Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:18:44, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУРНАЛИСТЛЕР ҲУҚЫҚЫЙ БИЛИМГЕ ИЙЕ БОЛДЫ

Нөкис қаласында жергиликли ғалаба хабар қуралларында ислеп атырған журналистлер, блогерлер ушын «Мәлимлеме алыў еркинлигин тәмийинлеўдиң ҳуқықый тийкарлары» темасында 2 күнлик тренинг өткерилди.

Тренинг жумысын «Anhor.uz» информациялық-аналитикалық сайтының бас редакторы ҳәм директоры Лола Исламова бас­қарып барды. Өзбекстан Республикасының журналистлери ҳәм блогерлери ушын юридикалық клиниканың юристлери Илҳом Ҳамидов ҳәм Мадина Турсуновалар ғалаба хабар қураллары, журналистлер ҳәм блогерлер жумысының ҳуқықый тийкарлары ҳақ­қында мағлыўмат берди.  

Тренингтиң мақсети —журналистлердиң ҳуқықый санасын асырыў, ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң нызамлы мәплери ҳәм ҳуқықларын қорғаўға жәр­демлесиў, сондай-ақ, мәлим­леме-коммуникация орталығында олардың биргеликтеги жумысларының нәтийжелилигин асырыўдан ибарат.

Тренинг қатнасыўшылары “ХҚ, журналист ҳәм блогерлер хызметиниң ҳуқықый тийкарлары ҳаққында мағлыўмат алды. Тренингте ғалаба хабар қураллары ҳәм журналистлердиң ҳуқықлары ҳәм миннетлери, мағлыўматлар алыў еркинлигиниң нызамлы тийкарлары, ғалаба хабар қуралларында диффамация мәселелери, жас өспиримлер ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялаў қағыйдалары, журналистлер хызметиниң әдеп-икрамлылық мәселелери, сондай-ақ, балалар темасын сәўлелендириўде әдеп-икрамлылық нормаларына әмел етиў мәселелери додаланып, терең үйренилди.

Қатнасыўшылар мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларына, мәкеме ҳәм шөлкемлерге тийисли нызамшылық ҳүжжетлерине сораўлар таярлаў бойынша көнликпелерге ийе болды.

Тренинг Өзбекстан Республикасы заманагөй журналистиканы раўажландырыў орайы ҳәм Уллыбританияның Өзбекстандағы елшиханасының қоллап-қуўатлаўында «Өзбекстанда ғалаба хабар қураллары еркинлигин қоллап-қуўатлаў ушын журналистлердиң ҳуқықый билимин жети­листириў» атлы жойбар шеңберинде өткерилди.

 

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы  хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: Тренинг барысынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF