Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:34:43, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘСКЕРЛЕРДИҢ АНАЛАРЫН ҲҮРМЕТЛЕЙМИЗ!

Жақында Хожели районында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 28 жыллығы ҳәм 14-январь — Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен «Әскерлердиң аналарын ҳүрметлеймиз!» атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 28 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күнин белгилеўге таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Арқа-батыс әскерий округиниң басламасы менен өткерилген илажға бүгинги күнде республикамыздың ҳәр қыйлы аймақларында Ўатан алдындағы хызмет ўазыйпасын орынлап атырған хожелиши жаслардың ата-аналары мирәт етилди. Онда шығып сөйлегенлер әскер-жигитлердиң ата-аналарын байрам менен қутлықлап, ўатанымызға садық, мәрт ҳәм ўатанын сүйиўши жигитлерди тәрбиялағаны ушын оларға миннетдаршылық билдирди. Елимиздиң Қураллы Күшлеринде әмелге асырылып атырған реформалар, мәмлекетимизде әскерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының қоллап-қуўатланыўы, берилип атырған жеңилликлер атап өтилди

— Мениң перзентим Қураллы Күшлер қатарында әскерлик хызметин өтеп атырғанлығынан бүгин айрықша мақтанышқа бөлендим. Себеби,  бүгин байрам илажына бизлерди мирәт етип, ҳүрмет-иззет көрсетип атыр. Шөлкемлестириўшилерге айрықша миннетдаршылығымды билдиремен, - дейди хожелиши Гәўхар Шарипова. — Баламның ана-Ўатан алдындағы перзент­лик парызын өтеп атырғанын бәрқулла мақтаныш етемен.    

Илажда әскерлердиң аналарына район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар

агентлигиниң хабаршысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF