Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:52:53, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛЕР УШЫН ЖАРАТЫЛҒАН ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАР

Соңғы жылларда Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкимети тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў, тараў ўәкиллериниң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўды күшейтиў бойынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик статистика комитетиниң комплексли ис-илажлары режесине муўапық кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2005-жыл 15-июньдеги «Исбилерменлик субъектлери тәрепинен тапсырылатуғын есабат системасын жетилистириў ҳәм оны нызамсыз талап еткенлиги ушын жуўапкершиликти күшейтиў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, исбилерменлик субъектлеринен мәмлекетлик статистика уйымларының белгиленген финанслық ҳәм статистикалық есабатларға қосымша түрде ҳәр қандай мағлыўматлар ҳәм басқа да ҳүжжетлерди талап етиўине жол қойылмайды.

Және, соны да айтып өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2014-жыл 7-апрельдеги «Өзбекстан Республикасында инвестиция ықлымы ҳәм исбилерменлик шараятын буннан былай да жетилистириўге қаратылған қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, 2015-жылдың 1-январынан баслап киши исбилерменлик субъектлери статистика есабатларын жылына бир мәрте тапсырыўы белгиленген.

Киши исбилерменлик субъектлери 2019-жыл ушын 1 КВ (жыллық) «Киши кәрхана ҳәм микрофирмалар есабаты»н 2020-жылдың 26-февраль сәнесине шекем интернет тармағы арқалы электрон көринисте тапсырыўы ти­йис.

 

А.ИБРАЙМОВ,

Нөкис қалалық статистика бөлиминиң баслығы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF