Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:28:24, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЎАТАНҒА  САДЫҚЛЫҚ  ТЫМСАЛЫ

Жақында пайтахтымыздағы орайлық майданда «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгениниң 27 жыллығына бағышланған илаж шөлкемлестирилип, оған елимизге белгили жазыўшы-шайырлар, илимпазлар, көркем өнер ғайраткерлери, кең жәмийетшилик  ўәкиллери қатнасты.

Жаслар марафоны менен басланған бул илажда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан  Республикаларының мәмлекетлик гимнлери Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының хор жәмәәти тәрепинен жанлы ҳаўазда жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы  Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов жый­налғанларды «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгениниң 27 жыллығы менен Қарақалпақстан Республикасы Жо­қарғы Кеңеси ҳәм Минис­трлер  Кеңеси атынан қутлықлады.

Буннан соң  Руўхый  ҳәм ағартыўшылық  орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов,  Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары, «Шуҳрат» медалының ийеси Б.Аралбаевалар сөзге  шығып, нызамда  белгиленгениндей, гимнимиз мәмлекетимиз суверенитетиниң  нышаны есапланып, оған елимизде жасап атыр­ған ҳәр бир пуқара  айрықша ҳүрмет пенен қараў кереклиги ҳаққында айтып өтти.   Гимнди Өзбекстан Қаҳарманы, шайыр А.Арипов ал, намасы М.Бурханов тәрепинен  жазылған, оның мазмуны ана-Ўатанға муҳаббат, бай тарийхымызға, миллий өзлигимизге  терең ҳүрметти қәлиплестиреди.

Гимнимиз  халқымыздың, жасларымыздың  жүрек төринен орын  ийелеп, оны спортшыларымыз жеңимпаз болып, дүньяның  барлық еллеринде жаңлатады.

Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм жас талант ийе­лериниң   концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF