Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:38:39, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕКТЕП ПИТКЕРИЎШИЛЕРИНИҢ ОҚЫЎҒА КИРИЎ НӘТИЙЖЕЛЕРИ

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў минис­трлигинде Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Ш.Шерматовтың басшылығында мәжилис болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң хызметкерлери ҳәм ра­йонлық, қалалық Халық билимлендириў бөлимлериниң баслықлары қатнасты. Онда Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов республикамызда билимлендириў системасында болып атырған өзгерислер басқа мәмлекетлердиң, халықаралық қәнигелердиң итибарын тартып атырғанын атап өтти. Тараўдағы усындай өзгерислердиң бири — Президентимиз Ш.Мир­зиёевтиң 2019-жыл 20-февральдағы «Президент мектеплерин шөлкемлестириў ҳақ­қында»ғы қарары тийкарында Нөкис қаласында да усындай мектептиң ашылыўы болды. Елимизде шөлкемлестирилип атырған Президент мектеплери жаңа әўлад кадрларын тәрбиялаўда тийкар болып хызмет етери сөзсиз. Себеби, бул оқыў орынлары қәбилетли балаларды анықлаў, заманагөй технологияларды пайдаланған ҳалда оларға сабақ бериў ҳәм тәрбиялаў бойынша жаңа система болады. Онда билим бериў процеси раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылған оқыў режелери ҳәм бағдарламалары тийкарында, инглис тилинде алып барылады.

Сондай-ақ, Ш.Шерматов өткен оқыў жылының жуўмақлары бо­йынша билимлендириў сапасының мониторинги, пән олимпиадасы ҳәм билимлер беллесиўинде оқыўшылардың өзлестириўинде анықланған бослықларды толтырыў бойынша анық, нәтийжели усыллар ҳаққында да айтып өтти. Атап айтқанда, оқытыўшының сабаққа пуқта таярлық көриўине ерисиў, билимлендириў процесинде мәлимлеме-коммуникация технологияларынан нәтийжели пайдаланыў, пән методикалық бирлеспелери ҳәм методикалық кеңеслериниң жумысын күшейтиў, жас педагогларға методикалық жәрдем бериўди жолға қойыў, методикалық хызмет көрсетиў сапасын арттырыў бойынша билдирилген пикир-усыныслар қабыл етилди.

2018-2019-оқыў жылы жуўмағында Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта билим бериў мектеплери питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў нәтийжелери сын көзқараста додаланды.

Мәжилисте билимлендириўдиң сапасын арттырыў, мектеплердиң қыс мәўсиминде турақлы ислеўин тәмийинлеў ҳәм 2019-2020-оқыў жылында 11-класс питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлерин және де көтериўге байланыслы анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF