Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:51:46, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛАЛАРҒА ПРЕЗИДЕНТ САЎҒАСЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 29-декабрь күни Нөкис қаласындағы Орайлық майданда орнатылған арша әтирапында «Президент аршасы» дәстүрий байрам тамашасы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов балаларды ҳәм олардың тәрбияшыларын жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.

Илажға Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбия­ланыўшылары мирәт етилди. Шырайлы етип безелген арша әтирапында Аяз-ата менен Қар­қызы, түрли ертек қаҳарманларының қатнасындағы театрластырылған тамашалар даўамында балаларға Президент саўғалары тапсырылды. Республикамыздың көркем өнер шеберлери атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойын­лар байрамға өзгеше көтериңкилик бағышлады.

— Биз ҳәмийше Президентимиздиң итибары және ғамқорлығындамыз,-дейди «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшысы Рано Карамова. — Елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы байрамы босағасында бизлерге Президентимиздиң саўғасы-«Газель» автомашинасы саўға етилди. Өзим қатнасатуғын «Таң ғумшалары» ансамблимиз усы жылдың ноябрь айында Ташкент қаласында болып өткен қәбилетли балалар фестивалында Гран-при жеңимпазы болды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында да усындай байрам тамашасы болып өтти. Оған Нөкис қаласындағы бағыўшысынан айырылған шаңарақлардан 90 бала мирәт етилди. Балаларға Президент саўғалары тапсырылды. Театр жәмәәти тәрепинен таярланған байрам тамашасы оларға айрықша қуўаныш бағышлады.

«Президент аршасы» дәстүрий байрам тамашасы республикамыздың барлық районларында болып өтти.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF