Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:43:39, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАЙДАЛАНЫЛМАЙ АТЫРҒАН ОБЪЕКТ ИСКЕ ТҮСИРИЛГЕН СОҢ...

Журтымызда исбилерменлик субъектлери ҳәм хожалық жүргизиўши субъект­лерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде табанлы түрде бағдарламалар ислеп шығылып әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, пайдаланылмай атырған объектлер бойынша Минис­трлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-августтағы 666-санлы қарарына муўапық тәсиршең салық механизми қолланылады.

Хош, усы жерде асырыл­ған ставкаларда салықты есаплаў тәжирийбеси бо­йынша қандай өзгерислер киргизилди деген саўал туўылады.

Бос турған объектлерге ведомстволар аралық комиссия жуўмағы тийкарында мал-мүлк ҳәм жер салықлары орнатылған ставкаға қарата 3 айға дейин 2 есе, 3 айдан өткеннен соң 5 есе, 6 ай өткеннен соң 10 есе, 12 айдан баслап келеси ҳәр 12 айда ақырғы асырып қолланылған муғдарының 2 есеси муғдарында қолланылады.

Жаңа тәртипке муўапық, салық салыў режиминиң өзгериўин талап ететуғын норма бийкар етилди. Яғный, әмелдеги норма бо­йынша бос турған объект ийеси юридикалық шахс ­ бирден бир салық төлеўшиси болса, әпиўайластырыл­ған тәртипте салық төлеў режимин сақлап қалады.

Сондай-ақ, енгизилген нормада тек ғана мал-мүлк ҳәм жер салықлары бойынша қолланылған салық жеңилликлери ҳәм преференцияларының әмел етилиўи тоқтатылады.

Бунда, район (қала) дағы жумысшы топар ҳәм сектор басшылары тәрепинен хатлаў өткериў, хатлаў нәтийжелерин жумысшы органға усыныс етиў, исши орган тәрепинен тастыйықлаў ушын ведомстволар аралық комиссияға киргизиў ҳәм жуўмағын алыў менен байланыслы процесслердиң барлығы сапластырылды.   

Булардың орнына бос турған объектлер мәмлекет салық хызмети органлары тәрепинен ғәрезсиз түрде анықланатуғын система енгизилди. Енди болса, жаңа норма бойынша мал-мүлктиң шәртли қуны ҳәр бир квадрат метр ушын базалық есаплаў муғдарының Нөкис қаласында 4 есеси, басқа қалалар ҳәм аўыллық жерлерде 2 есеси муғдарында белгиленеди. Бунда объекттиң пайдаланылмай атырған майданы 500 квадрат метрден артық болғанда, есапланған салық суммасына 1,5 есе муғдардағы көбейтилетуғын коэффи­циент қолланылыўы белгилеп қойылды.

Пайдаланылмай атырған объектлерди хожалық жумысына тартылыўын жеделлестириў мақсетинде асырыл­ған ставкаларда салық есаплаўда пайдаланылмай атырған объект мүлк ийеси тәрепинен қарсылық билдирилген, сондай-ақ, объектке кириў имканы болмаған жағдайларда тәсиршең салық механизми биринши жумысшы топарының жуўмағы тийкарында қолланылады.

Жаңа тәртип пенен, сондай-ақ, бос турған объект мүлк ийелери тәрепинен объектлер иске түсирилгеннен соң оларды қоллап-қуўатлаў системасы да жаратылды. Яғный, ярым пайдаланылмай атырған объект иске түсирилгеннен кейин тәсиршең салық механизми қоллаў нәтийжесинде ақырғы 12 ай ушын төленген салық суммалар объект мүлк ийесине қайтарылыўы белгилеп қойылды.

Әлбетте, бул сыяқлы реформалардан гөзленген тийкарғы мақсет тек ғана салық салыў базасын арттырыў емес, ал, бос турған бина ҳәм имаратлардан исбилерменлик субъектлериниң жумысларын жолға қойыў ушын пайдаланыў ҳәм усы арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиўден ибарат.

  Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасы Мәлимлеме хызмети.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF