әскерий хызметке келгенде мине усындай қолайлылықларға ийе шараятларда хызмет етемен деп ҳеш қыялыма келтирмеген едим,-дейди мүддетли әскерий хызметкер Муҳаммаднозим Анварбеков. — Теңлеслерим менен қуўанышымыз шексиз. Биз ушын усындай қолайлы шараятлар жаратып берилген екен, буған жуўап ретинде еле де садықлық пенен Ўатанымызға хызмет етиўге ўәде беремиз.

 

«ЎАТАНСҮЙИЎШИЛИК» АЙЛЫҒЫ  ӨЗГЕШЕ  ӨТТИ

Президентимиз Ш.Мирзиеевтиң «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 28 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күнин белгилеўге таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2019-жыл 15-декабрьден 2020-жыл 15-январь сәнесине шекем «Ўатансүйиўшилик айлығы» деп жәрияланған еди. Айлық мүнәсибети менен «Ўатансүйиўшилик — миллий раўажланыў кепили!» улыўмалық сүрени тийкарында бир қанша илажлар өткерилди.

Мақсетимиз — мәмлекетимиз қорғаныў системасын беккемлеў ҳәм әскерий хызметтиң барлық буўынларында әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының социаллық қорғалыўын тәмийинлеў жолында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жәмийетшиликтиң санасына жеткериў, халқымыз, әсиресе, жас әўлад ҳәм барлық тайпадағы әскерий хызметкерлер қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин және де қәлип­лестириўден ибарат.

Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардалығы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы аймақларында ҳәм Хорезм ўәлаятында «Ўатансүйиўшилик» фестивальлары, мектеплерде «Мәртлик ҳәм ерлик» сабақлары, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде «Мен де әскер боламан» атлы ушырасыўлар, сондай-ақ мектеп оқыўшылары арасында 3 басқыштан ибарат Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы кубоги ушын быйыл биринши мәрте әскерий спорт эстафета спорт жарысларының өткерилиўи әлбетте, жаслардың Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбияланыўында хызмет етери, өз тәсирин тийгизери анық.

Өткен жылларға салыстырғанда ҳақыйқатында да, быйылғы өткерилип атыр­ған бир қатар илажлар өзгеше руўхта алып барылды.

 

ЖАЎЫНГЕРЛЕРГЕ  ҚУЛАҚ  ТҮРСЕК...

Өткир ЭРМАТОВ,

әскерий бөлим взвод командири, аға лей­тенант.

— Арқа-батыс әскерий округиниң оқыў корпусында мүддетли әскерий хызметкерлердиң алған теория­лық билимлерин жетилистириў ушын барлық шараятлар жаратыл­ған. Әскерий шынығыўлар ўақтында әскерий топография, тактикалық таярлық, панорамалы тренажёр, мергенлерди, инженерлерди, байланысшыларды, пулеметшыларды, танк қәнигелерин, гранатаметшыларды, қол гранатаметшыларды ҳәм басқа да қәнигеликлер бойынша қәнигелерди таярлаў ханаларын, заманагөй компьютерлескен ханаларымыз бенен китапханаларымызды да айрықша айтып өтсек болады. Усы келтирилген ханаларда мүддетли әскерий хызметкерлер теориялық билимлерин терең өзлестирген ҳалда дала әмелий шынығыўларында пайдаланып кел­мекте.

Әскерий таярлығымыздың тийкарғы бөлимлерин бул жерде теориялық жақтан үйренип, дала әмелий шынығыўларында беккемлеп барамыз. Әскерлерге керекли болған барлық мағлыўматлар оқыў корпусында өзлестириледи. Булардың ишинде айрықша атап өтетуғын болсам, компьютерлескен панорамалы тренажёр ханасында әскерий хызметкерлер оқ дәри сарпламастан, сенсорлы түрде нышанды анық урыў көнликпелерин әмелге асырып, дала әмелий шынығыўларында душпанды жексен етиў ушын шынығыўлар алып барады.

Әскерий таярлық бағдары бойынша «Мен жеңимпаз» сүрени тийкарында мүддетли әскерий хызметкерлер арасында жарыслар турақлы түрде өткерилип келинбекте. Бул жағынан да жетискенликлеримиз жүдә көп. Усындай нәтийжелер арқасында биз келешекте халықаралық армия ойынларында да қатнаса алыў имканиятына ийемиз. Сондай жарыслардан бири жақында округимизде өткерилди.

Биз әскерлерге жаратылған шараятлардан пайдаланып, Ўатанымызды қорғаў ушын бәрқулла таққа турып, барлық күш ҳәм имканиятларымызды сарплаўға таярмыз.

 

Мухриддин ЯНГИБОЕВ,

әскерий бөлим оқшы-сапёр қәнигелиги курсанты.

— Мен бул жерге 2019-жыл март айында Сурхан­дәрья ўәлаятынан мүддетли әскерий хызметке келдим. Бул жерде әскерлер ушын барлық шараятлар жара­тыл­ған. Әсиресе, бос ўақытларымызды мазмунлы өткериў ушын барлық имканиятлар бар болып, биз буннан мақсетли пайдаланып атырмыз.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Ш.Мирзиёев тәрепинен биз мүддетли әскерий хызметкерлерге саўға ретинде берилген «Темур тузуклари» китаплар топламын айрықша ҳүрмет пенен қабыл еттим ҳәм оқып үйренип, өзиме өзлестирип алдым.

Әскерлер арасында өткерилген «Темур тузуклари билимданы» таңлаўына қатнасып, әскерий бөлимимиздеги биринши басқышта биринши орынды, республикалық басқышында да биринши орынды, соң жуўмақлаўшы Өзбекстан Республикасы көлеминдеги бас­қышында болса екинши орынды жеңип алып, арнаўлы диплом ҳәм сертификат алыўға еристим.

Миллий армия қатарында әскерий хызметте болып атырғанлығымнан мақтанышлыман. Быйыл­ғы жыл март айында мүддетли әскерий хызметимди өтеп болғаннан ке­йин жоқары оқыў орнына оқыўға кирип, алдағы ўақытта өз әскерий хызметимди даўам еттириўди мақсет етип қойыппан.

Келешекте әлбетте, халықтың тынышлығын қорғайтуғын әскерий хызметкер болыўға ўәде беремен.

 

P/S: Бул әскерий округ жумыслары менен жақыннан танысар екенмен, қыялымда елимиздиң тынышлығы исенимли қолларда екенлигине исенимим оянды ҳәм олардың машақатлы мийнетлерине тәсийн қалдым.

 

Гүлнара  ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF