Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:26:32, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘҲМИЙЕТЛИ ИЛАЖҒА БАҒЫШЛАНДЫ

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги тәрепинен «Халықты сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеўди жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келеси жыллар режелери ҳаққында» баспасөз конференциясы болып өтти.

Оған тараў қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының баспасөз хаткери Ч.Елмуратов басқарып барды. Онда «Түйемойын-Нөкис» регионаллық суў тармағынан пайдаланыў басқармасы МУК директоры ўазыйпасын ат­қарыўшы М.Утениязов, Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў минис­трлигиниң басқарма баслығы Н.Султановлар сөзге шығып, республикамызда халыққа таза ишимлик суў жеткерип бериў ҳәм канализация қубырларын жаңалаў бағдарында жүргизилип атыр­ған жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, елимизде жүргизилип атырған «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде хал­қымызға таза ишимлик суў жеткерип бериўде нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Елликқала районындағы «Шуқырқақ» АПЖ, Төрткүл районындағы «Жамбасқала» ҳәм «Наўрыз» АПЖ, соның менен бирге, Тахтакөпир районының алыс аймақларында жайласқан суў жеткерип бериўши объектлерге реконструкция жумыслары жүргизилип, сапалы ишимлик суўы менен тәмийинленди. Жеткерилип берилген ишимлик суўдың баҳасы бир сум етип белгиленген. Әлбетте, бул илажлар Ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылған жеңилликлердиң бири есапланады.

— Кәрханамыз тийкарынан халыққа таза ишимлик суўын жеткерип бериў ҳәм ақаба суўларды алып шығыў менен шуғылланады, - дейди «Түйемойын-Нөкис» регионаллық суў тармағынан пайдаланыў басқармасы МУК директоры ўазыйпасын атқарыўшы М.Утениязов. — Бүгинги күнде республикамыздың 60 проценти орайлық таза ишимлик суўы менен тәмийинленген. Алдағы ўақытлары бул жумысларды еле де жетилистириў ҳәм заманагөй суў жеткерип бериў үскенелерин орнатыў режелестирилмекте...

Буннан басқа да, конференцияда қатнасыўшылар пуқараларымыз ишимлик суўларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм суў есаплағыш үскенелерин орнатыў мәдениятын жетилистириў бо­йынша да пикир-усынысларын билдирди. Илаж соңында журналистлер өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды.

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF