Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:55:53, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СИЯСИЙ МАПАЗҒА БЕЛСЕНЕ ҚАТНАСАЙЫҚ

Ҳәммемиздиң хабарымыз бар, күни ертең, анығырағы 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўлар болып өтеди.

Әлбетте, бул сиясий мапаздың «Жаңа Өзбекстан, Жаңа сайлаўлар!» сүрени астында болып өтетуғынлығы ҳәм өткен сайлаўларға қарағанда бир қанша өзгешеликлерге ийе екенлиги айтылып ҳәм жазылып келинди.

Бул әҳмийетли сиясий мапаздың Өзбекстан Республикасының жаңа Сайлаў Кодекси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамы нормаларына тийкар ҳақыйқый, ашық-айдын, демократиялық принциплерге сай алып барылыўы бойынша алымлар, юрист­лер, сиясатшылар ҳәм басқа да тәжирийбели инсанлардың ғалаба хабар қуралларында сайлаў нызамшылығы ҳаққындағы шығып сөйлеўлерин тыңладық, оқыдық ҳәм анағурлым түсиникке ийе болдық. Сондай-ақ, елимизде ҳәрекет етип турған сиясий бес партияның сайлаўалды бағдарламалары менен жақыннан таныстық.

Мине, Тәңиримниң таңы атса бизиң менен сизди, гүллән халқымызды үлкен сиясий мапаз, сиясий байрам, соның менен бирге айрықша жуўапкершилик, аўызбиршилик күтпекте. Өйткени, ҳәр биримиз беретуғын даўысымыз бенен ғәрезсиз елимиздиң, суверенли республикамыздың келешегине, турмысымыздың абаданлығына үлес қосамыз. Солай екен, сиясий партиялардың сайлаўалды бағдарламалары, олар тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерге усы­ныл­ған талабанлар менен баспасөз арқалы жақыннан танысқан болсаңыз мүнәсип талабанларды таңлайық.

Бир нәрсени айрықша атап өткимиз келеди, болып өтетуғын сайлаўларда ҳәр бир пуқараның даўысы айрықша әҳмийетке ийе ҳәм биз даўыс берип атырған ўәкилимиз мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип хызмет ететуғын, сайлаўшылардың арын арлап, жырын жырлайтуғынына исеним арттырайық. Солай екен, ҳәммеңизди сайлаўға белсене қатнасыўға шақыраман!

 

Сагира ЕСЕНГАЛИЕВА,

Нөкис қаласы, 41-санлы мектептиң муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF