Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:42:59, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН — ЖАҢА САЙЛАЎЛАР»: САЙЛАЎШЫЛАР ӨЗИНИҢ СИЯСИЙ ЕРК-ЫҚРАРЫН КӨРСЕТТИ

22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлығына сайлаўларда пуқараларымыз өз конституциялық ҳуқықларынан пайдаланып, сиясий ерк-ықрарын көрсетти.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаўды өткеретуғын 1-Нөкис, 2-Төрткүл, 3-Елликқала, 4-Әмиўдәрья, 5-Хожели, 6-Шымбай, 7-Арал, 8-Ақмаңғыт округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен даўыс бериўди шөлкемлестириў ушын зәрүрли шараятлар жаратылған. Сайлаўда республикамыздан 995 мың 36 пуқара қатнасып, соннан 17 мың 511и ма­йыплығы болған шахс, 10 мың 218 пуқара жасаў орнынан даўыс бериўи күтилмекте. Соннан быйыл 58 мың 74 жас биринши мәрте даўыс береди. Сайлаўларды бақлап барыў ушын 2 мың 854 бақлаўшы тар­тыл­ған.

 Барлық сайлаў округлери сыяқлы Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 8-санлы «Ақмаңғыт» сайлаў округине қараслы Нөкис қалалық 5-сайлаў участкасында да халықтың даўыс бериў ҳуқықынан пайдаланыўын тәмийинлеў бойынша кең көлемли шөлкемлестириўшилик ҳәм түсиник жумыслары алып барылды.

— Сайлаўда қатнасыў ҳәр бир пуқараның тек ҳуқықы болып қалмай, соның менен бирге миннети де есапланады, - дейди «Қутлы мәкан» МПЖ турғыны Т.Жақсымбаева. — Себеби, сайлаўда келешекте раўажланыўымыз ушын даўыс беремиз, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға өз мүнәсибетимизди билдиремиз. Аймағымыздағы 5-сайлаў участкасына келип, өз сайлаў ҳуқықымды әмелге асырдым — мүнәсип тала­банға даўыс бердим. 

 М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF