Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:46:43, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨНЕРМЕНТШИЛИКТИ БУННАН БЫЛАЙ ДА РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ҲӘМ ӨНЕРМЕНТЛЕРДИ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Елимизде миллий өнерментшилик, халық әмелий ҳәм көркем өнерин раўажландырыў, бул арқалы халқымыздың бай мәдений мийрасы ҳәм тарийхый дәстүрлерин толық сақлап қалыў, бәнт болмаған халықты, әсиресе, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды өнерментшиликке кеңнен тартыў арқалы олардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы, Мәденият министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң республика аймақларын өнерментшилик жумысларының тийкар­ғы бағдарлары бойынша қәнигелестириў ҳәм оларға өнерментшилик өнимлерин сырт ел базарларында көпшиликтиң нәзерине усыныў ҳәм сатыў ушын жәрдемлесиў мақсетинде Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханаларын бириктириў ҳаққындағы усыныслары 1-қосымшаға муўапық мақуллансын.

Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханалары «Өнермент» ассоциациясы, Саўда-санаат палатасы және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң мүрәжатларына тийкарланып өзине бириктирилген аймақлардан басқа аймақларда жумыс алып барыўшы өнерментлердиң өнимлерин сырт елде көпшиликтиң нәзерине усыныў ҳәм сатыўда да ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсететуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги (Неъматов) Инвести­циялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Қудратов), Саўда-санаат палатасы (Икрамов), «Өнермент» ассоциациясы (Абдул­лаев) менен биргеликте республиканың сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханалары арқалы усы ўәкилханалар жайласқан ҳәм басқа да үлкен қалаларда өнерментлерге өз өнимлерин көпшиликтиң нәзерине усыныў және сатыў ушын миллий өнерментшилик пенен халық әмелий өнери өнимлерин кеңнен үгит-нәсиятлаўға, жаңа базарларды өзлестириўге көмеклесетуғын «саўда үйлери» ҳәм миллий өнерментшилик өнимлери дүканларын шөлкемлестириў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Көркем өнер академиясы, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Саўда-санаат палатасы ҳәм «Өнермент» ассоциациясының:

«Халық әмелий өнери усталарының миллий каталогы»н (кейинги орынларда — Миллий каталог) енгизиў;

«Туризм тараўында жумыс алып барып атырған өнерментлер реестри»н (кейинги орынларда — Реестр) жүргизиў;

Халық әмелий өнери усталарының миллий каталогына киргизилетуғын талабанларды сайлап алыў бойынша кеңести (кейинги орынларда — Кеңес) дүзиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. а) Миллий каталогқа төмендеги өнерментлер Кеңестиң қарары тийкарында киргизилетуғыны белгилеп қойылсын:

абырайлы халықаралық көргизбе, таңлаў сыяқлы илажларда жеңимпаз ямаса лауреат сыпатында тән алынғанлар;

тийисли тараўда көркем өнер ҳәм илим ғайраткери және академиклердиң усынысына ийе;

«Өзбекстан Республикасы халық устасы» ҳүрметли атағына ийе;

б) Реестрге Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен «Өнермент» ассоциациясының төмендеги ағзалары киргизиледи:

туристлик маршруттағы мәнзил бойынша өз устаханасында ямаса ижара тийкарында жумыс алып барыўшылар;

өзи ислеп шығарған өнимлерди галерея­лар, өнерментшилик өнимлери дүканлары, жергиликли ҳәм сырт ел саўда үйлерине шәртнама тийкарында көрсетиў ҳәм сатыў ушын қойып атырғанлар;

Миллий каталогқа киргизилгенлер;

«Өнермент» ассоциациясының Көркемлик кеңеси тәрепинен усыныс етилгенлер.

  1. Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы, Мәденият министрлиги, Көркем өнер академиясы ҳәм «Өнермент» ассоциациясы:

еки ҳәпте мүддетте «Өнермент» ассоциациясы баслығының басшылығында Өзбекстан Республикасы Мәденият минис­трлиги, Көркем өнер академиясы басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлеринен ибарат болған Кеңес қурамын тастыйықласын;

бир ай мүддетте өнерментлерди Халық әмелий өнери усталарының миллий каталогына киргизиў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шығып, тастыйықласын.

«Өнермент» ассоциациясы 2020-жыл 1-январьдан баслап Миллий каталогты ашық ҳәм улыўмалық түрде пайдаланылатуғын веб-сайт көринисинде иске түсириў илажларын көрсин және турақлы түрде жаңалап барсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте:

бир ай мүддетте туризм тараўында жумыс алып барып атырған өнерментлер реестрин дүзиў ҳәм жүргизиў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шығып, тасты­йықласын;

2020-жыл 1-январьға шекем Реестрдиң қәлиплестирилиўин тәмийинлесин;

2020-жыл 1-марттан баслап Реестрди онлайн тәризде реал ўақыт режиминде жаңаланатуғын ашық ҳәм улыўмалық түрде пайдаланылатуғын веб-сайт көринисинде иске түсириў илажларын көрсин ҳәм турақлы түрде жаңалап барсын.

  1. 2020-жыл 1-январьдан баслап:

2023-жыл 1-январьға шекем Миллий каталог ҳәм Реестрге киргизилген өнерментлер ушын календарьлық жыл даўамында өнерментшилик өнимлерин (жумыслар, хызметлер) сатыўдан түскен түсими 100 млн сумнан өткен, бирақ 1 млрд сумнан көп болмаған муғдары ушын жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен бирден-бир салық төлеми ставкасы 2 процент муғдарында төленеди;

өнерментшилик жумысының тийкарғы бағдарлары бойынша жаңадан мәмлекетлик дизимге алыўда төленетуғын мәмлекетлик бажы жеке тәртиптеги исбилерменлик жумысларын әмелге асырыў ушын әмелде белгиленген мәмлекетлик бажы муғдарының 50 проценти муғдарында орнатылсын;

Миллий каталогқа киргизилген өнерментлерге шәкиртлердиң саны бойынша шеклеўлер бийкар етилсин;

Көргизбе заллары, галереялар, павильонлар, базар ҳәм ярмарка орынларында көпшиликтиң нәзерине усыныў ҳәм сатыў ушын орынлар, жумысларын кеңейтиў ушын қәнигелестирилген өнерментшилик комплекслеринде жер участкалары ажыратылыўында Миллий каталогқа киргизилген өнерментлер ушын үстинлик қолланылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-ноябрьдеги «Өнер­мент­шиликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм өнерментлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5242-санлы Пәрманы менен аўыллық жерлерде дизимге алынған ҳәм жумысларын алып барып атырған өнерментлер өз жумысларының дәслепки еки жылы даўамында Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорына белгиленген бирден-бир социаллық төлемниң 50 процентин төлеў тәртиби орнатылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Усы тәртип 2020-жыл 1-январьдан баслап қалаларда дизимге алынған ҳәм халық әмелий өнери өнимлерин ислеп шығарыў жумыслары менен шуғылланатуғын «Өнермент» ассоциациясы ағзаларына енгизилсин.

Бунда, халық көркем өнерментшилиги ҳәм әмелий өнери менен байланыслы билимлер және көнликпелер, дәстүрий әсбап-үскенелерден пайдаланған ҳалда, тийкарынан қол мийнети усылында жаратыл­ған ҳәм қағыйда тәризинде миллий нағыслар менен безетилген буйым ҳәм дөретпелер халық әмелий өнери өнимлери болып есапланатуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 24-октябрьдеги «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарларды кредитлеў тәртибин жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4498-санлы қарарына муўапық 2020-жыл даўамында өнерментшиликти раўажландырыў бағдарламасы ушын 589,3 млрд сум муғдарында (соның ишинде, 470 млрд сум (50 млн АҚШ доллары) Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры есабынан) кредитлер ажыратылыўы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры қаржыларды жоқарыдағы қарардың 2-бәнти төртинши абзацында белгиленген шәртлерде ажыратсын.

АК Халық банки, «Микрокредитбанк» АКБ ҳәм «Агробанк» АКБ усы дәреклер есабынан «Өнермент» ассоциациясы ағзаларына өндирис зәрүрликлери ушын әсбап-үскене, аўысық бөлеклер ҳәм шийки зат материалларын сатып алыў, өнерментшиликти раўажландырыў орайлары, «уста-шәкирт» мектеплерин шөлкемлестириў, үй-музей ҳәм устаханалар қурыў ямаса усы мақсетлерде имарат ҳәм объектлерди сатып алыў, айланба қаржыларын толықтырыў ушын Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан өтпеген ҳалда 18 ай мүддетке, базалық есаплаў муғдарының 250 есесинен артпаған муғдарда кредитлер ажыратсын.

Бунда «Өнермент» ассоциациясы ағзаларына исбилерменлик жойбарларына коммерциялық банклер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан артпаған ҳалда ажыратылатуғын кредитлер процент ставкаларының төрттен бир бөлими Исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан төлеп берилсин.

  1. «Өнермент» ассоциациясы Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары минис­трлиги менен биргеликте 2020-2021-оқыў жылынан баслап өнерментшиликке қәнигелескен аймақларда өнерментшилик ҳәм халық әмелий өнери бағдарлары бойынша балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, «Бәркамал әўлад» балалар орайлары және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги системасындағы кәсип-өнерге оқытыў орайларында оқыў курсларын шөлкемлестирсин.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги «Өнермент» ассоциациясы және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары минис­трлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-майға шекем өнерментшилик бағдарында кәсип-өнер билимлендириў мәкемелеринде кадрлар таярлаўдың үлги оқыў жобалары ҳәм бағдарламаларын тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы еки ай мүддетте өнерментлерди өним ислеп шығарыў ушын шийки зат (соның ишинде, мыс, қара металл, жипек ҳәм ағаш) пенен тәмийинлеўдиң қолайлы сис­темасын енгизиў және қайта тикленетуғын шийки зат (тутзарлар, қатты түрдеги тереклер) базасын жаратыў бойынша Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте Миллий каталогқа киргизилген өнерментлерге маркетинг тараўында турақлы әмелий жәрдем көрсетсин ҳәм олардың өнимлери электрон коммерция (3-commerce) бағдарында кеңнен қолланылатуғын Интернет дүнья жүзилик мәлимлеме тармағы веб-сайтлары арқалы сатылыўында зәрүр шөлкемлестириўшилик жумысларын жолға қойыў илажларын көрсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

еки ай мүддетте ири саўда комплекслери ҳәм дийқан базарлары аймақларында өз алдына «Өнерментлер саўда орынлары»н шөлкемлестирсин;

«Өнермент» бирлеспесине ағза болған өнерментлерди турақлы түрде «өнерментлер саўда орынлары»на орналастырып барсын;

2020-жылдың ақырына шекем интакерлерди тарта отырып Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының 2-қосымшаға муўапық район ҳәм қалаларында миллий өнерментшиликтиң барлық бағдарларын өзинде жәмлейтуғын заманагөй «өнерментлер базары»н шөлкемлестирсин;

 өнерментлерди социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Сузук ата» комплекси мысалында қәнигелестирилген өнерментшилик комплекслерин шөлкемлестириў илажларын көрсин;

2020-жылдың ақырына шекем Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Республикасы Мәденият минис­трлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайларында және Ташкент қаласында халық әмелий өнери ҳәм өнерментшилик өнимлери көргизбе заллары ҳәм галереяларын шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы «Өнермент» ассоциациясы, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги және Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте «World craft councel» халықаралық өнерментшилик кеңеси тәрепинен шөлкем­лестирилетуғын илажларда «Өнермент» ассоциациясының турақлы қатнасыўын тәмийинлеў және усы халықаралық шөлкем менен өнерментшиликти раўажландырыў бағдарындағы илажлар ушын халықаралық шөлкемлердиң техникалық жәрдемин тартыўға қаратылған анық илажларды ислеп шықсын.

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм «Өнермент» бирлеспеси өнерментшиликти қоллап-қуўатлаў бағдарындағы халықаралық тәжирийбени турақлы үйренип барыў ҳәм улыўмаластырыў, усы тийкарда алдынғы сырт ел тәжирийбелерин Өзбекстан Республикасында енгизиўге бағдарланған жумысларды системалы түрде жолға қойыў илажларын көрсин.

  1. «Uzbekistan airways» АЖ ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» АЖға өнерментшилик тараўындағы абырайлы халықаралық фестиваль ҳәм көргизбелерде қатнасатуғын Миллий каталогқа киргизилген өнерментлер ушын жол билетлерине жеңилликлер қолланыў усыныс етилсин.

Бунда сырт еллерде дәстүрий тәризде өткерилетуғын өнерментшилик тараўындағы абырайлы халықаралық фестиваль ҳәм көргизбелердиң дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады.

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги сырт еллердеги диплома­тиялық ўәкилханалары арқалы сырт еллерде дәстүрий тәризде өткерилетуғын өнерментшилик тараўындағы абырайлы халық­аралық фестиваль ҳәм көргизбелерде өнерментлер қатнасыўы ушын зәрүр болған шөлкемлестириўшилик жәрдем көрсетилиўин тәмийинлесин.

  1. Өнерментшилик тараўын буннан былай да раўажландырыў бо­йынша «Жол картасы» (кейинги орынларда — «Жол картасы») 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

«Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўы бойынша жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың басшыларына жеке жуўапкершилик жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың орынланыўы бойынша мағлыўматларды ҳәр айда Министрлер Кабинетине киргизип барсын.

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги республикада өнерментшилик тараўының раўажланыўын баҳалаў ушын тийисли индикаторларды Мәмлекетлик статистика комитети, Саўда-санаат палатасы ҳәм «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте еки ай мүддетте ислеп шықсын ҳәм олардың 2020-жылдан баслап ҳәр шеректе ғалаба хабар қуралларында жәрияланып барылыўын тәмийинлесин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери бир ай мүддетте:

усы қарарда белгиленген илажлар және район ҳәм қалалардың өнерментшилик бағдарлары бойынша қәнигелесиўинен келип шыға отырып Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында 2020-2021-жылларда өнерментшиликти раўажландырыў стратегияларын ислеп шықсын;

ислеп шығылған стратегиялар бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде таныстырыў өткерсин ҳәм ти­йисли тәртипте тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Мәмлекетлик бажыхана комитети, Илимлер академиясы, Көркем өнер академиясы, Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте дәстүрий халық көркем өнерментшилиги буйымлары түрлерин қайта көрип шыққан ҳалда мәдений байлықларға байланыслы дәреклер категориясы қурамына өзгерислер киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  2. Өзбекстан Миллий телерадио­компаниясы:

«Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында өнерментшилик ҳәм халық әмелий өнери тарийхы және бүгинги раўажланыўын кең түрде үгит-нәсиятлап барыў мақсетинде «Маънавият ва маърифат» телеканалында турақлы берип барылатуғын өнерментшиликке байланыслы телекөрсетиўлерди шөлкемлестирсин;

Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы ҳәм «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте усы қарардың мазмуны ҳәм әҳмийетин ғалаба хабар қуралларында кең түрде сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы басқа мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 28-ноябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF