Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:35:57, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕНДИ ШЫҒЫНДЫЛАР КӨШЕДЕ ЖАТПАЙДЫ

Бизден қашан азат ҳәм абат журт қалады!  Қай жерде тазалық ҳәм азадалық бар , қаламыз көркине  көрк қосқандай гөззал болып  көринеди. 

Қай тәрептен алып қарасақта,  елимиздеги әне, усындай  жумысларға  районымыз   аймағын таза сақлаўға бул арқалы экологиялық орталықты  қорғаўға, сондай-ақ, саламатлығымызды беккемлеўге ерисиў ушын «Тоза худуд» мәмлекетлик унитар кәрханасының  Беруний районы филиалы мийнет жәмәәти  үлес қоспақта. Жақында Беруний районы орайындағы  «Дослық» МПЖ  аймағында бирлеспениң  жаңа имараты пайдаланыўға тапсы­рыл­ғанлығы ҳәм жергиликли ҳәкимият  уйымлары тәрепинен  бул бирлеспениң жумыс  нәтийжелилигиниң және де жақсыланыўына  итибар қаратылыўының  айқын көриниси болды.

«Тоза худуд» бүгинги күнде Беруний районындағы  4  АПЖ, 17 МПЖ дағы 12988 шаңараққа хызмет көрсетпекте. Район ора­йында 11  үй алды шығынды таслаў  шақапшалары, 22 киши  шығынды таслаў орынлары, 37 контейнер  бар болып кәрхана арнаўлы  техникалар менен тәмийинленген. Полигонға  халықтан ҳәр күни орташа есапта  48 тонна шығынды шығарып тасланбақта.

 

Л.БАЗАРБАЕВА,

Беруний  районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF