Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:05:31, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМ ЖОЙБАРЫ ДОДАЛАНДЫ

Президентимиздиң 2018-жыл 22-августтағы «Бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығын ҳәм бюджет процесинде пуқаралардың белсене қатнасын тәми­йинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығын буннан былай да арттырыў мақсетинде бюджет қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм сарпланыўы үстинен Парламент ҳәм де жәмийетлик қадағалаўды орнатыўдың жаңа тәртиби белгиленген.

Усы системаға муўапық, 2020-жылдан мәмлекетлик бюджет нызам түринде қабыл етиледи ҳәм халық ўәкиллери тәрепинен қадағалаўға алынады. Бюджет ҳаққындағы нызам жойбарында ҳәм Бюджет жоллаўында халық ҳәм сыртқы шериклеримизге мәмлекет бюджетиниң жағдайы ашық, халықаралық стандартларға муўапық түрде көрсетиледи. Усы нызам жойбарын додалаўға бағышланып Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлигиниң мәжилислер залында министрликлер, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң жуўапкерли қәнигелери қатнасында мәжилис болып өтти. Оны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов басқарып барды. Буннан соң Олий Мажлис Сенаты ағзасы Г.Аннақлычева, Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлигиниң жәмленген бюджет бөлиминиң баслығы С.Есжанов ҳәм басқалар сөзге шығып, нызам жойбарының мазмун ҳәм әҳмийети туўралы қатнасыўшыларға кең түрде мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей, Парламент тарийхында бул жылы биринши мәрте Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы мәселе нызам түринде қабыл етилмекте. Яғный, мәмлекетлик бас қаржы ҳүжжетин усыныў әмелиятында биринши мәрте «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызам жойбары ҳәм 2020-2022-жылларда мәмлекетти социал-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларының прогнозы берилмекте. Республикалық бюджет бағдарындағы нормативлик ҳүжжетлер Олий Мажлис тәрепинен, жергиликли бюджетлер болса, орынлардағы жергиликли кеңеслер тәрепинен қабыл етиледи. Сондай-ақ, қәрежетлер тараўлар бойынша емес министрликлер ҳәм уйымлар кесиминде тасты­йықланады. Уйымлардың бий­ғәрезлигин арттырыў менен бирге олардың қәрежетлер нәтийжеси ушын жуўапкершилиги де күшейтилгенлиги атап өтилди.

Енгизилип атырған жаңа сис­теманың және бир өзине тән өзгешелиги ­ орайласқан бюджет сиясатынан басқышпа-басқыш ўаз кешиледи. Жыйналыс соңында қатнасыўшылар өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, бирқатар сораўларына жуўаплар алды.      

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF