Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:52:35, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЙЛАЎДЫҢ НӘТИЙЖЕЛЕРИ АНЫҚЛАНДЫ

Елимизде ең тийкарғы сиясий ўақыя — Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине 22-декабрь күни болып өткен сайлаўлар нызам талаплары тийкарында, жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде өтти.

Бул әҳмийетли жәмийетлик-сиясий ўақыя «Жаңа Өзбекстан — жаңа сайлаўлар» сүрени астында, пуқаралардың сиясий белсендилиги артқан шараятта ҳәм жаңа сайлаў нызамшылығына муўапық өткерилди. Қарақалпақстан Республикасында болып өткен сайлаўларға 771 494 сайлаўшы қатнасты. Бул улыўма сайлаўшылар санының 77,2 процентин қурайды.  

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына сайлаў өткериўши 65 сайлаў округиниң 63 инде депутатлар сайланды, деп мәлим етеди Орайлық сайлаў комиссиясы жанындағы Баспасөз орайының Қарақалпақстан бөлими.

Соның ишинде:

- Исбилерменлер ҳәрекети — Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан 20;

- Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан 13;

- Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан 6;

- Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан 14;

- Өзбекстан экологиялық партиясынан 10 депутат сайланды. Қалған 2 округте қайта даўыс бериў өткерилетуғынлығы мәлим болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына сай­ланғанлардың 20сын ҳаял-қызлар қурайды.

Сайлаў өткериўши 2 округте талабанлардың бирде-биреўи жетерли даўыс топлай алмағанлығы себепли, усы округлерден депутатлар сайланбады ҳәм оларда қайта даўыс бериў нызамшылығымызға бола, 2020-жыл 5-январь күни өткерилетуғынлығы мәлим болды. Қайта даўыс бериўде сайлаўшылардың даўысын басқа талабанға қарағанда көбирек даўыс алған талабан сайланған деп есапланады.

 Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF