Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:43:32, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПСИХОЛОГЛАРДЫҢ АЙРЫҚША ХЫЗМЕТИ

Соңғы жыллары журтымыздағы барлық билим бериў мектеплеринде балаға билим бериўден тысқары және бир ўазыйпаға итибар қаратыў зәрүрлигинен келип шығып психолог штатлары ашылды.

Әлбетте, психологтиң мақсети — адамның ишки жан дүньясын тәрбиялаўдан ибарат болып, олар балалардың ишки дүньясына тереңирек кириўди өзиниң ўазыйпасы деп биледи.

Баланы мийнетке, билимге қызықтырыў, оның өмирге болған пикирин өзгертип, жәмийетке кереклигин сезиндирип жасайды. Бундай жолды таңлай алмаған ата-ана перзентиниң жүдә ерке болып өсиўине жол қояды. Бул өз гезегинде баланың натық ҳәм өжет, «аўырдың үсти, жеңилдиң асты» менен жүриўине, сондай-ақ, азы-кем қыйыншылыққа ушырағанда сайыз пикирлеўине алып келеди. Базы да сәл нәрсеге көтерилип, желөкпелик етип, өз жанына қаст ететуғын жағдайларда ушырасады. Сонлықтан да бала тәрбиясында көбирек психолог пенен ойласып ис тутқан мақсетке муўапық болады.

Соңғы жыллардағы психология илиминиң изертлениўинде мәлим болыўынша инсанларда агрессив минез-қулықтың келип шығыўына ҳәм қәлиплесиўине шаңарақ ҳәм шаңарақтағы өз-ара мүнәсибет, дослары, ғалаба хабар қуралларының тәсири күшли екенлиги анықланған. Шаңарақтағы аўызбиршилик, дурыс шөлкемлестирилген өз-ара қарым-қатнас, тәрбия ҳәм бас­қарыў усыллары агрессив ҳәрекетлердиң алдын алыўшы, сапластырыўшы шәртлер болып есапланады. Солай екен, сабақ барысында усы факторларды беккемлеў ушын шынығыўлар исленеди. Әлбетте, оқыў орынларындағы психолог муғаллимлер оқыўшы менен тығыз байланыста болып, оларды өмирге ҳәм кәсипке бағдарлаўда дурыс жол-жоба көрсетиўи ҳәм ҳәр қандай қы­йыншылықта өзине жәбир жеткизбей, шаңарақтағы орнын жақсы сезиниўи, айрықша минез-қулыққа ерисиўде болса шынығыўлар арқалы беккемлеп барады деп ойлайман. 

Пайтахтымыздағы 42-санлы улыўма орта билим бериў мектеби психологлары оқыўшы жаслары арасында «Мениң бир күним», «Мен өмирден заўықланаман» ҳәм басқа да атамадағы семинар-тренинглер шөлкем­лестирди. Бундай кешелерди шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсет — оқыўшылар арасында бир-биреўге болған аўызбиршилик, өмирге болған көзқарасын тереңлестириў, налыныў, руўхый шаршаўлардың алдын алыў, шаққанлығын раўажландырыўдан ибарат еди. Тренинг даўамында психотерапиялық ойын шөлкемлестирип, оның шеңберинде оқыўшылар менен биргеликте көплеген илажлар әмелге асырылды. 

 

 А.АТАНИЯЗОВА,

Нөкис қалалық ХББне қараслы 42-санлы мектеп психологи.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF