Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:10:31, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АДАМ ПАПИЛОМАСЫ ВИРУСЫ НЕ?

Иммунизация ­ бул вакцина шаншыў арқалы адамда жуқпалы кеселликлерге қарсы иммунитет пайда етеди. Вакциналар тийисли инфекциядан ямаса кеселликтен қорғаўда адамның иммун системасын күшейтеди.

Иммунизация адам өмири ушын қәўип туўдырыўшы жуқпалы кеселликлерге қарсы гүресиўде ҳәм оларды сапластырыўда дәлилленген усыл болып есапланады. Дүнья жүзи денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматы бойынша, иммунизация нәтийжесинде ҳәр жылы 2 миллионнан 3 миллионға шекем өлимшиликтиң алды алынады.

  1. Адам папиломасы вирусы дегенимиз не? Адам папиломасы вирусы ­ бул вируслар топары болып, адам териси ямаса денениң ҳәр қыйлы бөлимлериндеги тегис қабатларды жарақатлайды.
  2. Бул вирус адам өмирине қандай қәўип туўдырады? Дүнья жүзи денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматы бойынша, Өзбекстан Республикасында ҳәр жылы 1660 ҳаял жатыр мойны рак кеселлигинен жәбир көреди. Дүнья жүзинде жатыр мойны рак кеселлиги рак кеселликлериниң арасында көп тарқалған түри болып, адам папиломасы вирусын шақырады ҳәм ҳаяллардың өлимине алып келеди.
  3. Вирусқа қарсы шаншыў не ушын керек? Адам папиломасы вирусына қарсы шаншыў жатыр мойны рак кеселлигиниң 90 процентке шекем алдын алады.
  4. Бул вакцина қалай ислейди? Адам папиломасы вирусына қарсы шанышқаннан кейин организм вирусқа қарсы антитела ислеп шығарады ҳәм қорғаныў системасын формаландырады. Бул ­ организмге вирус түскен ўақытта вирусқа қарсы гүресиўди тәмийинлейди.
  5. Мениң балам қашан вакцина алыўы керек? Баланы вакцинациялаў (шаншыў) ушын ең жақсы ўақыт 9 жас, яғный, 2010-жылдың 1-январынан 31-декабрь аралығында туўылған барлық қызлар. Вакцинация курсы 2 дозадан ибарат болып, 6 айлық интервал менен. Бул жаста вакцина жүдә күшли иммунитет пайда етиўди тәмийинлейди. Республикамызда шаншыў 2-октябрьден басланды.
  6. Вакцина шаншыўдан алдын медициналық тексериўден өтиўи керек пе? Дүнья жүзи денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматы бойынша қызлар медициналық тексериўден өтиўи шәрт емес. Лекин, ӨзР ДССМниң 0239-07 санлы СанПиНде республикамыз аймағында шаншыўдан алдын медициналық тексериўден өткерилиўи шәрт деп белгиленгенлиги себепли тексериўден өткерилип, денсаўлығында машқаласы болмаған қызларға шаншыў өткериледи.
  7. Мениң нәсилимде жатыр мойны рак кеселлиги жоқ, мениң қызым вакцина алыўы керек пе? Жатыр мойны рак кеселлиги нәсилден нәсилге берилиўши кеселлик емес. Бул вируслар келтирип шығаратуғын кеселлик болғанлығы себепли денсаўлықты сақлаў минис­трлиги адам папиломасы вирусына қарсы вакцинаны барлық қызлардың алыўын усыныс етеди.
  8. Егер шаншылмаса не болады? Адам профилактикалық шаншылмаса адам папиломасы вирусының жуғыў қәўпи ҳәм басқа адамларға жуқтырыў қәўпи жоқары болады. Адам папиломасы вирусы ­ өткир ушлы кандилома ямаса рак кеселлигиниң бир неше түрине алып келиўи мүмкин.
  9. Не ушын қызларды шаншыў усыныс етиледи? Жатыр мойны рак кеселлиги адам папиломасы вирусы келтирип шығарыўшы көп тарқалған кеселлик болып есапланады. Соның ушын өлимшиликке көп алып келетуғын кеселликтен қорғаў адам папиломасы вирусына қарсы шаншыў бағдарламасының тийкарғы мақсети болып есапланады. Дүнья жүзи денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм көплеген мәмлекетлердиң миллий денсаўлықты сақлаў тараўы биринши гезекте 9 жаста қызларды адам папиломасы вирусына қарсы шаншыўды усыныс етеди.
  10. Вакцина қәўипсиз бе? Аўа, адам папиломасы вирусына қарсы барлық вакциналар шаншыў ушын қолланылыўға рухсат етилген вакциналардың арасында бирқанша қәўипсиз ҳәм эффекти жоқары вакцина болып есапланады.
  11. Вакцинаның жағымсыз тәсирлери бар ма? Егер бар болса, қандай тәсирлер. Бас­қа вакциналар ҳәм дәрилерге уқсап, адам папиломасы вирусына қарсы вакцина, сийрек жағдайларда жеңил жағымсыз тәсирлер: қызарыў, исиниў ямаса шаншыў орнында аўырыўдың сезилиўине уқсас тәсир шақырыўы мүмкин. Сийрек жағдайларда қызлар бас аўырыўы, жеңил дене ыссылығының көтерилиўи, ҳәлсизликке арыз етиўи мүмкин. Бул шаншыў орнындағы тәсирлер бир суткаға шекем даўам етеди ҳәм қәўипсиз болып есапланады.
  12. Адам папиломасы вирусы қызлардың ерте ержетиўине ҳәм өсип-өниўине (репродуктив раўажланыўға) тәсир ете ме? Жоқ, адам папиломасы вирусына қарсы вакцина репродуктив функцияға тәсир етпейди. Бул вирусқа қарсы вакцина лицензияланбастан алдын өткерилген клиник изертлеўлер, және де шаншыў ендирилгеннен кейинги қәўипсизлигин изертлеў бо­йынша бақлаўларда вакцина ҳаяллардың репродуктив функциясының бузылыўына алып келмейтуғынлығын тастыйықлаған. Сондай-ақ, адам папиломасы вирусына қарсы вакцина жатыр мойны рак кеселлиги ҳәм жатыр мойны рак кеселлигинен алдынғы жарақатланыўдан сақлаў арқалы репродуктив функцияны қорғаўға жәрдемлеседи.

 

Махмуд ШАМШЕТОВ,

ҚР МСЭБО иммунологи.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF