Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:03:21, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЎАЛЛАНДЫРЫЎ ОРАЙЫНЫҢ ИМАРАТЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 27 жыллығы байрамы алдынан Аралбойы халқының жүрек қан-тамыр кеселликлерин саўалландырыў орайының  имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Конституция байрамы ҳәм жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Орайда «Инвестстрой Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәми­йетиниң қурылысшылары тәрепинен 9,5 миллиард  сумлық  жумыс көлеми орынланды. Санитария-профилактика типинде қурылған имарат реконструкциядан кейин стационар типтеги емлеўханаға айландырылды. Бул жерде кардиохирургия операция блогы, рентген-эндоваскуляр хирургиялық операция, сондай-ақ, кардиореанимация бөлимлери жаңадан шөлкемлестириледи. Ангиограф аппараты ушын жергиликли бюджеттен 730 мың АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылып, тендер саўдасы өткерилди.

— Келеси жылы және 2,8 миллион АҚШ долларына жаңадан заманагөй медициналық әсбап-үскенелер алыў режелестирилген,-дейди Аралбойы халқының жүрек қан-тамыр кеселликлерин саўалландырыў орайының бас шыпакери Д.Авезов. — Сондай-ақ, үш миллиард сумлық қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылады.   

Илаж қатнасыўшылары емлеў орнында жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF