Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:04:07, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТӨРТКҮЛДЕ ЖАҢА КӘРХАНА ИСКЕ ҚОСЫЛДЫ

Усы жылдың 17-декабрь күни «Ўздонмаҳсулот» акционерлик компаниясы тәрепинен Төрткүл районындағы «Тўрткўлдонмаҳсулотлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийети өндирис кәрханасының 2019-жылғы инвестиция бағдарламасына тийкар иске қосылған жойбарлардың ашылыўы мүнәсибети менен журналистлердиң қатнасыўында пресс-тур шөлкемлестирилди. 

Дәслеп «Тўрткўлдонмаҳсулотлари» ЖШЖ қараслы бийдайды қайта ислеўши кәрхананың ашылыў мәресими болып өтти. Онда район ҳәкими Я.Бабаджанов, «Тўрткўлдонмаҳсулотлари» ЖШЖ баслығы А.Розметов ҳәм «Уллыбағ» АПЖ баслығы О.Юлдашевлар сөзге шығып, халқы­мызға сапалы ун өнимлерин жеткерип бериўге қәнигелестирилген жаңа кәрхананың иске қосылғаны менен қызғын қутлықлады.

Завод тийкарынан Төрткүл ҳәм Беруний районлары аймағындағы фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген бийдай, салы өнимлеринен ун, гүриш ҳәм жем өнимлерин қайта ислеп шығарады. Бүгинги күнде кәрхана еки сменада жумыс алып барады. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 95 адам жумыс ислеп атыр. Олардың дерлик ярымынан көбин жаслар қурайды. Хызметкерлердиң нәтийжели жумыс ислеўи ушын барлық қолайлылықлар  жаратылған.

— Кәрханаға Түркияның «Генч Тегирмон Макиналари» компа­ниясынан заманагөй үскенелер алып келип орнатылды, - дейди кәрхана хызметкери И.Аданбаев. — Үскенелерди бас­қарыў системасы компьютер жәрдеминде әмелге асырылады. Күнине 60 тонна бийдайды қайта ислеў қуўатына ийе. Соңғы заманагөй технологиялар жәрдеминде халқымызға сапалы ун өнимлерин жеткерип бериўде үлес қосып атыр­ғанымнан мақтанышлыман...

Буннан соң журналистлердиң қатнасында баспасөз конферен­циясы шөлкемлестирилди. Онда «Ўздонмаҳсулот» акционерлик компаниясы баслығының биринши орынбасары Ш.Узақов сөзге шығып тараўда жүргизилип атыр­ған жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, бүгинги күнде тараўда халқы­мызға сапалы азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериўде жоқары қуўатлылыққа ийе 52 ун, 118 нан, 47 макарон, сондай-ақ, 48 жем ислеп шығарыў цехлары жумыс ислеп келмекте. Усы жылдың 11 айы даўамында 1 млн тонна ун, 842 мың тонна жем, 53 мың тонна нан ҳәм 12 мың тонна макарон өнимлери ислеп шығарылды.

Әлбетте, бул илажлар елимизде азық-аўқат базасын беккемлеў, соның менен бирге, халқымыз дастурханының молшылығын тәмийинлеўде әҳмийетли есапланады.

Илаж соңында журналистлер өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды.

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Төрткүл районы.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF