Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:01:59, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПУҚАРАЛАРДЫҢ САЙЛАЎ ҲУҚЫҚЛАРЫ ЕГЕР  БУЗЫЛҒАН  ЖАҒДАЙДА ШАҒЫМ  ЕТИЎДИҢ  АЙЫРЫМ ӨЗИНЕ  ТӘН  ӨЗГЕШЕЛИГИ

Заманагөй мәмлекет басқарыўының ең әҳмийетли ҳәм ажыралмас тәреплериниң бири ­ бул сайлаўлар болып табылады. Сайлаўлар арқалы халық өзиниң мәмлекет ҳәкимиятының бирден-бир негизи сыпатындағы ўәкиллигин әмелге асырады.

Сайлаў арқалы Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ҳәкимият органлары халық мәплерин гөзлеп ҳәм нызамлар тийкарында кейинги сайлаўларға дейин халыққа хызмет етиўге ўәкиллик алады. Демек, ҳәкимият халыққа тийисли екен, халық сайлаўлар жолы менен өзине қараслы бол­ған ҳәкимиятты сайланған мәлим бир шахсларға исенип тапсырады.

Өзбекстан Республикасында сайлаў улыўма, тең, туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы арқалы өткериледи. Сайлаў ашық ҳәм жәриялылық пенен өткериледи.

Сайлаў нызамшылығында көплеп қағыйдалар болып, солардан бири пуқаралардың сайлаў ҳуқықлары бузылғаны бо­йынша шағым етиў ҳуқықы.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў Кодексине муўапық, пуқаралар Орайлық сайлаў комиссиясы, ўәлаят, район, қала сайлаў комиссиялары, сондай-ақ, округ ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары қарарлары ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым етиўи мүмкин.

Депутатлыққа талабанлар көрсеткен сиясий партия органлары, депутатлыққа талабанлар, исенимли ўәкиллер, бақлаўшылар ҳәм сайлаўшылар сайлаў комиссияларының қарарлары үстинен усы қарар қабылланғаннан кейин 10 күн ишинде жоқары турыўшы сайлаў комиссиясына яки судқа шағым етилиўи мүмкин. Орайлық сайлаў комиссиясы қарарлары үстинен қарар қабылланғаннан кейин l0 күн ишинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына шағым етилиўи мүмкин.

Шағым арза келип түскеннен кейин үш күн ишинде сайлаўға кеминде алты күн қалғанда болса, дәрҳал көрип шығылыўы керек. Шағым еткен шахслар шағым арзаны көрип шығыўда тиккелей қатнасыў ҳуқықына ийе (Сайлаў Кодексиниң 102-статьясы).

Сайлаў комиссиялары тәрепинен пуқаралардың шағымларын көрип шығыў тәртиби.

Сайлаў комиссиялары сайлаў кампаниясын өткериў дәўиринде пуқаралардың сайлаў нызамшылығы талаплары бузылғанлығы яки сайлаўды шөлкемлестириўдиң басқа мәселелери жөнинде өзине келип түскен шағымларды өз ўәкиллиги шеңберинде көрип шығыўы, усы мүрәжатлар бойынша тексериўлер өткериўи ҳәм үш күнлик мүддетте оларға жазба жуўап бериўи, сайлаўға кеминде алты күн қалғанда яки даўыс бериў күни келип түскен мүрәжатларды болса, дәрҳал көрип шығып, жуўап қайтарыўы шәрт.

Шағымлар регистрация дәптеринде дизимге алыныўы лазым.

Сайлаў комиссиясы баслығы шағымды көрип шығыў ҳәм оған тийисли  қарар қабыл етиў ушын тийисли комиссияны Сайлаў Кодексинде белгиленген мүддетлерде шақырады ҳәм оның мәжилисин өткереди. Мәжилиске мәпдар шахслар шақырылыўы мүмкин. Қойылған мәселелерди шешиў өз ўәкиллигине кирмейтуғын участка сайлаў комиссиясына келип түскен шағымды үш күнлик мүддетте тийисли органларға шағым еткен шахсқа бул ҳаққында хабардар етиў ушын жибериледи. Шағымды көрип шыққан сайлаў комиссиясы ағзалары оны көрип шығыў нәтийжелери ҳәм қабыл етилген қарар ҳаққында шағым еткен шахсты хабардар етиўи шәрт (Сайлаў Кодексиниң 101-статьясы).

Сайлаў нызамшылығы бузыл­ған жағдайда тиккелей тийисли Ҳәкимшилик судқа да мүрәжат етиўи мүмкин. Бунда сайлаў комиссиясы ис-ҳәрекетлери (қарарлары) үстинен берилген шағым, суд тәрепинен шағым берилген күннен баслап үш күннен кешиктирмей көрип шығылыўы, егер сайлаўға алты күннен кем ўақыт қалған болса, дәрҳал көрип шығылыўы лазым.

Шағым, суд тәрепинен арза ийесин ҳәм сайлаў комиссиясы ўәкилин, сондай-ақ, прокурорды, егер шағым арза ийесине емес, ал, басқа пуқараға тийисли болса, сол шахсты да шақырған ҳалда көрип шығылады. Бул шахс­лардың келмеўи исти көрип шығыўға тосқынлық етпейди.

Судтың шешиўши қарары шығарылыўы менен дәрҳал сайлаў комиссиясына ҳәм арза ийесине тапсырылады (Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы Кодекстиң 142-статьясы).

Сайлаў комиссияларының ис-ҳәрекетлери (қарарлары) бо­йынша келиспеўшилик ҳаққында ислерге тийисли шешиўши қарарлары дәрҳал орынланыўы лазым (Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы Кодекс­тиң 167-статьясы).

Атап өтиў керек, пуқаралар тәрепинен Ҳәкимшилик судқа шағым етиўде төмендегилерге итибар қаратылыўы лазым.

Сайлаў комиссияларының қарарларын ҳақыйқый емес, олар лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға қылап деп табыў ҳаққындағы арза (шағым) бериў мүмкин.

Арзада (шағымда) төмендегилер де көрсетилиўи керек:

үстинен шағым жазылып атырған қарарды қабыл еткен яки шағым жазылып атырған ҳәрекетти (ҳәрекетсизликти) пайда еткен сайлаў комиссиясының аты, лаўазымлы шахстың фамилиясы, исми-шәрипиниң бас ҳәриплери;

үстинен шағым жазылып атыр­ған қарардың аты, саны, ол қабыл етилген сәне үстинен шағым жазып атырған ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик) иске асырылған сәне ҳәм орын;

арза ийесиниң пикирине көре, үстинен шағым жазылып атырған қарар, ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик) себепли оның бузылып атырған ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери ҳаққындағы мағлыўматлар;

арза ийесиниң пикирине көре, үстинен шағым етилип атырған қарардың, ҳәрекетлердиң (ҳәрекетсизликтиң) қайсы нызам ҳүжжетине қарсы екенлиги;

арза ийесиниң қарары ҳақыйқый емес, ҳәрекетлерди (ҳәрекетсизликти) нызамға қылап деп табыў ҳаққындағы талабы.

Арзаға (шағымға), сондай-ақ, үстинен шағым етилип атырған қарардың тексти қосымша етиледи.

Пуқаралардың өз сайлаў ҳуқықларын билиўи ҳәм сайлаў нызамшылығының бузылыўы бойынша тийкарлы, нызамлы ҳәм туўры рәсмийлестирилген шағым етиўи олардың сайлаў ҳуқықлары кепили ҳәм сайлаўлардың әдалатлы, нызамлы өтиўине хызмет етеди.

 

Б.БЕРДИБАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бо­йынша

судының судья үлкен жәрдемшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF